‏ Numbers 18

Руўханийлер менен лебийлилердиң ўазыйпасы

1Жаратқан Ийе Харонға былай деди:

– Сен, улларың ҳәм пүткил Лебий урыўы Мухаддес мәканға қарсы исленген гүнаға жуўапкер боласызлар. Ал руўханийлик хызметиңизге байланыслы гүна ушын тек ғана сен ҳәм улларың жуўапкер боласызлар.
2Сен ҳәм улларың буйрықлар қойылған шатырдың алдында хызмет еткениңизде, бабаңыз Лебийдиң әўладынан болған туўысқанларыңыз да сизлерге жәрдем беретуғын болсын. 3Олар сениң жуўапкершилигиң астында Мухаддес шатырға тийисли хызметлерди орынласын. Бирақ олар мухаддес жердиң буйымларына ямаса қурбанлық орынға жақынламасын, болмаса олар да, сизлер де өлип қаласызлар. 4Олар сениң менен бирге Ушырасыў шатырына байланыслы барлық ўазыйпаларды орынласын. Лебийлилерден басқа ҳеш бир адам сизлер менен бирге хызмет қылмасын.

5Ендигиден былай, Израил халқына қәҳәрленбеўим ушын, Мухаддес жерде ҳәм қурбанлық орында тек ғана сизлер хызмет қыласызлар. 6Мен израиллылар арасынан лебийли туўысқанларыңызды сизлерге жәрдемши қылып, таңлап алдым. Ушырасыў шатырына байланыслы хызметти орынлаўы ушын, олар Маған бағышланған. 7Деген менен, қурбанлық орындағы ҳәм пердениң артындағы Ең мухаддес бөлмеге байланыслы руўханийлик хызметти тек ғана сен өз улларың менен орынлайсаң. Руўханийлик хызметти саған сый қылып бердим. Сеннен басқа ким де ким ол жерге жақынласа, ол өлтирилсин.

Руўханийлердиң пайы

8Жаратқан Ийе Харон менен болған сәўбетин былай деп даўам етти:

– Израил халқының Маған ажыратқан мухаддес сыйларын бақлаўды саған тапсырдым. Буларды сизлердиң руўханийлик хызметиңиз ушын саған ҳәм улларыңа мәңгиге пай қылып бердим.
9Қурбанлық орында Маған усынылған ең мухаддес садақалар, яғный ғәлле садақасының, гүна ҳәм айып қурбанлықларының жандырылмайтуғын бөлеклери, саған ҳәм сениң улларыңа тийисли болады. 10Буларды ең мухаддес зат сыпатында жеўиңиз тийис, себеби булар жүдә мухаддес. Бул садақа ҳәм қурбанлықлардан тек ғана еркек адамлардың жеўине болады.

11Және де, мыналар да саған тийисли болады: израиллылардың алып келген жоқары көтерип усынатуғын сыйларынан ажыратқан бөлеклерин саған ҳәм сениң ул-қызларыңа мәңгиге пай қылып бердим. Шаңарағыңдағы ҳәр бир пәк адам булардан жеўине болады.

12Олардың Маған, Жаратқан Ийеге алып келген дәслепки өнимлерин – зәйтүн майының, таза шараптың ҳәм ғәллениң ең сапалы бөлегин сизлерге бердим. 13Елде жетистирилген дәслепки зүрәәтлерден Маған, Жаратқан Ийеге алып келингенлердиң ҳәммеси сизлерге тийисли. Шаңарағыңдағы ҳәр бир пәк болған адам олардан жеўине болады.

14Израилда Жаратқан Ийеге толығы менен бағышланған ҳәр бир зат сизлердики болады. 15Израил халқының Маған алып келген адамлардың да, маллардың да қарыннан биринши шыққанлардың ҳәммеси сизлердики болады. Бирақ адамлардың ҳәм ҳарам есапланған ҳайўанлардың биринши туўылған баласы ушын қун алыўың керек. 16Биринши туўылған ул бир айлық болғанда, оның қуны ушын бес шекел аласаң. Ҳәр бир шекел Мухаддес орын өлшеми менен жигирма герадан болсын.

17Бирақ сыйырдың, қойдың ҳәм ешкиниң биринши туўылған төли ушын қун алмайсаң. Олар Мен ушын арналған. Олардың қанларын қурбанлық орынға серпип, майларын Жаратқан Ийеге хош ийисли сый қылып, түтетип жандырып жибересең. 18Булардың жоқары көтерип усынылған төси ҳәм оң саны сеники болғаны сыяқлы, гөши де сеники болады. 19Израиллылардың Маған ажыратып усынған мухаддес сыйларының барлығын саған ҳәм ул-қызларыңа мәңгиге пай етип беремен. Бул сен ҳәм сениң әўладың ушын берилген Мениң мәңги бузылмас келисимим болады.

20Кейин Жаратқан Ийе Харонға және былай деди:

– Халықтың арасында сизлердиң үлес жериңиз болмайды, олардың арасында ҳеш қандай пайыңыз болмайды. Сизлердиң израиллылар арасындағы пайыңыз ҳәм үлесиңиз Мен боламан.

Лебийлилердиң пайы

21Лебийлилердиң Ушырасыў шатырындағы жумысы ушын, Израилда жыйналатуғын барлық оннан бирлерди оларға пай қылып беремен. 22Буннан былай израиллылар Ушырасыў шатырына жақын келмесин. Болмаса, олар сол гүнаның жазасын тартып өледи. 23Ушырасыў шатырына тийисли жумысты лебийлилер ислейди, шатырға қарсы исленген ҳәр қандай айыпқа олар жуўапкер болады. Бул келешек әўладларыңыз бойынша мәңги қағыйда болсын. Израиллылардың арасында лебийлилердиң жер үлеси болмайды. 24Буның орнына Мен лебийлилерге израиллылардың Маған, Жаратқан Ийеге ажыратып берген оннан бирлерин үлес қылып беремен. Соның ушын, Мен: «Израиллылардың арасында лебийлилердиң үлес жери болмайды», – деп айтқан едим.

Лебийлилердиң оннан бирлери

25Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:

26– Лебийлилерге мынаны айт: «Мен үлес қылып сизлерге берген үсирлерди израиллылардан алғаныңызда, алған үсирлердиң оннан бирин шығарып, Маған, Жаратқан Ийеге сый қылып бериң. 27Мен сизлердиң бул сыйыңызды қырманнан әкелинген ғәлле ҳәм жүзим сығатуғын шуқырдан әкелинген шарап сыпатында қабыллайман. 28Усылай етип, сизлер израиллылардан алған барлық үсирлерден оннан бирин шығарып, Жаратқан Ийеге сый қылып бересизлер. Усы сыйды руўханий Харонға әкелип бериң. 29Сизлерге берилген барлық сыйлардың ең жақсысын, ең мухаддесин ажыратып, Жаратқан Ийеге бериңлер».

30Лебийлилерге және былай деп айт: «Сыйлардың ең жақсысын Жаратқан Ийеге ажыратқаныңыздан кейин, қалғаны өз қырманыңыздан болған өним ямаса искенжеден алынған шарап сыпатында өзлериңизге қалады. 31Буны сизлер шаңарағыңыз бенен қәлеген жерде жеўиңизге болады. Себеби бул – сизлердиң Ушырасыў шатырында ислеген хызметиңиз ушын берилген төлем. 32Егер оннан бирден ең жақсысын Маған, Жаратқан Ийеге ажыратып усынсаңыз, өзлериңизге гүна жүклемейсизлер. Өлип қалмаўыңыз ушын, израиллылардың усынған мухаддес садақаларын ҳарамламаңлар».
Copyright information for KaaIBT22C