Numbers 2
Израил урыўларының орналасыў тәртиби
1Жаратқан Ийе Муўса ҳәм Харонға былай деди: 2– Израиллылардың ҳәр бири өз әўладының белгиси болған байрақларының астында орналассын. Олар өз шатырларын Ушырасыў шатырының дөгерегине, оннан бираз қашықлаў жерге тиксин. 3Ушырасыў шатырының күншығыс тәрепинде орналасатуғын урыўлар Яҳуда ордасының байрағы астында бөлимлерге бөлинип орналассын. Яҳуда урыўының көсеми Амминадаб улы Нахшон. 4Оның дизимнен өткен ләшкерлериниң саны 74 600. 5Оның қасына Иссахар урыўы шатырларын тиксин. Иссахар урыўының көсеми Суар улы Нетанел. 6Оның дизимнен өткен ләшкерлериниң саны 54 400. 7Зебулон урыўы да Яҳуда урыўының жанына шатырларын тиксин. Зебулон урыўының көсеми Хелон улы Элиаб. 8Оның дизимнен өткен ләшкерлериниң саны 57 400. 9Яҳуда ордасының есабына кирген бөлимлердеги барлық ләшкерлердиң саны 186 400. Жолға шыққанда, усы үш урыўдан ибарат болған бөлим биринши болып алдында жүрсин. 10Ушырасыў шатырының қубла тәрепинде орналасатуғын урыўлар Рубен ордасының байрағы астында бөлимлерге бөлинип орналассын. Рубен урыўының көсеми Шедеур улы Элисур. 11Оның дизимнен өткен ләшкерлериниң саны 46 500. 12Оның қасына Шимон урыўы өз шатырларын тиксин. Шимон урыўының көсеми Суришаддай улы Шелумиел. 13Оның дизимнен өткен ләшкерлериниң саны 59 300. 14Гад урыўы да Рубен урыўының жанына өз шатырларын тиксин. Гад урыўының көсеми Деўел ▼▼ Деўел – Көп қолжазбаларда «Реўел».
улы Элясаф. 15Оның дизимнен өткен ләшкерлериниң саны 45 650. 16Рубен ордасының есабына кирген бөлимлердеги барлық ләшкерлердиң саны 151 450. Жолға шыққанда, усы үш урыўдан ибарат болған бөлим екинши болып жүрсин. 17Алдынғы еки орда менен кейинги еки орданың ортасында Ушырасыў шатыры ҳәм лебийлилердиң ордасы жолға шықсын. Ҳәр бир урыўдың орналасыў тәртиби қандай болса, жолға шыққанда да сондай болсын. Ҳәр бири өз байрағы астында өз орнында жүрсин. 18Ушырасыў шатырының батыс тәрепинде орналасатуғын урыўлар Эфрайым ордасының байрағы астында бөлимлерге бөлинип орналассын. Эфрайым урыўының көсеми Аммиҳуд улы Элишама. 19Оның дизимнен өткен ләшкерлериниң саны 40 500. 20Оның қасына Менашше урыўы өз шатырларын тиксин. Менашше урыўының көсеми Педасур улы Гамалиел. 21Оның дизимнен өткен ләшкерлериниң саны 32 200. 22Бенямин урыўы да Эфрайым урыўының жанына өз шатырларын тиксин. Бенямин урыўының көсеми Гидоний улы Абидан. 23Оның дизимнен өткен ләшкерлериниң саны 35 400. 24Эфрайым ордасының есабына кирген бөлимлердеги барлық ләшкерлердиң саны 108 100. Үшинши болып усылар жолға шықсын. 25Ушырасыў шатырының арқа тәрепинде орналасатуғын урыўлар Дан урыўының байрағы астында бөлимлерге бөлинип орналассын. Дан урыўының көсеми Аммишаддай улы Ахиезер. 26Оның дизимнен өткен ләшкерлериниң саны 62 700. 27Оның қасына Ашер урыўы өз шатырларын тиксин. Ашер урыўының көсеми Охран улы Пагиел. 28Оның дизимнен өткен ләшкерлериниң саны 41 500. 29Нафталий урыўы да Дан урыўының жанына өз шатырларын тиксин. Нафталий урыўының көсеми Энан улы Ахира. 30Оның дизимнен өткен ләшкерлериниң саны 53 400. 31Дан ордасының есабына кирген барлық ләшкерлердиң саны 157 600. Олар өз байрақлары астында ең ақырында жолға шықсын. 32Солай етип, өз әўладлары бойынша есаптан өткен пүткил Израил халқы усылар еди. Ҳәр бир орданың бөлимлерге бөлинип, есаптан өткен барлық ләшкерлердиң саны 603 550. 33Жаратқан Ийениң Муўсаға берген буйрығы бойынша Лебий урыўы басқа израиллылар менен бирге есаптан өткерилмеди. 34Солай етип, израиллылар Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғанындай етип иследи. Олар өз байрақлары астында ордаларын қурды. Олардың ҳәр бири тийре ҳәм әўладлары бойынша орналасып, сол тәртипте жолға шығатуғын еди.
Copyright information for
KaaIBT22C