Numbers 16
Қорах, Датан ҳәм Абирамның көтерилиси
1– 2Лебий урыўының Қоҳат тийресинен болған Исҳар улы Қорах, Рубен урыўынан Элиабтың уллары Датан менен Абирам ҳәм Пелет улы Он биригип, Муўсаға қарсы көтерилис қылды. Жәмийет сайлаған Израил халқының абырайлы еки жүз елиў басшысы да оларға қосылды. 3Олар биргеликте Муўса менен Харонның алдына барып: – Сизлер жүдә ҳәддиңизден асып кеттиңиз! Ҳәммемиз Жаратқан Ийениң мухаддес жәмийетиниң ағзалары емеспиз бе? Ол ҳәммемиздиң арамызда жасайды. Солай екен, сизлер не ушын өзлериңизди Жаратқан Ийениң жәмийетинен үстем қоясызлар? – деди. 4Буны еситкен Муўса Жаратқан Ийениң алдында ет бетинен жерге жығылды. 5Кейин ол Қорах ҳәм оның шериклерине былай деди: – Азанда Жаратқан Ийе кимди Өзине бағышлап алғанын көрсетеди. Жаратқан Ийе кимди таңлаған болса, сол адамды Өз дәргайына жақынластырады. 6Ҳәй, Қорах, сен өз шериклериң менен бирге түтетки түтетилетуғын ыдысларыңызды алың. 7Ертең Жаратқан Ийениң алдында ыдысларыңызға от салып, үстине түтеткиңизди қойың. Сонда Жаратқан Ийе кимди таңласа, сол адамды Өзине бағышлап алғаны. Ҳәй, лебийлилер, сизлер ҳәддиңизден асып кеттиңиз! 8Муўса Қорахқа айтып атырған сөзин былай деп даўам етти: – Ҳәй, лебийлилер, маған қулақ салың! 9Израилдың Қудайы сизлерди Израил халқы арасынан айырып алып, Жаратқан Ийениң Мухаддес шатырындағы хызметти орынлаўыңыз ушын, Өзине жақынластырды. Және де, жәмийеттиң алдында турып, оларға хызмет етиўиңиз ушын сизлерди таңлап алды, булардың барлығы сизлерге азлық қылды ма? 10Қорах, Жаратқан Ийе сени ҳәм пүткил лебийли туўысқанларыңды Өзине жақынластырған болса, бул жетпегендей, енди сизлер руўханийликти де қәлеп атырсызлар ма? 11Ҳәй, Қорах, сениң ҳәм шериклериңниң бундай етип жыйналыўы Харонға емес, ал Жаратқан Ийеге қарсы шығыўыңызды билдиреди. 12Соннан кейин, Муўса Элиабтың уллары Датан менен Абирамды шақыртты. Бирақ олар: – Бармаймыз. 13Сен бизлерди шөлде өлтириў ушын сүт ҳәм пал ағып турған елден алып шықтың. Бул жетпегендей, бизлердиң үстимизден бийлик қылмақшысаң ба? 14Сен бизлерди сүт ҳәм пал ағып турған жерге әкелмедиң, бизлерге мүлик етип атыз ҳәм жүзим бағларын да бермедиң. Бизлердиң көзимизди байламақшымысаң? Яқ, сениң алдыңа бармаймыз, – деди. 15Муўса қатты ашыўланып, Жаратқан Ийеге: – Олардың садақаларын қабыл етпе. Мен олардан бир ешек те алған жоқпан, олардың ҳеш бирине жаманлық қылған жоқпан, – деди. 16Кейин Муўса Қорахқа: – Ертең сен барлық шериклериң менен бирге Жаратқан Ийениң алдына кел. Харон да усы жерде болады. 17Ҳәр бириңиз бир түтетки түтетилетуғын ыдыстан, барлығы болып еки жүз елиў ыдыс алып келип, ишине хош ийисли түтетки салың. Сен де өз ыдысыңды алып кел, Харон да өзиникин алып келеди, – деди. 18Солай етип, олардың ҳәр бири ишине от ҳәм түтетки салып, өз ыдысларын алып келди. Кейин олар Муўса ҳәм Харон менен бирге Ушырасыў шатырының алдына келип турды. 19Қорах пүткил жәмийетти Муўса менен Харонның қасына, Ушырасыў шатырының алдына жыйнағанда, Жаратқан Ийениң салтанаты ҳәммеге көринди. 20Жаратқан Ийе Муўса менен Харонға былай деди: 21– Мына жәмийеттиң арасынан шетке шығың, Мен оларды көзди ашып-жумғанша жоқ қылып жиберемен. 22Муўса менен Харон ет бетинен жерге жығылып: – Қудай, пүткил тири жанның Қудайы! Бир адам гүна иследи деп, пүткил жәмийетке ғәзепленесең бе? – деди. 23Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: 24– Жәмийетке: «Қорахтың, Датанның ҳәм Абирамның шатырларынан узақласың», – деп айт. 25Муўса Датан менен Абирамның қасына барды. Израил ақсақаллары да Муўсаның изине ерди. 26Муўса жәмийетке қарата: – Бул жаман адамлардың шатырларынан узақласың! Олардың ҳеш бир затына қол тийгизбең. Болмаса, олардың гүнасы себепли, сизлер де жоқ боласызлар, – деди. 27Солай етип, жәмийет Қорах, Датан ҳәм Абирамның шатырларынан узақласып турды. Датан менен Абирам ҳаяллары ҳәм балалары менен бирге сыртқа шығып, шатырларының алдында турған еди. 28Сонда Муўса былай деди: – Булардың барлығын ислеўим ушын Жаратқан Ийениң мени жибергенин, мен өзлигимнен бир нәрсе де ислемегенимди мынадан билип аласызлар: 29егер де бул адамлар өз әжели менен, ҳәмме адамлардың басына түсетуғын өлим менен өлсе, онда билип қойың, Жаратқан Ийе мени жибермеген болады. 30Бирақ Жаратқан Ийе әдеттен тыс бир нәрсе ислесе, жер жарылып, оларды ҳәм оларға тийисли ҳәр бир затты жутса ҳәм олар өлилер мәканына тирилей кирип кетсе, онда бул адамлардың Жаратқан Ийеге ҳүрметсизлик қылғанын билип аласызлар. 31Муўса усы сөзлерин айтып болар-болмастан, Датан ҳәм Абирамның аяқ астындағы жер жарылып кетти. 32Жер жарылып, оларды, олардың шаңарақларын, Қорахтың шериклери менен мал-мүликлерин жутып жиберди. 33Солай етип, олар бар мал-мүлки менен бирге тирилей өлилер мәканына кирип кетти. Жер жаўылып, олардың үстин қаплап таслады ҳәм олар жәмийеттиң арасынан жоқ қылынды. 34Олардың бақырысқан даўысларын еситкен әтираптағы израиллылар: «Жер бизлерди де жутып жибермесин!» – деп жән-жаққа қашып кетти. 35Сол ўақытта Жаратқан Ийениң жиберген оты хош ийисли затларды түтетип турған еки жүз елиў адамды жағып, жоқ қылып жиберди.Түтетки түтетилетуғын ыдыслар
36Жаратқан Ийе Муўсаға және былай деди: 37– Харонның улы руўханий Элазарға түтетки түтетилетуғын ыдысларды күлдиң ишинен алып шығыўын ҳәм ишиндеги шоқларды орданың бир шетине төгиўин айт. Себеби түтетки ыдыслар мухаддес. 38Ислеген гүналары ушын өлтирилген бул адамлардың түтетки ыдысларын шөккишлеп жалпайтың да, қурбанлық орынды усылар менен қаплаң. Ыдыслар Жаратқан Ийеге усынылғаны ушын мухаддес. Булар израиллылар ушын ескертетуғын бир белги болсын. 39Солай етип, руўханий Элазар жанып өлген адамлардың алып келген түтетки түтетилетуғын қола ыдысларын жыйнап алды. Олар ыдысларды қурбанлық орынды қаплаў ушын шөккишлеп жалпайтып шықты. 40Бул израиллыларға Харонның әўладынан басқа ҳеш кимниң Жаратқан Ийениң алдына шығып, хош ийисли түтетки түтетиўге болмайтуғынын, болмаса сондай ислеген адам Қорах пенен оның шериклери сыяқлы болатуғынын ескертип туратуғын еди. Солай етип, Жаратқан Ийениң Муўса арқалы айтқанындай етип исленди.Израиллылардың көтерилиси ҳәм жазаланыўы
41Ертеңине пүткил Израил жәмийети Муўса менен Харонға наразы болып: «Жаратқан Ийениң халқын сизлер өлтирдиңлер», – деп тоңқылдай баслады. 42Израил жәмийети Муўса менен Харонға қарсы жыйналып, Ушырасыў шатырына қарай туўры бурылып қарағанда, шатырды булт қаплады ҳәм Жаратқан Ийениң салтанаты көринди. 43Сонда Муўса менен Харон Ушырасыў шатырының алдына келди. 44Жаратқан Ийе Муўсаға: 45– Бул жәмийеттиң арасынан шетке шығың ҳәм Мен оларды көзди ашып-жумғанша жоқ қылып жиберемен, – деди. Сонда Муўса менен Харон ет бетинен жерге жығылды. 46Соннан кейин, Муўса Харонға: – Түтетки ыдысын алып, ишине қурбанлық орыннан шоқ сал, оттың үстине хош ийисли түтетки қой. Қунын өтеў ушын дәрҳал жәмийетке бар. Себеби Жаратқан Ийе ғәзебин шашып атыр. Ал халыққа өлтиретуғын оба тарқалып баслады, – деди. 47Харон Муўсаның айтқанларын орынлап, түтетки ыдысын алды да, жәмийеттиң ортасына жуўырып барды. Халықтың арасында набыт қылатуғын кеселлик басланған еди. Харон хош ийисли түтетки усынып, жәмийеттиң қунын өтеди. 48Ол тирилер менен өлилердиң арасында турғанда, набыт қылатуғын кеселлик тоқтады. 49Ал Қорах себепли өлгенлерден тысқары, набыт қылатуғын кеселликтен өлгенлердиң саны он төрт мың жети жүз адам болды. 50Набыт қылатуғын кеселлик тоқтағаннан кейин, Харон Ушырасыў шатырының алдында турған Муўсаның жанына қайтты.
Copyright information for
KaaIBT22C