Numbers 21
Арад қаласының жоқ қылыныўы
1Негебте жасап атырған қананлы Арад патшасы израиллылардың Атарим жолынан киятырғанынан хабар тапқанда, оларға ҳүжим қылып, олардың базыларын тутқынға алды. 2Сол себепли израиллылар Жаратқан Ийеге: «Егер Сен бул халықты бизлерге тәслим қылсаң, олардың барлық қалаларын Саған бағышлап, толығы менен жоқ етемиз», – деп ўәде берди. 3Жаратқан Ийе израиллылардың жалбарынған даўысын еситти ҳәм қананлыларды оларға тәслим қылды. Израиллылар оларды қырып таслап, қалаларын толығы менен жоқ қылды. Кейин ала сол жерге Хорма ▼▼ Хорма – «пүткиллей жоқ етиў» ямаса «бағышланған» дегенди билдиреди.
деген ат берилди. Мыстан соғылған жылан
4Израил халқы Ҳор таўынан шығып, Эдом елин айланып өтип кетиў ушын, Қызыл теңизге баратуғын жол менен жүрип кетти. Бирақ халық жолда кетип баратырып, және сабырсызлық қылды. 5Олар Қудайға ҳәм Муўсаға қарсы налып: – Не ушын бизлерди Мысырдан алып шықтыңыз? Шөлде өлип кетиўимиз ушын ба? Бул жерде нан да, суў да жоқ. Ал мына жеркенишли маннадан болса кеўлимиз айнып кетти! – деди. 6Сонда Жаратқан Ийе халық арасына зәҳәрли жыланлар жиберди. Жыланлар израиллыларды шақты ҳәм олардан көп адамлар өлди. 7Халық Муўсаның алдына келип: – Жаратқан Ийеге ҳәм саған қарсы сөйлеп, бизлер гүна қылдық. Бизлердиң арамыздан жыланларды жоқ қылыўы ушын, Жаратқан Ийеге жалбарынып, дуўа қыл, – деди. Солай етип, Муўса халық ушын дуўа етти. 8Жаратқан Ийе Муўсаға: – Бир жылан ислеп, оны бақан үстине орналастыр. Жылан шаққан ҳәр бир адам оған қараса, тири қалады, – деди. 9Солай етип, Муўса мыстан бир жылан ислеп, оны бақанның үстине орналастырды. Жылан шаққан адамлар мыс жыланға қарағанда, олар өлмей, тири қалды.Моабқа қарай жол
10Израил халқы жолын даўам етип, Оботқа орналасты. 11Соннан соң, олар Оботтан шығып, Моабтың шығыс тәрепиндеги шөлге, Ийе-Абаримге орналасты. 12Ол жерден де шығып, Зеред дәрьясында тоқтады. 13Кейин олар сол жерден шығып, амор халқының шегарасына дейин созылған шөлде, Арнон дәрьясының арғы жағасында тоқтады. Арнон дәрьясы Моаб пенен Амор елиниң арасындағы шегара еди. 14Жаратқан Ийениң Саўашлары китабында Суфа жерлериндеги Ўаҳеб қаласы, сайлар, және де, Арнон дәрьясы, 15Ар қаласына дейин ҳәм Моаб шегарасы бойлап созылған таў жанбаўырлардағы сайлар ҳаққында сөз етиледи. 16Сол жерден Израил халқы Беер ▼▼ Беер – «қудық» дегенди билдиреди.
деген жердеги қудыққа жол алды. Бул қудықтың қасында Жаратқан Ийе Муўсаға: «Халықты бир жерге жыйна, Мен оларға суў беремен», – деп айтқан еди. 17Сол ўақытта израиллылар мына қосықты айтты:«Суўларың толып тассын, ҳәй, қудық!Қудыққа арнап қосық айтың.
18Бул қудықты қазды басшылар менен халық көсемлери,
Ҳүкимдарлық ҳаса ҳәм ҳаса таяқлары менен қазған еди».
Соннан соң, олар шөлден Маттанаға, 19Маттанадан Наҳалиелге, Наҳалиелден Бамотқа, 20Бамоттан Моаб жерлериндеги ойпатлыққа, шөлге қарама-қарсы болған Писга таўының етеклерине кетти.
Патша Сихон ҳәм патша Огтың жеңилиске ушыраўы
21Израиллылар Амор патшасы Сихонға елшилери арқалы мына хабарды жиберди: 22«Елиңизден өтип кетиўимизге рухсат берсеңиз. Бизлер атызларыңызға ҳәм жүзим бағларыңызға кирмеймиз ҳәм ҳеш бир қудықтан суў ишпеймиз. Шегараңыздан өтип кеткенше, Патша жолынан жүрип, жолымызды даўам етемиз». 23Деген менен, Сихон өз ели арқалы израиллылардың өтип кетиўине рухсат бермеди. Ол израиллылар менен урысыў ушын пүткил ләшкерлерин жыйнап, шөлге қарай шықты. Яҳасқа жетип барып, израиллыларға қарсы ҳүжим қылды. 24Урыста израиллылар Сихонды қылыш жүзинен өткерип, оларды жеңилиске ушыратты ҳәм Арнон дәрьясынан Яббоқ дәрьясына шекемги барлық жерлерди ийелеп алды. Бирақ аммон халқының шегарасынан арман қарай өтпеди, себеби Аммон елиниң шегарасы беккем еди. 25Израиллылар Хешбон ҳәм оның дөгерегиндеги аўыллар менен бирге амор халқының барлық қалаларын қолға киргизип, сол жерлерде жасай баслады. 26Хешбон амор халқының патшасы Сихонның қаласы еди. Сихон Моабтың алдынғы патшасына қарсы саўаш ашып, оның Арнон дәрьясына дейин созылған жерлерин басып алған еди. 27Соның ушын, жыраўлар былай деп жырлап жүрди:«Хешбонға келиң, оны қайта қурың,Сихонның қаласын беккем қылың,
28Хешбоннан от жалыны шықты,
Сихонның қаласынан от лаўлап шықты,
Моабтың Ар қаласын,
Арнон төбешиги хожайынларын жағып жоқ етти.
29Ҳәсирет болсын саған, ҳәй моаб халқы!
Кемош қудайының халқы жоқ болдың!
Кемош өз улларын қашқын қылды,
Қызларын болса Амор патшасы Сихонға тутқын қылды.
30Оларды жеңилиске ушыраттық,
Хешбоннан Дибонға дейин ҳәммесин жоқ қылдық.
Медебаға созылған Нофахқа дейин оларды ўайран қылдық».
31Солай етип, Израил халқы амор халқының елинде жасай баслады. 32Муўса Язерди көзден өткериў ушын адамларын жиберди. Кейин израиллылар Язер дөгерегиндеги аўылларды басып алып, ол жерде жасап атырған амор халқын қуўып жиберди. 33Соннан кейин, олар Башанға қарай жол алды. Башан патшасы Ог оларға қарсы урысыў ушын барлық ләшкерлери менен Эдрейде олардың алдынан шықты. 34Сонда Жаратқан Ийе Муўсаға: – Оннан қорқпа! Өйткени оның өзин, ләшкерлерин ҳәм пүткил елин саған тәслим қыламан. Амор халқының Хешбонда жасаған патшасы Сихонға не ислеген болсаң, оған да соны ислейсең, – деди. 35Солай етип, Израил халқы ҳеш кимди аман қалдырмастан, Ог пенен оның балаларын ҳәм ләшкерлерин қырып таслады. Кейин олар Огтың елин ийелеп алды.
Copyright information for
KaaIBT22C