Nehemiah 4
Қайта қурыў исине қарсы шыққанлар
1Санбаллат бизлердиң дийўалды қайта қурып атырғанымызды еситкенде, қаны қайнап, ғәзепке минди ҳәм яҳудийлерди масқаралай баслады. 2Ол өз шериклери менен Самария ләшкерлери алдында былай деди: «Мына бийшара яҳудийлер не ислеп атыр? Ырасында да, олар өз дийўалын қайта тиклемекши ме? Ырасында да, олар қурбанлық бермекши ме? Булар не, бир күн ишинде қурылысты питкермекши ме? Ырасында да, олар жанып, үйилген шығындыға айланған тасларды жанландырмақшы ма?» 3Санбаллаттың жанында турған аммон халқынан болған Тобия да: «Қурып атырған дийўалына қараңлар! Егер бир түлки келип үстине минсе, тас дийўалы тас-талқан болады», – деди. 4Сонда мен былай деп дуўа еттим: «Қудайымыз, бизлерге қулақ сал! Бизлер хорланып атырмыз. Олардың бизлерге көрсеткен хорлығын өзлериниң басына жаўдыр ҳәм олар да тутқын болып, жат елде таланатуғын болсын. 5Олардың айыпларын жаўып, гүналарын кеширип, көз алдыңнан өширип таслай гөрме! Себеби олар қурылысшылардың арына тийди». 6Деген менен, бизлер дийўал қурылысын даўам еттик. Халық бар ықласы менен ислегенликтен, пүткил дийўалды оның ярымына дейин тикледик. 7Бирақ Санбаллат, Тобия, араблар, аммонлар ҳәм ашдодлылар Ерусалим дийўалларының тиклениў ислериниң алға илгерилеп, бузылған жерлериниң пителип атырғанын еситкенде, қатты ашыўланды. 8Олар ҳәммеси бирге келип, Ерусалимге қарсы урыс ашыўға ҳәм ол жерде тәртипсизликти келтирип шығарыўға келисип алды. 9Сонда бизлер Қудайымызға дуўа етип, олардан қорғаныў ушын күни-түни сақшылар қойдық. 10Бирақ яҳудалылар тоңқылдап: «Жүк тасыўшылар ҳалдан тайды,Шығынды болса жүдә көп.
Сонлықтан өз күшимиз бенен,
Дийўалды қайта қура алмаймыз», –
деди. 11Ал душпанларымыз болса: «Бизлерди билип, көрип қоймасынан бурын араларына кирип алып, оларды өлтирейик ҳәм исти тоқтатайық», – деп атыр. 12Олардың жанында жасайтуғын яҳудийлер келип, бизлерге: «Олар ҳәр тәрептен сизлерге бастырып келмекши», – деп он мәртелеп айтты. 13Сол себепли дийўалдың ең пәс, ашық жерлериниң артына қылыш, найза ҳәм оқ жай менен қуралланған адамларды тийрелери бойынша орналастырдым. 14Буларды көрип шыққаннан соң, ақсүйеклерге, басшыларға ҳәм пүткил халыққа: «Олардан қорқпаңлар. Уллы ҳәм айбатлы Ийемизди еске алыңлар. Туўысқанларыңыз, ул-қызларыңыз, ҳаялларыңыз ҳәм үйлериңиз ушын урысыңлар», – дедим. 15Өзлериниң нийетлеринен хабардар екенимиз ҳәм Қудай оларды пушқа шығарғаны душпанларымыздың қулағына жетип барды. Сонда бизлер ҳәммемиз дийўалға, ҳәр биримиз өз исимизге қайттық. 16– 17Сол күннен баслап, адамларымның ярымы қурылыста иследи, ярымы найза, қалқан, оқ жай услап, саўыт кийди. Ал басшылар дийўал қурып атырған пүткил Яҳуда халқының артында турды. Дийўал қурыўшылар ҳәм жүк тасыўшылар бир қолы менен жумыс ислеп, екинши қолына қуралын алып жүрди. 18Ҳәр бир қурылысшы белине қылышын байлап алып, жумыс иследи. Кәрнай шертетуғынлар мениң жанымда жүрди. 19Мен ақсүйеклерге, басшыларға ҳәм пүткил халыққа былай дедим: «Жумыс көлеми үлкен ҳәм кең. Бизлер дийўал бойлап жайылып кетип, бир-биримизден узақласып баратырмыз. 20Сонлықтан қай жерден кәрнай сестин еситсеңиз, сол жерге, қасымызға жыйналыңлар. Қудайымыз бизлер ушын урысады». 21Бизлер жумысты азанда ерте, күн шыққанда баслап, кеште кеш, жулдызлар шыққанда тамамладық. Адамлардың ярымы бәрқулла сақшылықта турды. 22Сол ўақытлары мен халыққа және: «Ҳәр бир адам өз хызметшилери менен бирге Ерусалимде түнесин. Олар түнде қараўыллықта турып, күндиз жумыс ислесин», – дедим. 23Мен де, туўысқанларым да, хызметшилерим де, жанымдағы қараўыллар да, ҳеш биримиз кийимлеримизди шешпедик. Ҳәр бир адамның қуралы қолында болды.
Copyright information for
KaaIBT22C