‏ Numbers 23

Биламның биринши айтқан сөзлери

1Билам Балаққа:

– Усы жерде мен ушын жети қурбанлық орын қурып, жети буға менен жети қошқар таярлаң, – деди.

2Балақ оның айтқанларын иследи. Балақ пенен Билам екеўи ҳәр бир қурбанлық орынның үстинде бир буға ҳәм бир қошқардан жандырылатуғын қурбанлық қылды.

3Кейин Билам Балаққа:

– Сиз қурбанлықларыңыздың қасында турың, мен сәл арманлаў барып көрейин. Бәлким, Жаратқан Ийе мениң менен ушырасыўға келер. Ол маған не десе, сизге соны айтаман, – деди де, төбешикке шықты.

4Қудай Биламға көрингенде, Билам Қудайға:

– Жети қурбанлық орын қурдырдым, ҳәр бир қурбанлық орынның үстинде бир буға ҳәм бир қошқардан қурбанлық қылдым, – деди.

5Жаратқан Ийе Биламның аўзына айтатуғын сөзлерин салып, оған:

– Балақтың алдына бар ҳәм оған Мениң айтқан сөзлеримди жеткиз, – деди.

6Солай етип, Билам Балақтың қасына қайтып барды. Ол Балақтың Моаб басшылары менен бирге жандырылған қурбанлықтың жанында турғанын көрди. 7Сонда Билам мына сөзлерди айтты:

«Моаб патшасы Балақ мени Арамнан,
Шығыс таўларынан алып келди.
Ол: „Келип, мениң ушын Яқып урпағын нәлетле,
Келип, Израилға жаманлық тиле!“– деди.
8Қудай нәлетлемегенди
Мен қалай нәлетлеймен?
Жаратқан Ийе жаманлық тилемегенге,
Мен қалай жаманлық тилеймен?
9Жартаслардың төбесинде турып, көрип турман оларды,
Төбелерден қарап турман оларға.
Өз алдына жасайтуғын,
Басқа халықлардан өзлерин бөлек услайтуғын,
Бир халықты көрип турман.
10Яқыптың қум сыяқлы көп урпағын ким санай алады?
Көтерилген шаң киби сансыз Израилды ким есаплай алады?
Ҳақ адамлардай болып мен де өлейин,
Ақыретим олардики киби болсын!»

11Балақ Биламға:

– Маған не ислеп атырсыз өзи? Мен сизди душпанларымды нәлетлесин деп алып келген едим, ал сиз болсаңыз, оларға пәтия берип атырсыз-ғо! – деди.

12Билам:

– Мен Жаратқан Ийе аўзыма салған сөзди абайлап айтыўым керек емес пе? – деп жуўап берди.

Биламның айтқан екинши сөзи

13Соннан соң, Балақ оған былай деди:

– Мениң менен бирге оларды көре алатуғын басқа жерге жүриң. Бирақ ол жерден олардың ҳәммесин емес, ал тек ғана бир бөлегин көресиз. Сол жерде турып, Израил халқын мениң ушын нәлетлең.
14Солай етип, Балақ Биламды Писга таўының төбесиндеги гүзетиў орнына алып барды. Балақ ол жерде де жети қурбанлық орын қурып, ҳәр бир қурбанлық орынның үстинде бир буға ҳәм бир қошқардан қурбанлық берди.

15Билам Балаққа:

– Сен усы жерде, жандырылатуғын қурбанлықтың қасында тур, ал мен ана жерге барып, Жаратқан Ийе менен ушырасып келемен, – деди.

16Жаратқан Ийе Билам менен ушырасты ҳәм оның аўзына айтатуғын сөзлерин салып:

– Балақтың алдына барып, оған мына сөзлерди жеткиз, – деди.

17Солай етип, Билам Балақтың қасына қайтып барды. Ол Балақтың Моаб басшылары менен бирге жандырылған қурбанлықтың қасында турғанын көрди.

Балақ:

– Жаратқан Ийе не деди? – деп сорады.

18Билам оған мына сөзлерди жеткерди:

«Балақ, тыңлап түсинип алың,
Сиппор улы, маған қулақ салың.
19Қудай инсан емес жалған сөйлейтуғын,
Ол адамзат емес Өз пикирин өзгертетуғын.
Ол Өзи айтқан сөзин әмелге асырар,
Ўәде бергенде, сөзсиз орынлар.
20Жарылқаў ушын маған буйрық берди,
Өзгерте алмаспан мен Оның жарылқаўын.
21Яқып урпағында апат көринбейди,
Бахытсызлық та көринбес Израилда,
Қудайы Жаратқан Ийе олар менен бирге,
Ол Патшасыдур олардың арасында,
Патшалық кәрнай шертилер арналып Оның атына.
22Қудай оларды Мысырдан алып шықты,
Жабайы буға сыяқлы Оның күши бар.
23Яқыптың урпағында жорыўшылық жоқ,
Израилда палкерлик қылынбас.
Енди болса, Яқыптың урпағы Израил ушын,
„Қудай нелерди иследи!“– деп айтылып атыр.
24Мине, халық ана арыслан киби оянар,
Арыслан яңлы олжасын жеп таўыспағанша,
Өлтирген олжасының қанын ишип болмағанша жатпас».

25Сонда Балақ:

– Егер Израил халқын нәлетлемейди екенсиз, онда оларды жарылқамаң да! – деди.

26Билам оған:

– Саған Жаратқан Ийе не айтса, соны айтаман деп айтқан жоқ па едим? – деп жуўап берди.

Биламның айтқан үшинши сөзи

27Балақ Биламға:

– Не болса да, жүриң, енди сизди басқа жерге алып барайын. Бәлким, Қудайға мақул болып, ол жерден оларды нәлетлеўиңизге жол қояр, – деди.
28Солай етип, ол Биламды Пеор таўының төбесине алып барды. Ол жерден шөл дала көринетуғын еди.

29Билам оған:

– Бул жерде де жети қурбанлық орын қурып, жети буға ҳәм жети қошқар таярлаң, – деди.
30Балақ оның айтқанларын иследи ҳәм ҳәр бир қурбанлық орынның үстинде бир буға ҳәм бир қошқардан қурбанлық берди.
Copyright information for KaaIBT22C