Nehemiah 2
Нехемияның Ерусалимге қайтыўы
1Патша Артаксеркстиң ҳүкимдарлығының жигирмаланшы жылы, нисан айы еди. Мен патшаның алдына әкелинген шарапты оған усындым. Бурын ҳеш қашан патша мени түскин аўҳалда көрген жоқ еди. 2Сонлықтан патша маған: – Неге қапа көринесең? Билемен, кесел емессең. Жүрегиңде бир дәртиң бар ма деймен? – деди. Мен қатты қорқып кеттим. 3Сонда да патшаға: – Тақсыр, өмириңиз узақ болсын! Ата-бабаларымыз жерленген қала қаңырап, дәрўазалары өртелген болса, мен қалай қапа болмайын? – дедим. 4Патша маған: – Не тилейсең? – деди. Сонда мен ишимнен аспанның Қудайына дуўа еттим, 5кейин патшаға былай дедим: – Тақсыр, егер мақул деп тапсаңыз ҳәм мендей қулыңызға кеўлиңиз толған болса, онда мени Яҳудаға, ата-бабаларым жерленген қалаға жиберсеңиз. Мен бул қаланы қайта қурмақшыман. 6Сонда ханбийке де патшаның жанында отырған еди. Патша меннен: – Сапарың қанша ўақытқа созылады, қашан қайтып келесең? – деп сорады. Патша мени жибериўге ыразы болды. Соңынан мен ўақытты белгилеп айттым. 7Мен патшаға және былай дедим: – Тақсыр, егер сизге мақул болса, Яҳудаға жетип барғанымша, өз жерлеринен өтиўиме рухсат бериўи ушын, дәрьяның арғы жағының ҳәкимлерине хат жазып берилсин. 8Және де, патша тоғайларының бажбаны Асафқа да хат жаздырып берсеңиз. Ол маған Қудайдың Ибадатханасы жанындағы қорғанның дәрўазаларын, қала дийўалларын соқтырыўым ҳәм өзиме үй салдырыўым ушын керек болатуғын ағашларды берсин. Қудайдың мийримли қолы мениң үстимде болғанлығы себепли, патша сорағанымның ҳәммесин берди. 9Патша мениң менен бирге бир неше әскербасылар ҳәм атлылар жиберген еди. Мен дәрьяның арғы жағының ҳәкимлерине келип, оларға патшаның хатларын бердим. 10Хоронлы Санбаллат ҳәм аммон халқынан болған хызметши Тобия Израил халқының ийгилиги ушын ғамхорлық етиўге бир адамның келгенин еситкенде, қатты ғәзепленди. 11Мен Ерусалимге келип, ол жерде үш күн болдым. 12Мен Ерусалим ушын ислейтуғын ислеримди Қудайымның жүрегиме салғанын ҳеш кимге айтпадым. Түнде турып, жанымдағы адамлардан бир нешеўин ертип, жолға шықтым. Жаныма өзим минип жүрген жаныўардан басқа ҳеш қандай жаныўар алған жоқ едим. 13Түнде Ойпатлық дәрўазасы арқалы шығып, Айдарҳа булағына, ол жерден Тезек дәрўазасына бардым. Мен ўайран етилген Ерусалим дийўалларын ҳәм оның жағып жиберилген дәрўазаларын көзден кеширдим. 14Соңынан Булақ дәрўазасына ҳәм Патша ҳәўизине бардым. Бирақ астымдағы жаныўарым өтиўге жол таба алмады. 15Сонлықтан түнде сай бойлап көтерилип, дийўалды көзден кеширдим. Ақырында, кери айланып, Ойпатлық дәрўазасы арқалы изге қайттым. 16Ҳүкимет басшылары мениң қай жерге барып, не ислеп жүргенимди билмеди. Себеби мен яҳудийлерге де, руўханийлерге де, ақсүйеклерге де, басшыларға да, усы иске қатнасы бар басқа жумыс алып барыўшыларға да еле ҳеш нәрсе айтпаған едим. 17Соңынан мен оларға: – Қандай апатшылыққа ушырағанымызды көрип турсыз ба? Ерусалим босап қалған, ал оның дәрўазалары болса, жандырып жиберилген. Жүриңлер, Ерусалимниң дийўалларын қайта тиклейик. Буннан былай аяқ асты болыўға шек қояйық, – дедим. 18Мен оларға Қудайдың мийримли қолының мениң үстимде екенин ҳәм патшаның өзиме айтқан сөзлерин айтып бердим. Сонда олар: – Қурылысты баслаймыз, – деди ҳәм қайырлы иске бар күшин жумсаўға таяр турды. 19Бирақ хоронлы Санбаллат, аммон халқынан болған хызметши Тобия ҳәм араб халқынан болған Гешем буларды еситкенде, үстимизден күлди ҳәм: – Не ислеп атырсыз өзи? Ямаса патшаға қарсы бас көтерип атырсызлар ма? – деп бизлерди кемситип сөйледи. 20Сонда мен оларға: – Аспанның Қудайы исимизди сәтли қылады, ал Оның қуллары болған бизлер қурылысты баслаймыз. Сизлердиң Ерусалимде үлесиңиз де, ҳақыңыз да, тарийхый дерегиңиз де жоқ, – деп жуўап бердим.
Copyright information for
KaaIBT22C