‏ Nehemiah 13

Нехемияның соңғы киргизген жаңалығы

1Сол күни Муўсаның китабы халыққа оқып берилди. Китапта былай деп жазылған еди: «Аммонлар менен моаблылар ҳеш қашан Қудайдың жәмийетине кире алмайды. 2Себеби олар Израил халқы Мысырдан шыққанда, оларды суў ҳәм нан менен қарсы алыўдың орнына, израиллыларды ғарғаў ушын Биламды жаллап алды. Бирақ Қудайымыз ғарғысты жарылқаўға айландырды». 3Бул Нызамды еситкеннен соң, Израил халқы барлық өзге миллет адамларын өзлеринен бөлекледи.

4Буннан алдын Қудайымыздың Үйиндеги затлар сақланатуғын бөлмеге руўханий Эляшиб қадағалаўшы етип тайынланған еди. Ол Тобия менен жақын байланыста болып, 5Тобияға үлкен бир бөлме ажыратып берген еди. Бурын бул бөлмеге ғәлле садақалары, хош ийисли түтетки, Ибадатхана буйымлары, сондай-ақ нызам бойынша лебийлилерге, қосықшыларға ҳәм дәрўаза қараўылларына тийисли болған дән, шарап ҳәм зәйтүн майынан алынған оннан бирлер, руўханийлерге берилген садақалар қойылатуғын еди.

6Бирақ бул ислер болып атырған ўақытта мен Ерусалимде емес едим. Себеби Бабилония патшасы Артаксеркстиң патшалығының отыз екинши жылы мен патшаға кеткен едим. Бир неше ўақыт өткеннен кейин, мен патшадан рухсат алып, 7Ерусалимге қайттым. Сонда Эляшиб ислеген жаман ис, яғный Эляшибтиң Тобияға Қудайдың Үйиниң ҳәўлисинен бир бөлме ажыратып бергенин билдим. 8Буған қатты ғәзебим келип, Тобияға тийисли ҳәмме затларды бөлмеден шығарып, ылақтырдым. 9Кейин бөлмелерди пәклеўди буйырдым. Соңынан Қудайдың Үйине тийисли буйымларды, ғәлле садақаларын ҳәм хош ийисли түтеткини ол жерге қайтадан қойдырдым.

10Және де, лебийлилерге өз үлеслери берилмегенин, сол себепли Ибадатханада хызмет етип жүрген лебийлилер менен қосықшылар өз атызларына кетип қалғанын билдим. 11Сонда ел басшыларына кейип, оларға: «Қудайдың Үйи неге қараўсыз қалды?» – дедим. Соңынан кетип қалғанлардың ҳәммесин қайта жыйнап, өз орынларына хызметке қойдым. 12Сонда пүткил Яҳуда халқы дәннен, шараптан ҳәм зәйтүн майынан беретуғын оннан бир бөлегин затлар сақланатуғын бөлмелерге алып келе баслады. 13Мен руўханий Шелемияны, улама Садоқты ҳәм лебийлилерден Педаяны затлар сақланатуғын бөлмелерге жуўапкер етип, ал Маттанияның ақлығы, Заккурдың улы Хананды оларға жәрдемши етип қойдым. Булар садық адамлар еди. Олардың ўазыйпасы Лебий урыўынан болған туўысқанларына үлеслерин бөлип бериўден ибарат еди.

14Қудайым, мени ядқа ала гөр. Қудайымның Үйи ушын ҳәм ондағы хызметлер ушын ислеген жақсы ислеримди ҳеш қашан умытпағайсаң!

15Сол күнлери Яҳудада базы адамлардың Шаббат күни искенжеде жүзим сығып атырғанын көрдим. Базылардың қап-қап дәнди ешеклерине жүклеп, және де шарап, жүзим, әнжир ҳәм басқа да жүклерди артып, Шаббат күни Ерусалимге алып киятырғанын көрдим. Сол күни, мен оларды азық-аўқат сатып атырғаны ушын қатты ескерттим. 16Соның менен бирге Ерусалимде жасайтуғын тирлилер балық ҳәм ҳәр түрли затлар алып келип, Шаббат күни Ерусалимде жасайтуғын яҳудийлерге сатып жүрди. 17Мен Яҳуда ақсүйеклерине кейип, оларға былай дедим: «Неге бундай жаўыз ислерди ислеп, Шаббат күнин хорлап атырсызлар? 18Ата-бабаларыңыз да усылай ислегенликтен Қудайымыз басымызға ҳәм бул қалаға апатшылық жаўдырмады ма? Сизлер Шаббат күнин хорлаў арқалы Қудайдың Израилға деген ғәзебин лаўлатып атырсызлар».

19Буннан кейин, мен: «Шаббат күнинен алдынғы күн геўгим түсе баслағаннан Ерусалим дәрўазалары жабылып, олар Шаббат күни өткенше ашылмасын», – деп буйырдым. Шаббат күни қалаға ҳеш бир жүктиң киргизилмеўи ушын, хызметшилеримнен базыларын дәрўазаларға қойдым. 20Сонда саўдагерлер ҳәм ҳәр қыйлы нәрселерди сатыўшылар бир-еки рет Ерусалим сыртында түнеди. 21Бирақ мен оларға қатты кейип: «Сизлер неге дийўал жанында түнеп атырсызлар? Егер және усылай ислейтуғын болсаңыз, сизлерге қарсы шара қолланаман», – дедим. Сол күннен баслап, олар Шаббат күни келмейтуғын болды. 22Шаббат күниниң мухаддеслигин сақлаў ушын, мен лебийлилерге өзлерин пәклеўди ҳәм келип, дәрўазаларда нәўбетшилик етиўди буйырдым.

Қудайым, бул ис ушын да мени еске алып, Өзиңниң уллы мийримиң менен маған реҳим ете гөр!

23Және мен сол күнлери Ашдод, Аммон ҳәм Моаб жерлеринен болған ҳаялларға үйленген яҳудийлердиң де бар екенин билдим. 24Ҳәтте, олардың балаларының ярымы ашдодлылар сөйлейтуғын тилде ямаса басқа халықлардың тилинде сөйлеп, еврей тилин билмейди екен. 25Соның ушын мен оларға кейип, нәлет айттым. Айырым еркеклерди урып, шашларын жулдым. Оларға Қудай ҳақы былай ант ишкиздим: «Қызларыңызды өзге миллет адамларына турмысқа бермеңлер, өзлериңиз де, улларыңыз да олардың қызларына үйленбеңлер. 26Израил патшасы Сулайман да усындай ҳаяллар себепли гүнаға батқан жоқ па еди? Көплеген халықларда оған уқсаған патша жоқ еди. Ол өз Қудайының сүйиклиси болғанлықтан, Қудай оны пүткил Израил үстинен патша етип қойған еди. Сондай болса да, өзге миллетлерден алған ҳаяллары оны да гүнаға баслады. 27Өзге миллет қызларына үйленип, Қудайымызға опасызлық еттиңиз. Ислеген бул аса жаўызлығыңызды көрмесликке алыўымыз керек пе?»

28Бас руўханий Эляшибтиң улы Иояданың улларынан бири хоронлы Санбаллаттың күйеў баласы еди. Сол себепли мен оны жанымнан қуўып жибердим.

29Қудайым, оларды еске ала гөр! Себеби олар руўханийлик хызметин, руўханийлик ҳәм лебийлик келисимин бузып, мухаддесликти ҳарамлады.

30Усылайынша, мен руўханийлер менен лебийлилерди ҳәмме жат нәрселерден тазаладым. Және олардың хызметлерин қайта тиклеп, жумысларын белгилеп бердим. 31Жандырылатуғын отынлар менен егинниң дәслепки өнимлерин белгиленген ўақытта алып келиўди жолға қойдым.

Қудайым, буларды мениң ийгилигим ушын еске ала гөр!
Copyright information for KaaIBT22C