Numbers 27
Селофехадтың қызлары
1Юсуп улы Менашшениң урыўынан болған Махирдиң шаўлығы, Гиладтың ақлығы, Хефердиң улы болған Селофехад деген адамның қызлары бар еди. Олардың атлары Махла, Ноа, Хогла, Милка ҳәм Тирса еди. 2Бир күни Селофехадтың қызлары Ушырасыў шатырының алдына, Муўсаның, руўханий Элазардың, көсемлердиң ҳәм пүткил жәмийеттиң алдына келип, былай деди: 3– Әкемиз шөлде қайтыс болған еди. Ол Жаратқан Ийеге көтерилис қылған Қорахтың шериклеслериниң арасында болған жоқ еди, ал өз гүнасы себепли қайтыс болған еди. Оның ул перзенти болмады. 4Ул перзенти болмағаны ушын әкемиздиң аты өз тийреси арасынан өшип қалыўы керек пе? Әкемиздиң туўысқанлары менен қоса бизлерге де жер үлес бериң. 5Муўса олардың талабын Жаратқан Ийеге жеткерди. 6Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: 7– Селофехадтың қызлары дурыс айтып атыр. Оларға әкесиниң туўысқанлары менен бир қатар мийрас қылып, үлес жер бер. Әкесиниң жер үлеси оларға берилсин. 8Израиллыларға былай деп айт: Егер ким де ким ул перзенти болмай қайтыс болса, оның мүлки қызына берилсин. 9Егер қызы болмаса, оның мүлки туўысқанларына берилсин. 10Егер оның туўысқанлары болмаса, әкесиниң туўысқанларына берилсин. 11Ал егер әкесиниң туўысқанлары болмаса, оның мүлки өзине ең жақын болған тийрелес ағайинине берилсин. Сол ағайини мийрасхор болсын. Муўсаға буйырғанымдай, бул израиллылар ушын қағыйда болып қалсын.Ешуаның Муўсаның орнына тайынланыўы
(Нзм 31:1-8)
12Соннан соң, Жаратқан Ийе Муўсаға: – Абарим таўына шығып, израиллыларға беретуғын елге қара. 13Сол елди көргениңнен соң, әжағаң Харон сыяқлы сен де өлип, ата-бабаларыңа қосыласаң. 14Себеби Харон екеўиңиз де Зин шөлинде буйрығыма қарсы шыққан едиңиз. Жәмийет суў бойында Маған көтерилис қылғанда, сизлер олардың көз алдында Мениң мухаддеслигиме ҳүрмет көрсетпедиңлер, – деди. Бул ўақыя Зин шөлинде, Қадештеги Мериба суўлары бойында болған еди. 15Муўса Жаратқан Ийеге былай деди: 16– Жаратқан Ийе, пүткил адамзатқа жан берген Қудай, бул жәмийетке бир басшы тайынла. 17Ол адам жәмийеттиң алдында жүрип, оларға басшылық қылсын. Солай етип, Жаратқан Ийениң, яғный Сениң жәмийетиң шопансыз қойлардай болып қалмасын. 18Сонда Жаратқан Ийе былай деди: – Руўхый күшли адамды – Нун улы Ешуаны жаныңа ал ҳәм оған қолыңды қой. 19Соннан кейин, оны руўханий Элазар менен пүткил жәмийеттиң алдына шығарып, олардың көз алдында оны хызметке тайынла. 20Пүткил Израил жәмийети оған бойсыныўы ушын, Ешуаға өз бийлигиңнен бер. 21Бирақ Ешуа руўханий Элазардың алдына барып, хабарласатуғын болсын. Элазар Урим ▼▼ Урим – бул Қудайдың еркин билиў ушын арналған тас болып, оны шек таслаў жолы менен қолланған болыўы мүмкин.
арқалы Ешуа ушын Мениң еркимди билип берсин. Усылай етип, Ешуа ҳәм пүткил Израил жәмийети барлық жағдайда усыған қарап ис тутсын. 22Муўса Жаратқан Ийениң өзине буйырғанындай етип орынлады. Ол Ешуаны руўханий Элазардың ҳәм пүткил жәмийеттиң алдына тик турғызып қойды. 23Кейин Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша Муўса Ешуаның үстине қолларын қойып, оны хызметке тайынлады.
Copyright information for
KaaIBT22C