Numbers 24
1Билам Жаратқан Ийениң Израил халқын жарылқаўды мақул көретуғынын билгенде, алдынғыдай барып, жорыўға урынбады. Ол өз нәзерин шөлге қаратты. 2Билам ол жақта Израилдың урыў-урыў болып жайласқанын көрди. Сонда Қудайдың Руўхы Биламның үстине түсти 3ҳәм Билам мына сөзлерди айтты:«Көзи ашық Беор улы Билам,4Қудайдың сөзлерин еситкен,
Қүдирети күшли Қудайдың аяны түскен,
Жерге қулаған, бирақ Қудай көзлерин ашқан адам сөйлейди:
5„Яқып урпағы, шатырларың қандай әжайып,
Израил халқы, мәкан жериңиз қандай гөззал!
6Олар созылғандур пальмазардай,
Дәрья бойындағы бағы-бақша киби,
Жаратқан Ийениң отырғызған алоэ ағашындай,
Мегзейди суў бойындағы кедр ағашларына.
7Суў ыдысларынан суў толып тасар,
Туқымлары мол суў менен суўғарылар.
Агагтан ▼
▼ Агаг – Амалеклердиң патшасы.
Израил патшасы уллы болар,Израил патшалығы қүдиретли болар.
8Қудай оларды Мысырдан алып шықты,
Жабайы буға сыяқлы күши бар Оның.
Душпаны болған халықларды жалмамай жутар,
Олардың сүйеклерин езип, оқларын сындырар.
9Израил арысландай, ана арыслан яңлы,
Жерге ийилди де, жатты,
Оны оятыўға кимниң батылы барар?
Сени жарылқайтуғынлар жарылқансын,
Сени ғарғайтуғынлар ғарғысқа ушырасын!“»
10Биламға ғәзеби қайнаған Балақ қолларын бир-бирине урып: – Душпанларымды нәлетлесин деп, сизди шақырған едим. Ал сиз болсаңыз, оларға үш мәрте пәтия бердиңиз. 11Енди дәрҳал үйиңизге қайтың! Сизге саўға сыйлайман деген едим, бирақ Жаратқан Ийе сизди саўғадан бос қалдырды, – деди. 12– 13Сонда Билам оған жуўап берип, былай деди: – Маған жиберген елшилериңе: «Балақ сарайындағы барлық гүмис ҳәм алтынды маған берсе де, Жаратқан Ийениң буйрығысыз ҳеш қандай жақсы да, жаман да нәрсе қылмайман. Ал Жаратқан Ийе нени буйырса, соны сөйлеймен», – деп айтқан жоқпан ба? 14Енди мен өз елиме қайтаман. Бирақ алдын Израил халқының келешекте сениң халқыңа нелер ислейтуғынын айтып берейин.
Биламның төртинши мәрте айтқан сөзлери
15Соңынан Билам мына сөзлерди айтты:«Көзи ашық Беор улы Билам,16Қудайдың сөзлерин еситкен,
Қудай Тааладан билим алған,
Қүдирети күшли Қудайдың саўлатын көрген,
Жерге қулаған, Қудай көзлерин ашқан адам сөйлейди:
17„Оны көрип турман, бирақ ҳәзир емес,
Оған қарап турман, бирақ ол жақын емес.
Яқып урпағынан бир жулдыз шығар,
Израилдан патшалық ҳасасы көтерилер.
Ол Моабтың көсемлерин жоқ қылып,
Шеттиң урпағының басларын езер.
18Душпаны болған Эдомды ийелеп алар,
Аўа, Сеир жеңилиске ушырар,
Ал Израил халқы күшке толар.
19Яқып урпағынан болған адам басшылық қылар,
Қала халқының қалғанларын жоқ қылар“».
Биламның ақырғы сөзлери
20Соннан кейин, Билам амалеклерди көрип, мынадай сөзлерди айтты:«Амалек халқы басқа халық арасында биринши еди,Бирақ апат болажақ оның ақыры».
21Кейин ол кен халқын көрип, мынадай сөз айтты:«Сизлердиң баспанаңыз беккем,
Уяңыз жартасларға қурылған.
22Бирақ, ҳәй кенлер, ашшур халқы сизлерди тутқын қылғанда,
Сизлер жанып, жоқ боласызлар».
23Билам сөзлерин және былай деп даўам етти:«Оҳ, буны әмелге асыратуғын Қудай болса,
Онда ким аман қалар?
24Киттим жағаларынан кемелер келер,
Ашшур менен эбер халқын тәслим қылар,
Бирақ өзлери де апатқа дуўшар болар».
25Кейин, Билам жолға шығып, үйине қайтты. Балақ та өз жолы менен кетти.
Copyright information for
KaaIBT22C