Numbers 13
Қанан жерине жансызлардың жиберилиўи
1Соннан кейин, халық Хасероттан шығып, Паран шөлине барып, қоныс басты. 2Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: 3– Мен Израил халқына берип атырған Қанан жерин көзден өткериў ушын адамлар жибер. Аталарынан тараған ҳәр бир урыўдан бир басшыдан жибер. 4Муўса Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша Паран шөлинен адамларды жиберди. Булардың ҳәммеси Израил халқының басшылары еди. 5Олардың атлары мынадай еди: Рубен урыўынан Заккур улы Шаммуа,6Шимон урыўынан Хорий улы Шафат,
7Яҳуда урыўынан Ефунне улы Калеб,
8Иссахар урыўынан Юсуп улы Игал,
9Эфрайым урыўынан Нун улы Ҳошеа,
10Бенямин урыўынан Рафу улы Палтий,
11Зебулон урыўынан Содий улы Гаддиел,
12Юсуп урыўынан, яғный Менашше урыўынан Сусий улы Гаддий,
13Дан урыўынан Гемаллий улы Аммиел,
14Ашер урыўынан Михаил улы Сетур,
15Нафталий урыўынан Ўофсий улы Нахбий,
16Гад урыўынан Махий улы Геуел.
17Елди көзден өткериў ушын Муўсаның жиберген адамлары усылар еди. Сол ўақытта Муўса Нун улы Ҳошеаға Ешуа, деп ат берди ▼
▼ Ҳошеа – «қутқарады», ал Ешуа – «Жаратқан Ийе қутқарады» дегенди билдиреди.
. 18Муўса оларды Қанан жерин көзден өткериў ушын жиберип атырып, оларға былай деди: – Негеб арқалы жүрип, таўлы жерлерге барың. 19Ол жерлер қандай екенин, ол жерде жасап атырған халық күшли ме, ямаса ҳәлсиз бе, олар көп пе, ямаса аз ба, билип алың. 20Олардың жасап атырған жери жақсы ма, ямаса жаман ба, қалалары қорғансыз ба, ямаса қорғанлы ма, көриң. 21Топырағы өнимдарлы ма, ямаса өнимсиз бе, дөгереги терекли ме, ямаса жоқ па, билип келиң. Қолыңыздан келгенинше, ол жердиң жетистирген мийўелеринен алып келиң! Сол ўақытта жүзим писиги енди басланып атырған еди. 22Солай етип, сол адамлар жолға шығып, елди Зин шөлинен баслап, Лебо-Хаматқа жақын болған Рехобқа дейин көзден өткерди. 23Олар Негебти кесип өтип, анақлардың Ахиман, Шешай ҳәм Талмай деген тийрелери жасап атырған Хеброн қаласына барды. Хеброн Мысырдағы Соан қаласынан жети жыл алдын қурылған еди. 24Жансызлар Эшкол сайына жетип барғанда, ол жерден бир солқым жүзимди кесип алды. Олардан екеўи бир қада ағашқа жүзимди илдирип алып жүрди. Соның менен бирге, анар ҳәм әнжир мийўесин де алды. 25Израиллылардың кесип алған жүзим солқымы себепли, сол сай Эшкол ▼▼ Эшкол – «солқым» дегенди билдиреди.
деп аталды. 26Жансызлар қырық күн жерди аралап шыққаннан кейин излерине қайтты. 27Олар Паран шөлиндеги Қадешке ▼▼ Қадеш – яғный Қадеш-Барния.
, Муўса менен Харонның ҳәм Израил жәмийетиниң жанына келди. Оларға ҳәм пүткил жәмийетке көрген-билгенлерин айтып, сол жердиң мийўелерин көрсетти. 28Олар Муўсаға былай деп баянлады: – Бизлерди жиберген жерге бардық. Ол жерде шынында да сүт ҳәм пал ағып турған екен! Мине, мынаў сол жердиң мийўелеринен! 29Бирақ ол жерде жасап атырған халық күшли, қалалары да қорғанлы ҳәм жүдә үлкен екен. Ҳәттеки, ол жерде Анақ әўладынан шыққан дәў адамларды да көрдик. 30Амалек халқы Негебте, хет, ебус ҳәм амор халықлары таўлы үлкеде, қанан халқы теңиздиң бойында ҳәм Иордан дәрьясының жағасында жасайды екен. 31Калеб Муўсаның алдында халықты тынышландырып: – Ол жерге барып, елди қолға киргизейик. Әлбетте, буған жетерли күшимиз бар, – деди. 32Деген менен, оның менен бирге барған адамлар: – Бул халыққа қарсы гүресе алмаймыз, олар бизлерден гөре күшлирек, – деди. 33Олар өзлери көзден өткерип келген ел ҳаққында израиллылардың арасында мынадай жаман мыш-мышлар тарқатып жүрди: – Бизлер көзден өткерип келген ел, ишине мәкан басатуғынларды жеп питиретуғын ел екен. Сол елде жасап атырған ҳәр бир адам бойшаң ҳәм ири. 34Дәўлерди, дәўлердиң әўладынан болған анақларды көрдик. Олардың қасында өзлеримизди шегиртке сыяқлы сездик, оларға да сондай болып көриндик.
Copyright information for
KaaIBT22C