‏ Numbers 21:4-6

Мыстан соғылған жылан

4Израил халқы Ҳор таўынан шығып, Эдом елин айланып өтип кетиў ушын, Қызыл теңизге баратуғын жол менен жүрип кетти. Бирақ халық жолда кетип баратырып, және сабырсызлық қылды. 5Олар Қудайға ҳәм Муўсаға қарсы налып:

– Не ушын бизлерди Мысырдан алып шықтыңыз? Шөлде өлип кетиўимиз ушын ба? Бул жерде нан да, суў да жоқ. Ал мына жеркенишли маннадан болса кеўлимиз айнып кетти! – деди.

6Сонда Жаратқан Ийе халық арасына зәҳәрли жыланлар жиберди. Жыланлар израиллыларды шақты ҳәм олардан көп адамлар өлди.
Copyright information for KaaIBT22C