‏ Nehemiah 9

Халықтың гүналары ушын тәўбе қылыўы

1Жетинши айдың жигирма төртинши күни пүткил Израил халқы ораза тутып, аза кийимин кийген ҳәм басларына топырақ шашқан ҳалда жыйналды. 2Сол ўақытта Израил урпақлары барлық басқа халықлардан айырылып шықты. Олар өзлериниң гүналарын ҳәм ата-бабалары ислеген жаман ислерди ашық мойынлады. 3Олар өз орынларында турып, үш саатты өзлериниң Қудайы Жаратқан Ийениң Нызам китабын оқыў менен, ал үш саатты гүнаны ашық мойынлаў ҳәм өзлериниң Қудайы Жаратқан Ийеге сыйыныў менен өткизди. 4Ешуа, Баний, Қадмиел, Шебания, Бунний, Шеребия, Баний ҳәм Кенаний лебийлилер ушын ажыратылған сыпаның үстине шығып, Қудайы Жаратқан Ийеге қатты даўыслап жалбарынды.

5Кейин лебийлилер Ешуа, Қадмиел, Баний, Хашабния, Шеребия, Ҳодия, Шебания ҳәм Петахия былай деди: «Турып, мәңгиге бар болған Қудайыңыз Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаўлар айтыңлар». Олар былай деп дуўа етти:

«Бизлердиң тәрийиплеўлеримизден де, алғыс-мақтаўларымыздан да уллы болған Оның даңқлы атына алғыс-мақтаўлар айтыңлар!

6Жаратқан Ийе, Сен жалғызсаң. Сен аспанды, аспанның аспанын, олардағы пүткил барлықты, жерди ҳәм ондағы барлық нәрсени, теңизлерди ҳәм олардың ишиндеги барлық нәрсени жараттың. Ҳәммесине Сен жан бердиң, пүткил аспан денелери саған сыйынады.

7Қудай Ийе, Сен Өзиң Ибрамды таңлап алып, калдейлердиң Ур қаласынан алып шықтың ҳәм оған Ибрайым деген жаңа ат бердиң. 8Оны алдыңда садық деп таптың ҳәм оның урпақларына қанан, хет, амор, периз, ебус ҳәм гиргаш халықларының жерлерин бериў ушын, оның менен келисим дүздиң. Сен ўәдеңди орынладың, себеби Сен әдилсең.

9Сен ата-бабаларымыздың Мысырда шеккен азапларын көрдиң ҳәм Қызыл теңиз жанындағы олардың дад-пәриядын еситтиң. 10Менменсип, ата-бабаларымызға жәбир көрсеткени ушын, Сен фараонға, оның барлық хызметкерлерине ҳәм сол жердеги оның пүткил халқына кәраматлы белгилер ҳәм таң қаларлық ислер көрсеттиң. Сол себепли бүгинге дейин Өзиңниң даңқлы атыңды сақлап қалдың. 11Сен ата-бабаларымыздың көз алдында теңизди екиге айырдың ҳәм олар теңизди қурғақ жер арқалы кесип өтти. Ал оларды қуўғанларды болса, терең суўға ылақтырылған тас киби теңиз түбине батырып жибердиң. 12Күндиз минара сыяқлы булт болып, түнде олардың жүретуғын жолларына жақты түсириў ушын минара сыяқлы от болып, ата-бабаларымызға жол көрсеттиң.

13Сен Синай таўына түсип, аспаннан олар менен сөйлестиң ҳәм оларға әдил нызамлар, дурыс көрсетпелер, ийгиликли қағыйдалар ҳәм буйрықлар бердиң. 14Оларға Өзиңниң мухаддес Шаббат күниңди билдирдиң. Қулың Муўса арқалы буйрықлар, қағыйдалар ҳәм нызамлар бердиң. 15Аш болғанында, аспаннан нан жаўдырдың, шөллегенинде, жартастан суў шығарып бердиң. Сен оларға Өзиң беремен деп ант ишкен жерге барыўды ҳәм сол жерди ийелеўди буйырдың.

16Бирақ ата-бабаларымыз тәкаббирлик ҳәм қайсарлық қылып, буйрықларыңа бойсынбады. 17Олар бойсыныўдан бас тартып, Сениң өзлериниң көз алдында ислеген кәраматларыңды умытты. Олар менменлик етти ҳәм Мысырдағы қуллыққа қайтыў ушын өзлерине бир басшы қойып алып, Саған қарсы бас көтерди. Бирақ Сен кеширетуғын, мийримли, реҳимли, сабыр-тақатлы ҳәм сүйиспеншилиги уллы Қудай болғанлықтан, оларды таслап кетпедиң. 18Ҳәтте, ата-бабаларымыз өзлерине тананың мүсинин ислеп алып: „Мине, бизлерди Мысырдан алып шыққан қудайымыз“, – деп Сени қатты хорлады.

19Бирақ Сениң реҳимлилигиң уллы болғанлығы себепли, оларды шөлде таслап кетпедиң. Күндиз оларға жол көрсетиўши минара сыяқлы булт та, түнде олардың жүретуғын жолларына жақты түсириўши минара сыяқлы от та оларды тәрк етпеди. 20Сен оларға тәлим бериў ушын, Өзиңниң ийгиликли Руўхыңды бердиң. Аўызларынан маннаны
Манна – Израил халқы Мысырдан шығып шөлде жүргенде, Қудай аспаннан берген азық. Шығ 16:1-36.
тартып алмадың, шөлин қандырыў ушын суў да бердиң.
21Шөлде Сен оларды қырық жыл бақтың: олар ҳеш нәрседен кемлик көрмеди, кийимлери де тозбады, аяқлары да қабармады.

22Сен оларға патшалықлар менен халықларды тәслим етип, олардың барлық жерлерин бөлистирип бердиң. Олар Хешбон патшасы Сихонның ҳәм Башан патшасы Огтың жерлерине ийелик етти. 23Сен олардың урпақларын аспандағы жулдызлардай етип көбейттиң ҳәм оларды ата-бабаларына: „Кирип, ийелик етиңлер“, деген жерге алып келдиң. 24Олардың урпақлары сол жерге кирип, оны ийеледи. Сен оларға сол жердиң турғынлары болған қананлыларды бойсындырдың ҳәм қәлегенин қылыў ушын, қананлылардың патшалары менен халқын оларға тәслим еттиң. 25Олар қорған қалаларды, өнимдар жерлерди басып алды ҳәм түрли жақсы затлар менен толтырылған үйлерди, қазылған суў сақлағышларды, жүзимзарларды, зәйтүн бағларын ҳәм көп санлы мийўе ағашларын ийеледи. Олар жеп тойды, семирди ҳәм Сениң уллы ийгилигиңнен рәҳәтленди.

26Бирақ олар бойсынбай, Саған қарсы бас көтерди. Олар Сениң Нызамыңа арқасын бурып, Саған қайтыўға шақырған пайғамбарларыңды өлтирди. Усылай олар Саған қатты тил тийгизди. 27Сонлықтан Сен оларды душпанларының қолына бердиң, душпанлары оларды езди. Олар азап шеккен ўақытларында, Саған жалбарынды. Сен оларды аспаннан еситтиң ҳәм Өзиңниң уллы реҳимиң менен оларға қутқарыўшыларды жибердиң. Қутқарыўшылар оларды душпанларының қолынан қутқарды.

28Бирақ олар тынышлыққа ерискеннен соң, және Сениң көз алдыңда жаман ислерди иследи. Сол себепли Сен оларды қайтадан душпанларының қолына бердиң ҳәм душпанлары олардың үстинен ҳүкимдарлық етти. Олар және Саған жалбарынғанда, Сен оларды аспаннан еситтиң ҳәм Өзиңниң уллы реҳимиң менен оларды көп мәрте қутқарып алдың.

29Сен оларды Өз Нызамыңа қайтарыў ушын ескертсең де, қайсарлық етип, буйрықларыңа бойсынбады ҳәм қағыйдаларыңнан жүз бурып, гүна иследи. Егер оларды орынлағанда, өмирге ерисер еди. Бирақ олар Саған терис қарады ҳәм менменсип, бойсыныўдан бас тартты. 30Жыллар бойы оларды шыдамлылық пенен күттиң. Өз Руўхың менен пайғамбарларың арқалы оларға ескерттиң. Бирақ олар тыңламады. Сонлықтан Сен оларды айналасындағы халықларға тәслим еттиң. 31Бирақ Өзиңниң уллы реҳимлилигиң себепли, оларды толық жоқ қылмадың ҳәм тәрк етпедиң. Себеби Сен мийримли ҳәм реҳимли Қудайсаң.

32Қудайымыз, Өз келисимине ҳәм сүйиспеншилигине садық болған мийримли, уллы, қүдиретли ҳәм айбатлы Қудайсаң! Ассирия патшаларының дәўиринен бүгинге дейин бизлер шеккен азаплар, патшаларымыз, басшыларымыз, руўханийлеримиз, пайғамбарларымыз, ата-бабаларымыз ҳәм пүткил халқымыз шеккен азаплар Сениң нәзериңде аз болып көринбегей. 33Басымызға түскен ҳәр бир исте Сен әдил болдың. Өйткени Сен садықлық пенен ис тутсаң да, бизлер жаўызлық ислей бердик. 34Патшаларымыз, басшыларымыз, руўханийлеримиз ҳәм ата-бабаларымыз Сениң Нызамың бойынша жасамады, Сен берген буйрық ҳәм ескертиўлерге қулақ аспады. 35Олар өз патшалығында, Сен берген уллы жақсылық ишинде жасаса да, кең ҳәм өнимдар жерлерди ажыратып берсең де, олар Саған қулақ аспады ҳәм өзлериниң жаўыз ислеринен қайтпады.

36Мине, бүгин бизлер қулмыз. Мийўелеринен жеп, ийгилигинен татсын деп ата-бабаларымызға берген жериңде қул болып жасап атырмыз. 37Гүналарымыз себепли, жеримиздиң мол ҳасылын үстимизден Өзиң қойған патшаларға беремиз. Олар өзлеримизди де, малларымызды да қәлегенинше басқарады. Бизлер қатты азап шегип атырмыз».

Халықтың миннетлеме алыўы

38«Усы ислер себепли бизлер жазба түрде қатал миннетлеме аламыз. Оған басшыларымыз, лебийлилеримиз ҳәм руўханийлеримиз қол қойып, мөр басады».
Copyright information for KaaIBT22C