‏ Nehemiah 8

Эзраның Нызам китабын халыққа оқып бериўи

1Израиллылар қалаларына орналасып болғаннан соң, жетинши айда пүткил халық бир адамдай болып Суў дәрўазасының алдындағы майданға жыйналды. Олар улама Эзрадан Жаратқан Ийениң Муўса арқалы Израил халқына берген буйрықлары жазылған Нызам китабын алып келиўди сорады. 2Сонда жетинши айдың биринши күни руўханий Эзра Нызам китабын халық жыйналған жерге алып келди. Еркеклер, ҳаяллар ҳәм тыңлап, оқылғанды түсине алатуғын балалардың ҳәммеси сол жерде еди. 3Эзра Суў дәрўазасы алдындағы майданда еркеклердиң, ҳаяллардың ҳәм түсине алатуғын ҳәр бир адамның алдында күн шыққаннан түске шекем Нызам китабын даўыслап оқыды. Ҳәмме оқылған сөзди дыққат пенен тыңлады.

4Улама Эзра усы ис ушын алдын ала таярланған ағаш минбер үстинде турды. Оның оң тәрепинде Маттития, Шема, Аная, Урия, Хилкия ҳәм Маасея, ал шеп тәрепинде Педая, Мишаел, Малкия, Хашум, Хашбаддана, Зехария ҳәм Мешуллам турды.

5Бийик минберде турған Эзра пүткил халықтың көз алдында китапты ашты. Сонда пүткил халық орнынан турды. 6Эзра уллы Қудайға, Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаўлар айтты. Пүткил халық қолларын көтерип: «Аўмийин, аўмийин», – деп жуўап берди ҳәм ет бетинен жерге жығылып, Жаратқан Ийеге сыйынды.

7Лебийлилер – Ешуа, Баний, Шеребия, Ямин, Аққуб, Шаббетай, Ҳодия, Маасея, Келита, Азария, Иозабад, Ханан, Пелая өз орынларында тик турған халыққа Нызамды түсиндирди. 8Олар Қудайдың Нызам китабын анық оқып, мәнисин түсиндирип берди ҳәм халық оқылғанды түсинди.

9Нызам сөзлерин еситкенде, пүткил халық жылады. Сонлықтан ҳәким Нехемия, улама ҳәм руўханий болған Эзра, және халыққа үйретип турған лебийлилер халыққа: «Бүгин Қудайыңыз Жаратқан Ийе ушын мухаддес күн. Аза тутып, көз жас төкпеңлер», – деди.

10Кейин Нехемия халыққа былай деди: «Енди үйлериңизге қайтып, майлы аўқатлардан жеп, мазалы ишимликлерден ишиңлер. Аўқат таярламағанларға да сол нәрселерден пай берип жибериңлер. Себеби бүгин Ийемиз ушын мухаддес күн. Қайғырмаңлар, себеби Жаратқан Ийе беретуғын қуўаныш сизлерди күшли қылады».

11Лебийлилер де: «Тынышланыңлар, бүгин мухаддес күн, қайғырмаңлар», – деп халықты тынышландырды. 12Солай етип, пүткил халық жеп-ишиў, басқаларға пайларын бериў ҳәм уллы қуўаныш пенен байрамлаў ушын кетти. Өйткени олар өзлерине айтылғанларды түсинген еди.

13Ертеңине пүткил халықтың әўлад басшылары, руўханийлер ҳәм лебийлилер Нызам сөзлерин үйрениў ушын улама Эзраның жанына жыйналды. 14Олар Нызамда жазылған Жаратқан Ийениң Муўса арқалы берген мына буйрығын тапты: «Израил халқы жетинши айдағы байрам күнлери қосларда жасасын. 15Сонлықтан барлық қалаларда ҳәм Ерусалимде: „Жазылғанға муўапық, таўларға шығып, зәйтүн, жабайы зәйтүн, мирта, пальма ҳәм басқа да жапырақлы ағашлардың шақаларын алып келип, қос қурыңлар“, – деп жар салып, жәриялансын».

16Солай етип, халық барып, шақалар алып келди ҳәм ҳәр бир адам өз тамларының басына, шарбақларына, Қудайдың Үйиниң шарбағына, Суў дәрўазасы алдындағы майданға ҳәм Эфрайым дәрўазасының алдындағы майданға өзлери ушын қослар қурып алды. 17Сүргиннен қайтып келгенлердиң ҳәммеси қослар қурып, қосларда жасады. Нун улы Ешуаның дәўиринен усы күнге дейин израиллылар булай ислемеген еди. Олар шексиз қуўанышқа бөленген еди. 18Эзра биринши күннен соңғы күнге дейин, ҳәр күни Қудайдың Нызам китабын оқыды. Олар жети күн байрамлады, ал сегизинши күни қағыйдаға муўапық салтанатлы жыйналыс болды.
Copyright information for KaaIBT22C