‏ Numbers 22

Моаб патшасы Балақтың Биламды шақырыўы

1Соннан кейин, израиллылар жолын даўам етти. Олар ойпатлықтың Моабқа тийисли бөлегине келип, Иордан дәрьясының шығысына, Ерихо қаласының қарсы алдына орналасты.

2Сиппор улы Балақтың израиллылардың амор халқына нелер ислегенинен хабары бар еди. 3Израил халқы соншелли көп болғанлықтан, моаблылар олардан қатты қорқысып, албыраўшылыққа түскен еди.

4Сонда моаблылар Мидян ақсақалларына: «Өгиз жайлаўдағы от-шөпти жеп жоқ қылғаны сыяқлы, бул халық та дөгерегимиздеги барлық нәрсени ишип-жеп жоқ қылады», – деди.

Сол ўақытлары Сиппор улы Балақ Моаб патшасы еди.
5Балақ Беор улы Биламды шақыртыў ушын хабаршыларын жиберди. Билам Евфрат дәрьясының бойында, Аммаў үлкесиндеги Петорда жасайтуғын еди. Балақ Биламға хабаршыларынан былай деп айтып жиберген еди:

«Мысыр жеринен шығып, жер жүзин қаплаған бир халық мениң жаныма келип орналасты.
6Өтинемен, сиз келип, меннен де күшли болған сол халықты мен ушын нәлетлең. Мүмкин, сонда мен оларды жеңип, елимнен қуўып шығара аларман. Өйткени сизиң пәтия берген адамыңыз жарылқанып, нәлетлеген адамыңыз нәлетленетуғынын билемен».

7Моаб ҳәм Мидян ақсақаллары Биламға нәлетлеўи ушын төленетуғын пулды алып кетти. Олар Биламға барып, оған Балақтың сөзлерин жеткерди.

8Билам оларға:

– Усы жерде қонып қалың. Жаратқан Ийениң айтқаны бойынша сизлерге жуўап беремен, – деди.

Солай етип, Моаб басшылары Биламның үйинде қонып қалды.

9Қудай Биламға келип, оннан:

– Үйиңде қалған мына адамлар ким? – деп сорады.

10Билам Қудайға былай деп жуўап берди:

– Моаб патшасы Сиппор улы Балақ маған мына хабарды жиберипти:
11«Мысыр жеринен шыққан бир халық жер жүзин қаплап кетти. Сиз келип, мен ушын сол халықты нәлетлең. Сонда мен оларға қарсы урысыўға күшим жетип, оларды қуўып жибере аларман».

12Бирақ Қудай Биламға:

– Олар менен бирге барма! Сол халықты нәлетлеме, себеби олар жарылқаў алған халық, – деди.

13Азанда Билам Балақтың жиберген басшыларына:

– Елиңизге қайта бериң. Себеби Жаратқан Ийе сизлер менен бирге барыўыма рухсат бермеди, – деди.

14Моаб басшылары изине қайтып, Балаққа: «Билам бизлер менен бирге келиўге ыразы болмады», – деди.

15Сонда Балақ алдынғы жибергенлеринен де көбирек ҳәм олардан да абырайлылаў басшыларын жиберди. 16Олар Биламның алдына барып, былай деп айтты:

– Сиппор улы Балақ былай деп айтып жиберди: «Өтинемен, мениң алдыма келиўиңизге ҳеш бир нәрсе тосқынлық қылыўына жол қоймаң.
17Өйткени сизге айрықша ҳүрмет көрсетемен, не қәлесеңиз, соны ислеймен. Не болса да, келиң, мен ушын бул халықты нәлетлең».

18Билам Балақтың хабаршыларына мынадай жуўап қайтарды:

– Балақ сарайындағы барлық гүмис ҳәм алтынды маған берсе де, Қудайым Жаратқан Ийениң буйрығысыз ҳеш нәрсе қылмайман.
19Мәрҳәмат, бүгин түнде усы жерде сизлер де қонып қалың, Жаратқан Ийениң маған басқа не айтатуғынын билип алайын.

20Сол түни Қудай Биламға келип:

– Бул адамлар сени шақырыў ушын келген екен, олар менен бирге бар, бирақ Мен саған не айтсам, соны ислейсең, – деди.

Биламның ешеги

21Солай етип, азанда Билам ешегин ертледи де, Моаб басшылары менен бирге кетти. 22Билам жолға шыққанда, Қудай оған ғәзепленди. Жаратқан Ийениң периштеси оған қарсылық қылыў ушын, оның жолында турып алды. Сонда Билам ешегине минип, кетип баратыр еди. Оның қасында еки хызметкери бар еди. 23Ешек қылышын жалаңашлап турған Жаратқан Ийениң периштесин көргенде, жолдан шығынып, атыздың ишине кирип кетти. Ал Билам болса, ешегин жолға қайтарыў ушын, оны сабай баслады.

24Соннан соң, Жаратқан Ийениң периштеси жүзимзарлардың арасындағы тар соқпақта турып алды. Соқпақтың еки тәрепи де дийўаллар менен қоршалған еди. 25Ешек Жаратқан Ийениң периштесин көрип, дийўалға тығылып, Биламның аяғын қысып таслады. Билам ешегин және сабай баслады.

26Жаратқан Ийениң периштеси алдыға жылжып, тар жерде турып алды. Енди ешек оңға да, солға да бурылып кете алмайтуғын еди. 27Жаратқан Ийениң периштесин көрген ешек Биламның астына жатып алды. Биламның буған ғәзеби қайнап, таяғы менен ешекти және сабай баслады. 28Сонда Жаратқан Ийениң қүдирети менен ешекке тил питип, Биламға:

– Мени үш мәрте урып сабағандай, мен саған не қылдым? – деп сорады.

29Билам:

– Сен мени мазақ қылып атырсаң. Егер қолымда қылышым болғанда, сени өлтирип таслаған болар едим! – деп бақырды.

30Ешек оған:

– Усы күнге дейин минип жүрген ешегиң мен емеспен бе? Бурын саған усындай қылық шығарған ба едим? – деди.

Билам:

– Яқ, – деди.

31Соннан соң, Жаратқан Ийе Биламның көзин ашты. Сонда Билам қылышын жалаңашлап, жолда турған Жаратқан Ийениң периштесин көрип, ет бетинен жерге жығылды.

32Жаратқан Ийениң периштеси Биламға:

– Не ушын ешегиңди үш мәрте урып, сабадың? Саған қарсылық қылыў ушын келдим. Себеби тутқан жолың сени бәлеге дуўшар қылады.
33Ал ешегиң болса Мени көрип, үш мәрте өзин жолдан шетке алып қашты. Егер ол жолдан шетке шықпағанда, сени өлтирип, оны аман қалдырған болар едим, – деди.

34Билам Жаратқан Ийениң периштесине:

– Гүна қылдым. Маған қарсы шығыў ушын, жолда турғаныңды билмеппен. Егер бул тутқан жолым Саған мақул болмаса, онда үйиме қайтайын, – деди.

35Жаратқан Ийениң периштеси оған:

– Мына адамлар менен бирге кете бер. Бирақ Мен саған не айтсам, тек ғана соны айтасаң, – деди. Солай етип, Билам Балақтың басшылары менен бирге кетти.

Патша Балақтың Билам менен ушырасыўы

36Балақ Биламның киятырғанын еситиўден, оны күтип алыў ушын Арнон бойындағы, Моаб елиниң шегарасында жайласқан Ир қаласына кетти. 37Балақ Биламға:

– Сизди шақырыў ушын жиберген алдынғы адамларым менен не ушын келмедиңиз? Ямаса мени саўға менен сыйлаўға күши жетпейди, деп ойлап па едиңиз? – деди.

38Билам Балаққа:

– Мине, енди сизиң алдыңызға келдим. Қудай мениң аўзыма қандай сөз салса, соны айтаман, өзлигимнен не айтыўым мүмкин? – деп жуўап берди.

39Соннан кейин, Билам Балақ пенен бирге жолға түсип, Кирят-Хусот қаласына кетти. 40Сол жерде Балақ буға ҳәм қойларды қурбанлыққа шалды. Қурбанлықтың гөшинен Билам менен оның қасындағы басшыларға да берди.

41Ертеңине азанда Балақ Биламды Бамот-Баал төбешигине алып шықты. Билам ол жерден Израил халқының бир бөлегин көрди.
Copyright information for KaaIBT22C