Numbers 21:4-9
Мыстан соғылған жылан
4Израил халқы Ҳор таўынан шығып, Эдом елин айланып өтип кетиў ушын, Қызыл теңизге баратуғын жол менен жүрип кетти. Бирақ халық жолда кетип баратырып, және сабырсызлық қылды. 5Олар Қудайға ҳәм Муўсаға қарсы налып: – Не ушын бизлерди Мысырдан алып шықтыңыз? Шөлде өлип кетиўимиз ушын ба? Бул жерде нан да, суў да жоқ. Ал мына жеркенишли маннадан болса кеўлимиз айнып кетти! – деди. 6Сонда Жаратқан Ийе халық арасына зәҳәрли жыланлар жиберди. Жыланлар израиллыларды шақты ҳәм олардан көп адамлар өлди. 7Халық Муўсаның алдына келип: – Жаратқан Ийеге ҳәм саған қарсы сөйлеп, бизлер гүна қылдық. Бизлердиң арамыздан жыланларды жоқ қылыўы ушын, Жаратқан Ийеге жалбарынып, дуўа қыл, – деди. Солай етип, Муўса халық ушын дуўа етти. 8Жаратқан Ийе Муўсаға: – Бир жылан ислеп, оны бақан үстине орналастыр. Жылан шаққан ҳәр бир адам оған қараса, тири қалады, – деди. 9Солай етип, Муўса мыстан бир жылан ислеп, оны бақанның үстине орналастырды. Жылан шаққан адамлар мыс жыланға қарағанда, олар өлмей, тири қалды.
Copyright information for
KaaIBT22C