Numbers 12
Мәриям менен Харонның жазаланыўы
1Муўса Хабашстаннан болған ҳаялға үйленгени ушын, Мәриям менен Харон оған қарсы сөйледи. 2Олар: «Жаратқан Ийе тек ғана Муўса арқалы сөйлеген бе еди? Ол бизлер арқалы да сөйлеген жоқ па еди?» – деди. Жаратқан Ийе олардың бул сөзлерин еситти. 3Муўса жер жүзинде жасайтуғын барлық адамлардың ишинде ең кишипейил адам еди. 4Жаратқан Ийе күтилмегенде Муўса, Харон ҳәм Мәриямға: – Үшеўиңиз Ушырасыў шатырына барың, – деди. Үшеўи де шатырға барды. 5Жаратқан Ийе минара сыяқлы булт ишинде түсип, шатырдың кирер аўзының алдында турды ҳәм Харон менен Мәриямды шақырып алды. Олар екеўи алдыға қарай шыққанда, 6Жаратқан Ийе оларға былай деди: – Мениң сөзлериме қулақ салың:Егер араңызда бир пайғамбар бар болса,Мен, Жаратқан Ийе Өзимди танытаман оған аян арқалы,
Сөйлесемен оның менен түсинде.
7Бирақ қулым Муўса менен булай сөйлеспеймен,
Пүткил үйимдегилерге жуўапкер адам – Муўсадур.
8Оның менен жумбақлы түрде емес,
Ал жүзбе-жүз сөйлесемен ашық түрде.
Ол Мениң бийнемди көреди.
Сондай болса да, қулым Муўсаға қарсы сөйлеўден қорқпадыңлар ма? 9Сонда Жаратқан Ийе оларға ғәзеплениўи менен, ол жерден кетти. 10Булт Мухаддес шатырдан кетиўден-ақ, Мәриям тери кеселлигине шалынып, етлери қар сыяқлы түлеп кетти. Харон Мәриямға бурылып қарағанда, оның тери кеселлигине шалынғанын көрди. 11Харон Муўсаға: – Оҳ, мырзам, өтиниш ақылсызлық қылып, ислеген гүнамыз ушын жазалама. 12Мәриям анасының қарнында-ақ денеси ширип баслаған өли нәрестеге уқсап қалмасын, – деди. 13Муўса Жаратқан Ийеге: – О, Қудай, Мәриямға шыпа бер! – деп жалбарынды. 14Жаратқан Ийе Муўсаға: – Егер оның әкеси жүзине түкиргенде, ол жети күн даўамында шерменде болып қалмас па еди? Оны жети күн даўамында бөлеклеп, ордадан шығарып жибериң, соннан кейин изине қайтыўына болады, – деп жуўап берди. 15Солай етип, Мәриям жети күн даўамында бөлекленип, ордадан шығарып жиберилди, ол қайтып келгенше, халық жолға шықпады.
Copyright information for
KaaIBT22C