Numbers 14
Халықтың көтерилис қылыўы
1Сол түни пүткил жәмийет қатты даўыслап, дад салып жылады. 2Пүткил Израил халқы Муўса менен Харонға наразы болып, былай деп тоңқылдай баслады: «Буннан гөре, Мысырда ямаса усы шөлде өлип кеткенимиз жақсы еди! 3Жаратқан Ийе не ушын бизлерди усы елге алып келди? Бизлерди қылыштан өткизиў ушын ба? Бала-шағаларымыз тутқын болады. Буның орнына Мысырға қайтып кеткенимиз бизлер ушын жақсырақ емес пе?» 4Соннан кейин, олар бир-бирине: «Өзлеримизге бир басшы сайлап алып, Мысырға қайтайық», – дести. 5Сонда Муўса менен Харон Израил жәмийетиниң алдында ет бетинен жерге жығылды. 6Елди аралап қайтқанлардан Нун улы Ешуа менен Ефунне улы Калеб қайғырып кийимлерин жыртты да, 7пүткил Израил жәмийетине былай деди: – Бизлер көрип келген ел – жүдә жақсы жер. 8Егер Жаратқан Ийениң бизлерге мийрими түссе, Ол бизлерди сүт ҳәм пал ағып турған сол жерге алып барады ҳәм оны бизлерге береди. 9Тек ғана Жаратқан Ийеге қарсы шықпаңлар! Ол жерде жасап атырған халықтан қорқпаңлар! Олар бизлерге аңсат ғана олжа болады. Қорғаўшылары оларды таслап кетти, ал Жаратқан Ийе бизлер менен бирге. Олардан қорқпаңлар! 10Деген менен, пүткил жәмийет оларды тас боран қылыўды нийет қылды. Сонда Жаратқан Ийениң салтанаты Ушырасыў шатырында пүткил Израил халқына көринди.Муўсаның халық ушын дуўа етиўи
11Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: – Қашанға дейин бул халық Маған ҳүрметсизлик қылады? Олардың арасында қаншелли кәрамат көрсеткениме қарамай, қашанға дейин Маған исенбей жүреди? 12Мен оларды иллет пенен жазалайман, мийрастан маҳрум қыламан. Ал сеннен олардан уллырақ ҳәм күшлирек бир халық дөретемен. 13Бирақ Муўса Жаратқан Ийеге былай деди: – Онда мысырлылар бул ҳаққында еситеди. Бул халықты Өз күшиң менен олардың арасынан алып шыққан едиң. 14Олар Қанан жеринде жасайтуғын халыққа бул ҳаққында айтады. Жаратқан Ийе, бул халықтың арасында болып, олар менен жүзбе-жүз көрискениңнен хабары бар. Сениң бултың олардың үстинде ҳәмме ўақыт турғанын, күндиз минара сыяқлы булт ишинде, түнде минара сыяқлы от ишинде оларға жол көрсеткениңди биледи. 15– 16Егер бул халықты бир адам сыяқлы етип өлтирсең, Сен ҳаққында еситкен халықлар: «Жаратқан Ийе ант ишкен бул жерге Өз халқын алып келе алмағаны ушын, оларды шөлде қырып жиберди», – деп айтады. 17Енди Өз күшиңди көрсет, о, Ийем! Сен Өзиң былай деп айтқан едиң: 18«Жаратқан Ийе болған Мен сабыр-тақатлыман, сүйиспеншилигим уллы, айып ҳәм жынаятты кеширемен. Бирақ айыплыны жазасыз қалдырмайман, әкесиниң ислеген айыбының жазасын үшинши ҳәм төртинши әўладларынан талап қыламан». 19Мысырдан шыққаннан баслап, бүгинги күнге дейин бул халықты кеширип келдиң. Енди Өзиңниң уллы сүйиспеншилигиңе сай олардың айыпларын кешире гөр. 20Жаратқан Ийе оған былай деп жуўап берди: – Сениң тилегиңе бола оларды кеширемен. 21Деген менен, мәңги бар болған Мен жер жүзин толтырып турған уллылығым менен ант ишемен: 22уллылығымды, Мысырда ҳәм шөлде көрсеткен кәраматларымды көрсе де, Мени он мәрте сынаған, сөзиме қулақ аспаған бул адамлардың ҳеш бири 23Мен ата-бабаларына беремен деп ант ишкен жерди көрмейди. Маған ҳүрметсизлик қылғанлардың ҳеш бири ол жерди көрмейди. 24Бирақ қулым Калеб басқаларға уқсамайды, ол пүткил жүреги менен Маған ерди. Соның ушын, Мен оны өзи аралап, көзден өткерип қайтқан елге алып бараман. Оның әўлады сол жерди ийелеп алады. 25Амалек пенен қанан халықлары усы ойпатлықларда жасайды. Соның ушын, сизлер ертең артыңызға қайтып, Қызыл теңизге қарай жүриңлер, шөлге барыңлар.Израиллылардың наразылығы ушын жазаланыўы
26Жаратқан Ийе Муўса менен Харонға былай деди: 27– Мына жаўыз жәмийет қашанға дейин Маған наразы болып, тоңқылдайды? Маған қарсы сөйлеген Израил халқының налыўын еситтим. 28Оларға Мениң мына сөзлеримди жеткиз: «Тирилигим ҳақы ант ишемен: айтқан сөзлериңизди сөзсиз өзлериңиздиң басыңызға саламан. 29Өликлериңиз усы шөлде қалады. Маған наразы болып, тоңқылдағанлардың ҳәммеси – есаптан өткен жигирма ҳәм оннан жоқары жастағылар усы шөлде өледи. 30Сизлерди қонысландыраман деп ант ишкен елге Ефунне улы Калеб пенен Нун улы Ешуадан басқа ҳеш ким кирмейди. 31Бирақ сизлердиң тутқын болады, деп айтқан балаларыңызды сол жерге киргиземен. Сизлер бас тартқан сол елди балаларыңыз көретуғын болады. 32Сизлердиң өликлериңиз болса усы шөлде қалып кетеди. 33Ҳәммеңиз өлип кетемен дегенше, балаларыңыз шөлде қырық жыл шопанлық қылады ҳәм сизлердиң опасызлығыңыз себепли, олар азап шегеди. 34Сизлер елди қырық күн даўамында аралап шыққан едиңлер. Енди ҳәр бир күн ушын бир жылдан қырық жыл айыбыңыздың жазасын тартасызлар. Сонда Мениң сизлерден жүз бурғанымды билип аласызлар!» 35Мен, Жаратқан Ийе айтқанымдай, Маған қарсы жыйналған бул жаўыз жәмийетке буларды сөзсиз ислеймен. Олар усы шөлде қырылып, өлип кетеди. 36Муўсаның елди көзден өткерип қайтыўға жиберген адамлары қайтып келип, ел ҳаққында жаман хабар тарқатыўы пүткил жәмийеттиң Жаратқан Ийеге наразы болыўына себеп болған еди. 37Сол ел ҳаққында жаман хабар таратқан бул адамлар Жаратқан Ийениң алдында оба кеселлигине шалынып қайтыс болды. 38Елди аралаў ушын кеткен жансызлардан тек ғана Нун улы Ешуа менен Ефунне улы Калеб тири қалды.Израиллылардың Қананды басып алыўға урыныўы
39Муўса Жаратқан Ийениң сөзлерин пүткил Израил халқына айтқанда, халық терең қайғыға батты. 40Ертеңине азанда олар таўлы үлкениң жоқарысына шығып баратырып, былай деди: – Аўа, бизлер гүна ислегенимизди мойынлаймыз. Мине, енди Жаратқан Ийениң ўәде қылған жерине барыўға таярмыз. 41Деген менен, Муўса: – Не ушын Жаратқан Ийениң буйрығына және қарсы шығып атырсызлар? Буның менен ҳеш нәрсеге ерисе алмайсызлар. 42Саўашқа шықпаңлар, өйткени Жаратқан Ийе сизлер менен бирге емес. Душпанларыңыздың алдында жеңилиске ушырайсызлар. 43Амалек ҳәм қанан халықлары ол жерде сизлерге қарсылық көрсетеди ҳәм сизлерди қылыш жүзинен өткереди. Өйткени Жаратқан Ийениң изинен жүриўден бас тарттыңлар. Жаратқан Ийе де сизлер менен бирге болмайды. 44Солай болса да, израиллылар өзлериниң айтқанынан қалмай, таўлы үлкениң жоқарысына шықты. Жаратқан Ийениң Келисим сандығы менен Муўса ордада қалды. 45Таўлы үлкеде жасайтуғын амалек пенен қанан халықлары оларға қарсы ҳүжим қылды ҳәм оларды Хорма қаласына дейин қыйратып, тас-талқан қылды.
Copyright information for
KaaIBT22C