Numbers 17
Харонның таяғы
1Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: 2– Израил халқына ҳәр бир урыў көсеми ушын бир данадан он еки таяқ алып келиўди буйыр. Ҳәр бир урыў басшысының атын өз таяғының үстине жаз. 3Лебий урыўына тийисли таяқтың үстине Харонның атын жаз. Ҳәр бир урыў басшысы ушын бир таяқтан болыўы тийис. 4Таяқларды Ушырасыў шатырындағы Мен сизлер менен ушырасатуғын орынның, Келисим сандығының алдына қой. 5Мен таңлап алатуғын адамның таяғы бөртик шығарады. Солай етип, Израил халқының сизлерге қарсы шығып, наразы болып, тоңқылдаўларына шек қояман. 6Муўса айтылғанларды Израил халқына жеткерди. Халықтың көсемлери ҳәр бир урыў ушын бир данадан он еки таяқ алып келди. Харонның таяғы да солардың ишинде еди. 7Муўса таяқларды буйрықлар қойылған шатырға, Жаратқан Ийениң алдына қойды. 8Муўса ертеңине шатырға кирип қараса, Лебий урыўы ушын алып келинген Харонның таяғы бөртик шығарып ғана қоймай, ол гүллеп, бадам жемисин де берген екен. 9Муўса барлық таяқларды Жаратқан Ийениң алдынан алып шығып, Израил халқына көрсетти. Халық таяқларды қарастырып, ҳәр бири өзлерине тийисли таяқты алды. 10Жаратқан Ийе Муўсаға: – Көтерилисшилерге ескертиў болыўы ушын, Харонның таяғын Келисим сандығының алдына қайтадан апарып қой. Усылайынша, сен көтерилислерин тоқтатып, олардың өлип кетиўине жол қоймайсаң, – деди. 11Муўса Жаратқан Ийениң буйырғанындай етип орынлады. 12Израиллылар Муўсаға: – Өлип кетемиз! Қырылып кетемиз! Ҳәммемиз қырылып кетемиз! 13Жаратқан Ийениң Мухаддес шатырына жақынласқан ҳәр бир адам өледи. Енди ҳәммемиз қырылып кетемиз бе? – деди.
Copyright information for
KaaIBT22C