Nehemiah 3
Дийўалдың тиклениўи
1Соннан соң, бас руўханий Эляшиб ҳәм оның руўханий туўысқанлары иске кирисип, Қой дәрўазасын қайта қурды. Олар дәрўазаны бағышлаў рәсиминен өткерип, қапыларын орнына қурды. Жүзлик минарасына дейинги дийўалларды тиклеп, оны бағышлаў рәсиминен өткерди. Және де, олар Хананел минарасына шекемги дийўалларды да тикледи. 2Ерихолылар оннан кейинги бөлегин, ал оннан кейинги бөлекти Имрий улы Заккур қурды. 3Балық дәрўазасын Ҳассенаның уллары қурды. Олар дәрўазаның бөренелерин қойып, қапыларын қурды, қулып ҳәм тәмбилерин орнатты. 4Оннан кейинги бөлекте Ҳаққостың ақлығы Урияның улы Меремот дүзетиў ислерин алып барды. Оннан кейинги бөлекти Мешезабелдиң ақлығы Берехияның улы Мешуллам, ал оннан кейинги бөлекти Баана улы Садоқ дүзетти. 5Олардан кейинги бөлекти теқоалылар дүзетти. Бирақ олардың ақсүйеклери өз қадағалаўшыларының буйрығын орынлаў ушын қәддин бүкпеди. 6Ешана дәрўазасын Пасеах улы Иояда ҳәм Бесодия улы Мешуллам дүзетти. Олар дәрўазаның бөренелерин қойып, қапыларын қурды, қулып ҳәм тәмбилерин орнатты. 7Олардан кейинги бөлекти гибонлы Мелатия ҳәм меронотлы Ядон дәрьяның арғы жағындағы ҳәкимниң қол астындағы Гибон ҳәм Миспа турғынлары менен бирге дүзетти. 8Олардан кейинги бөлекти зергер Харҳая улы Уззиел, ал оннан кейинги бөлекти хош ийисли затлар таярлаўшы Ханания дүзетти. Олар Ерусалим дийўалларының Кең дийўалға дейинги аралығын қайта тикледи. 9Олардың жанындағы бөлекти Ерусалим үлкесиниң ярымының басқарыўшысы Хур улы Рефая дүзетти. 10Олардан кейинги бөлекти, өз үйиниң қарама-қарсысын Харумаф улы Едая, ал оннан кейинги бөлекти Хашабния улы Хаттуш дүзетти. 11Харим улы Малкия менен Пахат-Моаб улы Хашшуб басқа бир бөлекти ҳәм Тандырлар минарасын дүзетти. 12Кейинги бөлекти Ерусалим үлкесиниң ярымының басқарыўшысы Ҳаллохеш улы Шаллум өз қызлары менен бирге дүзетти. 13Ханун ҳәм Заноах турғынлары Ойпатлық дәрўазасын дүзетти. Олар дәрўаза бөренелерин қойып, қапыларын қурды, қулып ҳәм тәмбилерин орнатты. Және де, олар дийўалдың Тезек дәрўазасына шекемги мың шығанақ аралығын дүзетти. 14Ал Тезек дәрўазасын Бейт-Ҳаккерем үлкесиниң басқарыўшысы Рехаб улы Малкия дүзетти. Ол дәрўазаны қурып, қапыларын, қулып ҳәм тәмбилерин орнатты. 15Булақ дәрўазасын Миспа үлкесиниң басқарыўшысы Кол-Хозе улы Шаллун дүзетти. Ол дәрўазаны қурып, үстин жаўды, қапыларын, қулып ҳәм тәмбилерин орнатты. Ол патша бағының қасындағы Шелах ҳәўизиниң дийўалын да Даўыттың қаласынан төменге түсетуғын текшеге шекем дүзетти. 16Оның жанындағы бөлекти, яғный Даўыттың мазарының қарама-қарсысына шекемги орыннан ҳәўизге ҳәм Батырлар үйине дейинги аралықты Бейт-Сур үлкесиниң ярымының басқарыўшысы Азбуқ улы Нехемия дүзетти. 17Оның жанындағы бөлекти Баний улы Рехумның басшылығында лебийлилер дүзетти. Оннан кейинги бөлекте Кеила үлкесиниң ярымының басқарыўшысы Хашабия өз үлкеси атынан дүзетиў ислерин алып барды. 18Оннан кейинги бөлекти Хашабияның туўысқанлары Кеила үлкесиниң қалған ярымының басқарыўшысы Хенадад улы Биннуй ▼▼ Биннуй – басқа нусқада Баўўай.
басшылығында дүзетти. 19Оннан кейин Миспаның басшысы Ешуа улы Эзер қурал-жарақ сақлаў бөлмесине көтерилетуғын жолдың алдынан дийўалдың мүйешине шекемги аралықты дүзетти. 20Оннан кейин мүйештен баслап, бас руўханий Эляшибтиң үйиниң қапысының кирер аўзына дейинги аралықты Заббай улы Барух ықлас пенен дүзетти. 21Оның жанындағы Эляшибтиң үйиниң қапысының кирер аўзынан баслап, оның үйиниң ақырына шекемги аралықты Ҳаққостың ақлығы Урияның улы Меремот дүзетти. 22Оннан кейинги бөлекти дөгеректеги аймақлардан келген руўханийлер дүзетти. 23Олардан кейин Бенямин ҳәм Хашшуб өз үйлериниң қарсы алдындағы бөлекти, ал олардан кейин Ананияның ақлығы Маасеяның улы Азария өз үйиниң жанындағы бөлекти дүзетти. 24Оннан кейин Азарияның үйинен дийўалдың мүйешине ҳәм айланбасына шекемги аралықты Хенадад улы Биннуй дүзетти. 25Мүйештиң ҳәм сақшылар ҳәўлисиндеги патшаның жоқарғы сарайына шығатуғын минараның қарсысын Узай улы Палал дүзетти. Оннан кейин Парош улы Педая 26Офел төбешигинде жасайтуғын Ибадатхана хызметшилери менен бирге шығыс тәрептеги Суў дәрўазасының қарсы алдына ҳәм Шығыңқы минарасына шекемги аралықты дүзетти. 27Шығыңқы минарасының қарсысынан Офел төбешигиндеги дийўалға шекемги басқа бөлекти теқоалылар дүзетти. 28Руўханийлер Ат дәрўазасының жоқарысын, ҳәр бири өз үйиниң қарсы алдын дүзетти. 29Олардан кейин Иммер улы Садоқ өз үйиниң қарсысын, оннан кейинги бөлекти Шығыс дәрўазасының қараўылы Шекания улы Шемая дүзетти. 30Оннан кейинги басқа бир бөлекти Шелемия улы Ханания ҳәм Салафтың алтыншы улы Ханун дүзетти. Олардан кейин Берехия улы Мешуллам өз бөлмесиниң қарсы алдын дүзетти. 31Оннан кейин Сап тартыў дәрўазасына қарсы турған Ибадатхана хызметшилери менен саўдагерлердиң үйине ҳәм мүйештеги жоқарғы бөлмеге шекемги аралықты зергер Малкия дүзетти. 32Ал мүйештеги жоқарғы бөлмеден Қой дәрўазасына шекемги аралықты зергерлер ҳәм саўдагерлер дүзетти.
Copyright information for
KaaIBT22C