‏ Numbers 25

Израиллылардың Пеорда гүнаға батыўы

1Израиллылар Шиттимде орналасып турғанда, олардың еркеклери моаблы қызлар менен бузықшылық қыла баслады. 2Моаблы ҳаяллар израиллыларды өз қудайларына арнап беретуғын қурбанлыққа мирәт етти. Израил халқы олардың қурбанлық гөшлеринен жеди ҳәм олардың қудайларына табынды. 3Солай етип, Израил халқы Пеордағы Баалға байланып қалды. Сол себептен Жаратқан Ийениң оларға ғәзеби қайнады.

4Жаратқан Ийе Муўсаға:

– Бул халықтың барлық басшыларын әкелип, оларды күндиз Мениң алдымда асып қой. Усылай етип, Мениң Израил халқына болған лаўлаған ғәзебим түссин, – деди.

5Сонда Муўса Израил басшыларына:

– Ҳәр бириңиз Пеордағы Баалға байланып қалған адамларыңызды өлтириң, – деп буйрық берди.

6Жәмийет Ушырасыў шатырының алдында жылап турғанда, израиллы бир адам мидянлы бир ҳаялды Муўсаның ҳәм Израил жәмийетиниң көз алдында өз шатырына алып кирген еди. 7Буны көрген Харонның ақлығы, Элазар улы Пинехас жәмийет арасынан шығып, қолына бир найза алды. 8Пинехас израиллы сол адамның изинен барып, шатырға кирди де, найзаны екеўине де қадады. Найза израиллы сол адамның денесин тесип өтип, мидянлы сол ҳаялдың қарнына кирген еди. Солай етип, Израил халқын жоқ етип атырған оба тоқтады. 9Бул обадан өлгенлердиң саны 24 000 адам еди.

10Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:

11– Руўханий Харонның ақлығы, Элазар улы Пинехас Израил халқына болған ғәзебимди қайтарды. Өйткени ол халықтың арасында Мениң ушын уллы қызғанышты көрсетти. Сол себепли, Мен Өз қызғаныўшылығым менен оларды пүткиллей жоқ қылмадым. 12Сен оған былай деп айт: Мен Пинехас пенен тынышлық келисимимди дүземен. 13Бул келисим бойынша Пинехас ҳәм оның әўлады мәңги руўханий болады. Себеби ол Қудайы ушын қызғанышты көрсетип, Израил халқынан Мениң ғәзебимди қайтарды.

14Мидянлы ҳаял менен бирге өлтирилген израиллы адамның аты Салу улы Зимрий еди. Ол Шимон урыўындағы бир әўладтың басшысы еди. 15Ал өлтирилген ҳаял болса, мидянлы бир тийрениң басшысы болған Сурдың қызы Козбий еди.

16Жаратқан Ийе Муўсаға:

17– Мидян халқын душпан деп бил ҳәм оларды қырып тасла. 18Өйткени олар сизлерге қарсы сумлық ойлап, сизлерди Пеорда жалған қудайларға табындырды ҳәм өзлериниң туўысқаны болған мидянлы тийре басшысының қызы Козбий арқалы азғырыўға салып, душпанлық қылды. Бул ҳаял Пеорда оба тарқалған ўақытта өлтирилген еди, – деди.
Copyright information for KaaIBT22C