‏ Numbers 15

Қурбанлықларға байланыслы нызамлар

1Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:

2– Израил халқына былай деп айт: «Мәкан етиўиңиз ушын сизлерге беретуғын елге киргениңизде, 3жандырылатуғын қурбанлық, ўәде бойынша берилетуғын қурбанлық, ықтыярлы қурбанлық ямаса байрамларда усынылатуғын қурбанлық етип ири ҳәм майда малдан Жаратқан Ийеге усыныңлар. Булар – Жаратқан Ийеге хош ийисли сый болады. 4Қурбанлық усынатуғын адам Жаратқан Ийеге ғәлле садақасы ушын төрттен бир ҳин
Төрттен бир ҳин – бир ҳин шама менен 3,7 л.
зәйтүн майы менен араластырылған оннан бир эфа сапалы ун да алып келсин.
5Және де, жандырылатуғын қурбанлық ямаса басқа қурбанлық пенен бирге ҳәр бир тоқлыға ишимлик садақасы етип төрттен бир ҳин шарап та усыныўы тийис.

6Егер қошқарды қурбанлық етип берсеңиз, ғәлле садақасы ушын үштен бир ҳин зәйтүн майы араластырылған оннан еки эфа сапалы ун 7ҳәм ишимлик садақасы ушын үштен бир ҳин шарап усының. Булар – Жаратқан Ийеге хош ийисли сый болады.

8Жаратқан Ийеге жандырылатуғын қурбанлық, ўәде бойынша берилетуғын қурбанлық ямаса татыўлық қурбанлығы ушын бир буға алып келгениңизде, 9буға менен бирге ғәлле садақасы ушын ярым ҳин зәйтүн майы араластырылған оннан үш эфа сапалы ун усының. 10Соның менен бирге, ишимлик садақасы ушын ярым ҳин шарап усының. Булар Жаратқан Ийеге хош ийисли сый болады.

11Солай етип буға, қошқар, ылақ ямаса тоқлы қурбанлық қылынғанда, усы садақалар менен қоса усынылсын. 12Қанша ҳайўан қурбанлық қылмақшы болсаңыз да, олардың ҳәр бири ушын белгиленген муғдарда ғәлле ҳәм ишимлик садақаларын қосып усыныўыңыз тийис. 13Израиллы болған ҳәр бир адам Жаратқан Ийеге хош ийисли сый етип, қурбанлық алып келгенде, ол усы айтылғанларға әмел қылыўы тийис. 14Егер сизлердиң араңызда ўақтынша жасап атырған келгинди ямаса узақ ўақыт жасап атырған жат жерли адам Жаратқан Ийеге хош ийисли сый қылып, бир қурбанлық алып келсе, ол да усы қағыйдаларға әмел қылыўы тийис. 15 16Сизлер ушын да, араңызда жасап атырған келгинди адам ушын да жәмийет анық усы қағыйдаларды қоллансын. Бул келешек әўладларыңыз ушын да мәңги қағыйда болсын. Жаратқан Ийениң алдында сизлер де, сизлердиң араңызда жасап атырған келгинди де бирдей».

17Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:

18– Израил халқына былай деп айт: «Сизлерди алып баратырған елге киргениңизден кейин, 19сол елдиң нанынан жегениңизде, нанның бир бөлегин ажыратып, Маған усының. 20Қырманыңыздың биринши өниминен ажыратылған садақа сыяқлы қамырыңыздың биринши зуўаласынан жабылған шөректи ажыратып усының. 21Қамырыңыздың биринши зуўаласынан жабылған бул садақаны әўладлар даўамында Жаратқан Ийеге усының».

Гүна ушын қурбанлық

22 23«Егер бириңиз билместен гүна ислеп, Жаратқан Ийениң мен арқалы берген буйрықларының бирине – Жаратқан Ийениң буйрық берген күнинен баслап, әўладлар бойы әмел қылмасаңыз 24ҳәм жәмийет бул қәтеге билместен жол қойған болса, пүткил жәмийет Жаратқан Ийеге хош ийисли сый усыныў ушын, бир буғаны жандырылатуғын қурбанлық етип берсин. Олар буға менен бирге белгиленген муғдарда ғәлле ҳәм ишимлик садақасын берсин. Соның менен бирге, гүна қурбанлығы ушын бир теке алып келсин. 25Солай етип, руўханий пүткил Израил жәмийетиниң гүнасы ушын пәклеў рәсимин өткереди ҳәм олардың гүнасы кешириледи. Себеби олар билместен гүна ислеген еди ҳәм бул ушын Жаратқан Ийеге жандырылатуғын қурбанлық ҳәм гүна қурбанлықларын усынған болады. 26Пүткил Израил жәмийети де, араңызда жасап атырған келгинди де кешириледи. Өйткени халық билместен усы гүнаны иследи.

27Егер бир адам билместен гүна ислеп қойса, ол гүна қурбанлығы ушын бир жасар ешки алып келсин. 28Руўханий Жаратқан Ийениң алдында сол адамның пәклениўи ушын гүнаның қунын төлеў рәсимин өткерсин. Бул рәсим өткерилгенде, сол адамның гүнасы кешириледи. 29Билместен гүна ислеп қойған израиллы ушын да, араңызда жасап атырған келгинди ушын да усы нызамды қолланыўыңыз тийис.

30Израиллы ямаса келгинди бир адам билип турып гүна ислесе, Жаратқан Ийеге тил тийгизген болады. Бундай адам Израил халқының арасынан жоқ қылынсын. 31Ол Жаратқан Ийениң сөзлерин писент етпей, буйрықларына қарсы шыққаны ушын, ол адам халқының арасынан сөзсиз жоқ қылынсын. Оның гүнасы өз мойнында қалады».

Шаббат күнине әмел қылмаған адам өлтириледи

32Бир күни израиллылар шөлде жүрген ўақытта бир адам дем алыс күни болған Шаббат күни отын жыйнап жүрген жеринен услап алынды. 33Отын жыйнап жүрген адамды услап алған адамлар оны Муўса менен Харонның ҳәм пүткил жәмийеттиң алдына алып келди. 34Сол адамға қандай шара қолланылыўы кереклиги анық болмағанлықтан, оны қамап қойды. 35Соннан кейин, Жаратқан Ийе Муўсаға:

– Ол адам сөзсиз өлтирилсин. Пүткил жәмийет оны орданың сыртына алып шығып, тас боран қылсын, – деди.
36Солай етип, Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғанындай, жәмийет сол адамды орданың сыртына алып шығып, тас боран қылып өлтирди.

Шашақлар туўрысында қағыйда

37Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:

38– Израил халқына былай деп айт: «Әўладларыңыз даўамында кийимиңиздиң етеклерине шашақ тиктирип қойың. Ҳәр бир шашаққа қызғыш көк жип қосып исленсин. 39Усы шашақлар сизлерге Мениң, яғный Жаратқан Ийениң буйрықларын еслетип турады. Солай етип, буларды көргениңизде, буйрықларыма әмел қылып, жүрегиңиздиң ҳәм көзиңиздиң қәлеўлерине ерип кетпей, опасызлық қылмайсызлар. 40Сонда сизлер пүткил буйрықларымды ядыңызда тутып, Қудайыңыз ушын мухаддес боласызлар. 41Мен Қудайыңыз болыў ушын сизлерди Мысырдан алып шыққан Қудайыңыз Жаратқан Ийемен. Мен – Қудайыңыз Жаратқан Ийемен».
Copyright information for KaaIBT22C