‏ Numbers 10

Гүмис кәрнайлар

1Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:

2– Гүмистен еки кәрнайды шөккишлеп соқтыр, буларды жәмийетти жыйнаў ушын ҳәм ҳәр бир орданың жолға шығыўы ушын қолланасаң. 3Еки кәрнай бирге шертилген ўақытта, барлық жәмийет сениң қасыңа, Ушырасыў шатырының алдына жыйналсын. 4Тек ғана бир кәрнай шертилсе, онда көсемлер, яғный Израилдың тийре басшылары сениң жаныңа жыйналсын. 5Кәрнай қысқа-қысқа етип шертилген ўақытта, шығыс тәрепте қоныс басқанлар жолға шықсын. 6Екинши мәрте қысқа-қысқа етип шертилген ўақытта, қубла тәрепте қоныс басқанлар жолға шықсын. Кәрнайдың қысқа-қысқа етип шертилиўи урыўлардың жолға шығыўы кереклигин билдиреди. 7Жәмийетти жыйнаў ушын кәрнайды узақ ўақыт әпиўайы даўыс пенен шерттир. 8Кәрнайларды Харонның руўханий уллары шертсин. Бул сизлер ҳәм келешек әўладларыңыз ушын мәңги қағыйда болып қалсын.

9Үлкеңизде сизлерге ҳүжим қылған душпанға қарсы саўашқа шыққаныңызда, кәрнай шертип, белги бериң. Сонда Қудайыңыз Жаратқан Ийе болған Мен сизлерди еслеп, душпанларыңыздан қутқараман. 10Шадлы күнлериңизде – байрамларыңызда, Жаңа ай байрамларыңызда, жандырылатуғын қурбанлықлар ҳәм татыўлық қурбанлықлар бергениңизде кәрнай шертиң. Усылай етип, Қудайыңыз болған Мен сизлерди еслеймен. Мен – Қудайыңыз Жаратқан Ийемен.

Израиллылардың Синайдан кетиўи

11Израил халқы Мысырдан шыққаннан кейин екинши жылдың екинши айының жигирмаланшы күни булт буйрықлар қойылған шатырдан жоқары көтерилди. 12Сонда израиллылар да Синай шөлинен жолға шығып, булт Паран шөлинде тоқтағанша көшип-қонып жүрди. 13Олар Жаратқан Ийениң Муўса арқалы берген буйрығы бойынша жолға биринши мәрте шықты.

14Олар ҳәр сапары жолға шыққанда, ҳәр бир орда өз байрағы астында бир тәртипте жүретуғын еди. Биринши болып, Амминадаб улы Нахшон басшылығындағы Яҳуда ордасы бөлимлери менен бирге өз ордасының байрағы астында көшти баслап жүрди. 15Иссахар урыўы бөлимине Суар улы Нетанел, 16Зебулон урыўы бөлимине Хелон улы Элиаб басшылық қылатуғын еди. 17Соннан кейин, Мухаддес шатыр жыйнастырылып, оны көтерип, алып жүретуғын Гершон урпағы менен Мерарий урпағы жолға шықты.

18Олардан соң Шедеур улы Элисур басшылығындағы Рубен ордасы бөлимлери менен бирге өз ордасының байрағы астында жолға шықты. 19Шимон урыўы бөлимине Суришаддай улы Шелумиел, 20Гад урыўы бөлимине Деўел улы Элясаф басшылық қылатуғын еди. 21Оннан кейин Қоҳат урпағы мухаддес буйымларды көтерип, жолға шықты. Олар белгиленген жерге жетип бараман дегенше, Мухаддес шатыр қурылып болыныўы тийис еди.

22Аммиҳуд улы Элишама басшылығындағы Эфрайым ордасы бөлимлери менен бирге өз ордасының байрағы астында жолға шықты. 23Менашше урыўы бөлимине Педасур улы Гамалиел, 24Бенямин урыўы бөлимине Гидоний улы Абидан басшылық қылатуғын еди.

25Көштиң ең ақырында Аммишаддай улы Ахиезер басшылығындағы Дан ордасы бөлимлери менен бирге өз ордасының байрағы астында жолға шықты. Олар Израил ордаларының артқы сақшылары еди. 26Ашер урыўы бөлимине Охран улы Пагиел, 27Нафталий урыўы бөлимине Энан улы Ахира басшылық қылатуғын еди. 28Израиллылар бөлимлерге бөлинип, усы тәртипте жолға шығатуғын еди.

29Муўса мидянлы қәйин атасы Реуелдиң
Реуел – Итроның басқа аты. Шығ 3:1 қараң.
баласы Хобабқа былай деди:

– Жаратқан Ийениң: «Сизлерге беремен», – деген жерине баратырмыз. Сиз де бизлер менен бирге барың, сизге жақсы қатнаста боламыз. Өйткени Жаратқан Ийе Израилға жақсылық етиўди ўәде қылды.

30Хобаб оған:

– Яқ, бармайман. Өз елиме, ағайин-туўғанларымның жанына қайтаман, – деп жуўап берди.

31Муўса оған былай деди:

– Илтимас, бизлерди таслап кетпең. Себеби сиз шөлде қоныслайтуғын жерлерди билесиз. Бизлерге жол көрсетесиз.
32Егер бизлер менен бирге барсаңыз, Жаратқан Ийениң ислейтуғын барлық жақсылықларын сиз бенен де бөлисемиз.

33Израиллылар Жаратқан Ийениң таўынан шығып, үш күнлик жол жүрди. Қоныслайтуғын жерди табыў ушын Жаратқан Ийениң Келисим сандығы олардың алдында жүрип барды. 34Қоныс басқан жерден жолға шыққанда, Жаратқан Ийениң булты күн бойы олардың үстинде болды.

35Келисим сандығы жолға шыққанда, Муўса былай деп айтатуғын еди:

«Тур, Жаратқан Ийе!
Тарқалып кетсин душпанларың,
Сени жек көргенлер алдыңнан қашып кетсин!»

36Келисим сандығы тоқтағанда болса, Муўса былай деп айтатуғын еди:

«Қайт, мың-мыңлаған Израил халқының Жаратқан Ийеси!»
Copyright information for KaaIBT22C