‏ Numbers 1

Израил халқының биринши мәрте дизимге алыныўы

1Израиллылар Мысырдан шыққаннан кейинги екинши жылдың екинши айының биринши күни Жаратқан Ийе Синай шөлинде, Ушырасыў шатырында Муўсаға былай деди:

2 3– Сен Харон менен бирге пүткил Израил жәмийетин тийрелери ҳәм әўладлары бойынша санап шық. Саўашқа жарамлы болған жигирма ҳәм оннан жоқары жастағы барлық еркеклерди бөлимлерге бөлип, бирме-бир атларын жазып дизимге алың. 4Сизлерге жәрдем бериўи ушын жаныңызда ҳәр бир урыўдан бир адамнан болсын. Олар әўлад басшыларынан болсын. 5Сизлерге жәрдем беретуғын адамлардың атлары мыналар: Рубен урыўынан Шедеур улы Элисур,
6Шимон урыўынан Суришаддай улы Шелумиел,
7Яҳуда урыўынан Амминадаб улы Нахшон,
8Иссахар урыўынан Суар улы Нетанел,
9Зебулон урыўынан Хелон улы Элиаб,
10Юсуп урпағынан болған Эфрайым урыўынан Аммиҳуд улы Элишама,
Юсуп урпағынан болған Менашше урыўынан Педасур улы Гамалиел,
11Бенямин урыўынан Гидоний улы Абидан,
12Дан урыўынан Аммишаддай улы Ахиезер,
13Ашер урыўынан Охран улы Пагиел,
14Гад урыўынан Деўел улы Элясаф,
15Нафталий урыўынан Энан улы Ахира.

16Халық арасынан таңлап алынған бул адамлар өз урыўының көсемлери болып, Израилдың тийре басшылары еди. 17Муўса менен Харон атлары аталған усы адамларды шақыртып алды. 18 19Олар Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша екинши айдың биринши күни пүткил халықты жыйнады. Жигирма ҳәм оннан жоқары жастағы ер адамларды тийрелери, әўладлары бойынша атларын бирме-бир дизимге алды. Солай етип, Муўса Синай шөлинде халықты санап шықты.

20 21Тийре ҳәм әўладлары бойынша бирме-бир атлары дизимге алынған жигирма ҳәм оннан жоқары жастағы урысқа жарамлы ер адамлардың саны төмендегидей еди: Израилдың
Израил – Яқыптың басқа аты. Жар 32:27-28 қараң.
туңғыш улы Рубен урыўынан – 46 500 адам,
22 23Шимон урыўынан – 59 300 адам,
24 25Гад урыўынан – 45 650 адам,
26 27Яҳуда урыўынан – 74 600 адам,
28 29Иссахар урыўынан – 54 400 адам,
30 31Зебулон урыўынан – 57 400 адам,
32 33Юсуп улы Эфрайым урыўынан – 40 500 адам,
34 35Юсуп улы Менашше урыўынан – 32 200 адам,
36 37Бенямин урыўынан – 35 400 адам,
38 39Дан урыўынан – 62 700 адам,
40 41Ашер урыўынан – 41 500 адам,
42 43Нафталий урыўынан – 53 400 адам.

44Муўса, Харон ҳәм Израилдың он еки урыўының көсемлери тәрепинен дизимге алынғанлар усылар еди. Ҳәр бир көсем өз урыўының ўәкили еди. 45Израилда жигирма ҳәм оннан жоқары жастағы урысқа жарамлы барлық израиллылар өзлериниң әўладлары бойынша есапқа алынды. 46Есапқа алынғанлардың барлығы 603 550 адам болды.

47Бирақ Лебий урыўы басқалар менен бирге дизимге алынбады. 48Себеби Жаратқан Ийе Муўсаға былай деген еди: 49«Тек Лебий урыўының есабын алма ҳәм оларды басқа израиллылар менен бирге дизимге киргизбе. 50Лебийлилерди ишинде буйрықлар жазылған еки тас турған Мухаддес шатырға, оған тийисли ҳәр бир буйым ҳәм затларға жуўапкер қылып қой. Олар Шатырды ҳәм оның барлық буйымларын көтерип алып жүрсин ҳәм абайлап қарап жүрсин. Оның дөгерегине өз шатырларын қурсын. 51Мухаддес шатыр көширилгенде, оны лебийлилер жыйнасын, тоқтаған ўақытта да, оны лебийлилер қурсын. Лебийлилерден басқа Шатырға жақынласқан ҳәр бир адам өлтирилсин. 52Израиллылар бөлимлерге бөлинип, шатырларын қурсын. Ҳәр бир адам өз ордасында ҳәм өз байрағы астында орналассын. 53Ал Израил жәмийети Жаратқан Ийениң ғәзебине ушырамаўы ушын, лебийлилер буйрықлар қойылған Шатырдың дөгерегине өз шатырларын қурсын ҳәм оны қараўылласын».

54Израиллылар булардың барлығын Жаратқан Ийе Муўсаға қалай буйырған болса, анық сондай етип орынлады.
Copyright information for KaaIBT22C