‏ Numbers 19

Гүнадан пәклениў рәсими

1Жаратқан Ийе Муўса менен Харонға былай деди:

2– Жаратқан Ийе буйырған нызамның талаплары мыналар: израиллыларға минсиз, кемшилиги жоқ ҳәм ҳеш қандай мойынтырық салынбаған қызыл жас сыйыр алып келиўин айтың. 3Сыйыр руўханий Элазарға берилсин. Кейин оны орданың сыртына шығарып, Элазардың көз алдында шалынсын. 4Руўханий Элазар бармағын сыйырдың қанына батырып, оны Ушырасыў шатырының алдынғы тәрепине жети мәртебе серпсин. 5Соннан кейин, Элазардың көз алдында сыйыр, оның териси, гөши, қаны ҳәм дәриси менен бирге жандырып жиберилсин. 6Руўханий кедр ағашын, майоран шөбин
Майоран шөби – бул назбайгүл шөбине туқымлас өсимлик.
ҳәм қырмызы жипти алып, оларды жанып атырған сыйырдың үстине тасласын.
7Кейин руўханий кийимлерин жуўып, өзи суўға жуўынып алсын. Соннан кейин, ол ордаға кириўине болады. Бирақ ол кешке дейин ҳарам саналады. 8Сыйырды жаққан адам да кийимлерин жуўып, өзи жуўынып алсын. Ол да кешке дейин ҳарам саналады.

9Соннан кейин, пәк саналған бир адам сыйырдың күлин жыйнап алып, орданың сыртындағы таза бир жерге апарып қойсын. Израил жәмийети бул күлди пәклениў суўына қосыў ушын сақлап қойсын. Бул күл адамлардың гүнадан пәклениў рәсими ушын қолланылады. 10Сыйырдың күлин жыйнаған адам кийимлерин жуўсын, ол кешке дейин ҳарам саналады. Бул израиллылар ушын да, араңызда жасап атырған келгиндилер ушын да мәңги қағыйда болсын.

Өлиге бир жерин тийгизип алған адам туўрысында

11Адамның өлигине бир жерин тийгизип алған ҳәр бир адам жети күн ҳарам саналады. 12Ол адам пәклениў суўы менен үшинши ҳәм жетинши күни өзин пәклесин. Сонда ол пәк болады. Егер ол үшинши ҳәм жетинши күни өзин пәклемесе, онда ол пәк саналмайды. 13Адамның өлигине бир жерин тийгизип, өзин пәклемеген адам Жаратқан Ийениң Шатырын ҳарамлаған болады. Ондай адам Израил халқының арасынан жоқ қылынсын. Оның үстине пәклениў суўы серпилмегени ушын, ол ҳарам саналады, ҳарамлылығы өзинде қалады.

14Егер шатырдың ишинде бир адам қайтыс болса, буған тийисли қағыйда мынадан ибарат: сол ўақытта шатырда болған ҳәм шатырға кирген ҳәр бир адам жети күн даўамында ҳарам саналады. 15Шатырдың ишинде қақпағы жабылмай, аўзы ашық қалған ҳәр бир ыдыс ҳарам саналады.

16Далада қылыш пенен өлтирилген ямаса өз әжели менен өлген биреўдиң өлигине, сүйегине ямаса қәбирине бир жерин тийгизген ҳәр бир адам жети күн даўамында ҳарам саналады.

17Ҳарам саналған адам ушын бир ыдыстың ишине жандырылған гүна қурбанлығының күлинен салып, үстине ағын суўдан қуйың. 18Пәк саналған бир адам майоран шөбин алып, суўға батырсын. Кейин оны шатырға, оның ишиндеги барлық буйымлардың ҳәм ҳәр бир адамның үстине себелесин. Өлген адамның сүйегине, өлтирилген ямаса өз әжели менен өлген адамға ямаса қәбирге бир жерин тийгизген адамның үстине де сол суўдан себеленсин. 19Пәк саналған адам үшинши ҳәм жетинши күни ҳарам саналған адамның үстине суўдан сеўип, оны жетинши күни пәклесин. Пәкленген адам кийимлерин суўға жуўып, өзи де жуўынсын, сонда ол кеште пәк саналады. 20Егер ҳарам саналған адам өзин пәклемесе, ол жәмийеттиң арасынан жоқ қылынсын. Өйткени ол Жаратқан Ийениң Мухаддес мәканын ҳарамлаған болады. Пәклениў суўы оның үстине серпилмегени ушын, ол адам ҳарам саналады. 21Бул халық ушын мәңги қағыйда болсын. Пәклениў суўын серпкен адам да кийимлерин жуўсын. Пәклениў суўын услаған адам кешке дейин ҳарам саналады. 22Ҳарам адам жантасқан ҳәр бир нәрсе ҳарам саналады. Сол ҳарамланған затқа жантасқан адам да кешке дейин ҳарам саналады.
Copyright information for KaaIBT22C