‏ Numbers 20

Жартастан аққан суў

1Биринши айда Израил халқының пүткил жәмийети Зин шөлине жетип барып, Қадешке орналасты. Мәриям сол жерде қайтыс болып, жерленди.

2Ол жерде халық ушын ишетуғын суў жоқ еди. Сол себепли олар Муўса менен Харонға қарсы жыйналып, 3Муўсаға былай деп урысты:

– Туўысқанларымыз Жаратқан Ийениң алдында өлген ўақытта, бизлер де олар менен бирге өлип кеткенимиз жақсы еди!
4Жаратқан Ийениң жәмийетин бул шөлге не ушын алып келдиң? Бизлер малларымыз бенен бирге өлиўимиз ушын ба? 5Не ушын бизлерди усы жаман жерге алып келиў ушын Мысырдан алып шықтың? Бул жердиң егислиги де, әнжири де, жүзими де, анары да жоқ. Ҳәттеки, ишетуғын суўы да жоқ!

6Муўса менен Харон жәмийеттиң алдынан кетип, Ушырасыў шатырының алдына барды да, ол жерде ет бетинен жерге жығылды. Сонда Жаратқан Ийениң салтанаты оларға көринди. 7 8Жаратқан Ийе Муўсаға:

– Таяғыңды ал. Әжағаң Харон менен бирге жәмийетти бир жерге жыйнаң. Кейин жәмийеттиң көз алдында суў атлығып шығыўы ушын, жартасқа буйрық бериң. Сонда сен жартастан суў шығарып, оларға да, ҳайўанларына да суў бересең, – деди.

9Муўса өзине берилген буйрық бойынша Жаратқан Ийениң дәргайындағы таяқты алып, 10Харон менен бирге жәмийетти жартастың алдына жыйнады. Муўса оларға:

– Ҳәй, көтерилисшилер, маған қулақ салыңлар! Мына жартастан сизлерге суў шығарып берейик пе? – деди.
11Соннан кейин, Муўса қолындағы таяғын көтерип, жартасқа еки мәрте урды. Сонда жартастан суў атлығып шықты ҳәм пүткил жәмийет те, ҳайўанлары да оннан суў ишти.

12Жаратқан Ийе Муўса менен Харонға былай деди:

– Маған толық исенбей, израиллылардың көз алдында Мениң мухаддеслигимди тән алмадыңлар. Соның ушын, Мен бул жәмийетке беретуғын елге оларды сизлер алып бармайсызлар.

13Израил халқы Жаратқан Ийеге қарсы шығып, даўласқан сол жер Мериба
Мериба – «даў» дегенди билдиреди.
суўлары деп аталды. Усы жерде Жаратқан Ийе оларға Өз мухаддеслигин көрсетти.

Эдом патшасының өз жери арқалы израиллыларды өткизбеўи

14Муўса Қадештен Эдом патшасына елшилер арқалы мынадай хабар жиберди: «Туўысқаның болған Израил халқы былай деп айтып атыр: Басымызға түскен барлық қыйыншылықлардан хабарың бар. 15Ата-бабаларымыз Мысыр жерине барып қоныс басты ҳәм сол жерде узақ ўақыт даўамында жасадық. Мысырлылар ата-бабаларымызға да, бизлерге де зулымлық қылды. 16Бирақ бизлер Жаратқан Ийеге жалбарынғанымызда, Ол периштесин жиберип, бизлерди Мысырдан алып шықты. Мине, енди бизлер сениң шегараңа жақын жердеги Қадеш қаласында турыппыз. 17Бизлерге елиң арқалы өтип кетиўимизге рухсат берсеңиз. Сизлердиң егин атызларыңызға, жүзим бағларыңызға кирмеймиз ҳәм қудықларыңыздан суў ишпеймиз. Елиңиз арқалы өткенде, оңға да, шепке де бурылмай, тек ғана Патша жолы деген үлкен жолдан жүрип, жолымызды даўам етемиз».

18Бирақ Эдом патшасы: «Елим арқалы өтпейсизлер! Болмаса, сизлерге қарсы қылыш көтеремиз», – деп жуўап берди.

19Сонда израиллылар оған: «Бизлер үлкен жолдан жүрип, өтип кетемиз. Егер бизлер ямаса малларымыз суўыңнан ишсек, оның ҳақысын төлеймиз. Бизлер тек бары-жоғы елиңиз арқалы өтип кетемиз», – деп өтиниш қылды.

20Деген менен, Эдом патшасы оларға және: «Өтпейсизлер!» – деп жуўап берди. Соннан кейин, эдомлылар израиллыларға қарсы жүрис қылыў ушын, көп санлы ҳәм күшли ләшкерлери менен жолға шықты. 21Эдом патшасы елинен өтиўине рухсат бермегеннен соң, израиллылар артқа бурылып, айланып өтиў ушын, оннан узақласты.

Харонның өлими

22Пүткил Израил жәмийети Қадештен шығып, Ҳор таўына келди. 23Жаратқан Ийе Эдом шегарасындағы Ҳор таўында Муўса менен Харонға былай деди:

24– Харон өлип, өз ата-бабаларына қосылады. Ол Мен Израил халқына беретуғын елге кирмейди. Өйткени екеўиңиз Мериба суўлары жанында Мениң буйрығыма қарсы шықтыңлар. 25Енди сен Харон менен оның улы Элазарды Ҳор таўына алып шық. 26Харонның руўханийлик кийимлерин шешип алып, оларды улы Элазарға кийгиз. Харон ол жерде өлип, ата-бабаларына қосылады.

27Муўса Жаратқан Ийениң буйырғанындай қылды. Олар үшеўи де пүткил жәмийеттиң көз алдында Ҳор таўына көтерилди. 28Муўса Харонның руўханийлик кийимлерин үстинен шешип алды да, оларды улы Элазарға кийгизди. Харон сол жерде, таўдың жоқарысында өлди. Кейин, Муўса менен Элазар таўдан түсти. 29Пүткил Израил жәмийети Харонның өлгенин билгенде, ол ушын отыз күн аза тутты.
Copyright information for KaaIBT22C