‏ Numbers 29

Кәрнай байрамы

1«Жетинши айдың биринши күни мухаддес жыйналыс қылың, күнделикли жумысларыңызды ислемең. Сол күни сизлер ушын кәрнай шертилетуғын күн болсын. 2Жаратқан Ийеге хош ийисли сый болыўы ушын минсиз бир буға, бир қошқар ҳәм бир жасардан болған жети еркек тоқлыны жандырылатуғын қурбанлық етип усының. 3Буға менен бирге ғәлле садақасы ушын зәйтүн майы араластырылған оннан үш эфа сапалы ун, қошқар менен бирге оннан еки эфа сапалы ун, 4ҳәр бир тоқлы менен бирге оннан бир эфа сапалы ун алып келиң. 5Өзлериңизди гүналардан пәклеў ушын гүна қурбанлығы етип бир теке усының. 6Қағыйда бойынша ҳәр бир айда ҳәм күнделикли берилетуғын жандырылатуғын қурбанлық пенен ишимлик садақасы ҳәм ғәлле садақасынан тысқары усыларды қурбанлыққа бериң. Булар – Жаратқан Ийеге хош ийисли сый болады».

Гүнадан пәклениў күни усынылатуғын қурбанлықлар

7«Жетинши айдың оныншы күни мухаддес жыйналыс қылың. Сол күни ораза тутып, ҳеш қандай жумыс ислемең. 8Жаратқан Ийеге хош ийисли сый ушын бир буға, бир қошқар ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған жети тоқлыны жандырылатуғын қурбанлық қылып усының. Қурбанлыққа берилетуғын бул ҳайўанлар минсиз болсын. 9Буға менен бирге берилетуғын ғәлле садақасы ушын зәйтүн майы араластырылған оннан үш эфа сапалы ун, қошқар менен бирге оннан еки эфа сапалы ун, 10ҳәр бир тоқлы менен бирге оннан бир эфа сапалы уннан усының. 11Гүна қурбанлығы ушын бир теке усының. Бул қурбанлықлар гүналарыңыздан пәклениў ушын берилген гүна қурбанлығынан, күнделикли жандырылатуғын қурбанлық пенен ишимлик ҳәм ғәлле садақаларынан тысқары берилсин».

Қос байрамында берилетуғын қурбанлықлар

12«Жетинши айдың он бесинши күни мухаддес жыйналыс қылың. Сол күни күнделикли жумысларыңызды ислемең. Жети күн даўамында Жаратқан Ийеге арнап байрам қылың. 13Биринши күни Жаратқан Ийеге хош ийисли сый ушын он үш буға, еки қошқар ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған он төрт еркек тоқлыны жандырылатуғын қурбанлық етип усының. Бул ҳайўанлар минсиз болсын. 14Ҳәр бир буға менен бирге берилетуғын ғәлле садақасы ушын зәйтүн майы араластырылған оннан үш эфа сапалы ун, ҳәр бир қошқар менен бирге оннан еки эфа сапалы ун, 15ҳәр бир тоқлы менен бирге оннан бир эфа сапалы уннан усының. 16Гүна қурбанлығы ушын бир теке усының. Бул қурбанлықлар күнделикли жандырылатуғын қурбанлық пенен ғәлле ҳәм ишимлик садақаларынан тысқары берилсин.

17Екинши күни он еки буға, еки қошқар ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған он төрт еркек тоқлыны усының. Бул ҳайўанлардың ҳәммеси минсиз болсын. 18Ҳәр бир буға, қошқар ҳәм тоқлы менен бирге санына қарай белгиленген муғдарда ғәлле ҳәм ишимлик садақаларын усының. 19Гүна қурбанлығы ушын бир теке усының. Бул қурбанлықлар күнделикли жандырылатуғын қурбанлық пенен ғәлле ҳәм ишимлик садақаларынан тысқары берилсин.

20Үшинши күни он бир буға, еки қошқар ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған он төрт еркек тоқлыны қурбанлық қылың. Бул ҳайўанлардың ҳәммеси минсиз болсын. 21Ҳәр бир буға, қошқар ҳәм тоқлы менен бирге санына қарай белгиленген муғдарда ғәлле ҳәм ишимлик садақаларын усының. 22Гүна қурбанлығы ушын бир теке усының. Бул қурбанлықлар күнделикли жандырылатуғын қурбанлық пенен ғәлле ҳәм ишимлик садақаларынан тысқары берилсин.

23Төртинши күни он буға, еки қошқар ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған он төрт еркек тоқлыны қурбанлық қылың. Бул ҳайўанлардың ҳәммеси минсиз болсын. 24Ҳәр бир буға, қошқар ҳәм тоқлы менен бирге санына қарай белгиленген муғдарда ғәлле ҳәм ишимлик садақаларын усының. 25Гүна қурбанлығы ушын бир теке усының. Бул қурбанлықлар күнделикли жандырылатуғын қурбанлық пенен ғәлле ҳәм ишимлик садақаларынан тысқары берилсин.

26Бесинши күни тоғыз буға, еки қошқар ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған он төрт еркек тоқлыны қурбанлық қылың. Бул ҳайўанлардың ҳәммеси минсиз болсын. 27Ҳәр бир буға, қошқар ҳәм тоқлы менен бирге санына қарай белгиленген муғдарда ғәлле ҳәм ишимлик садақаларын усының. 28Гүна қурбанлығы ушын бир теке усының. Бул қурбанлықлар күнделикли жандырылатуғын қурбанлық пенен ғәлле ҳәм ишимлик садақаларынан тысқары берилсин.

29Алтыншы күни сегиз буға, еки қошқар ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған он төрт еркек тоқлыны қурбанлық қылың. Бул ҳайўанлардың ҳәммеси минсиз болсын. 30Ҳәр бир буға, қошқар ҳәм тоқлы менен бирге санына қарай белгиленген муғдарда ғәлле ҳәм ишимлик садақаларын усының. 31Гүна қурбанлығы ушын бир теке усының. Бул қурбанлықлар күнделикли жандырылатуғын қурбанлық пенен ғәлле ҳәм ишимлик садақаларынан тысқары берилсин.

32Жетинши күни жети буға, еки қошқар ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған он төрт еркек тоқлыны қурбанлық қылың. Бул ҳайўанлардың ҳәммеси минсиз болсын. 33Ҳәр бир буға, қошқар ҳәм тоқлы менен бирге санына қарай белгиленген муғдарда ғәлле ҳәм ишимлик садақаларын усының. 34Гүна қурбанлығы ушын бир теке усының. Бул қурбанлықлар күнделикли жандырылатуғын қурбанлық пенен ғәлле ҳәм ишимлик садақаларынан тысқары берилсин.

35Сегизинши күни салтанатлы жыйналыс қылың, күнделикли жумысларыңызды ислемеңлер. 36Жаратқан Ийеге хош ийисли сый ушын бир буға, бир қошқар ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған жети еркек тоқлыны жандырылатуғын қурбанлық етип усының. Бул ҳайўанлар минсиз болсын. 37Ҳәр бир буға, қошқар ҳәм тоқлы менен бирге санына қарай белгиленген муғдарда ғәлле ҳәм ишимлик садақаларын усының. 38Гүна қурбанлығы ушын бир теке усының. Бул қурбанлықлар күнделикли жандырылатуғын қурбанлық пенен ғәлле ҳәм ишимлик садақаларынан тысқары берилсин.

39Усы қурбанлықлардың барлығын – ўәде бойынша берилетуғын қурбанлық ҳәм ықтыярлы қурбанлықларыңыздан тысқары жандырылатуғын қурбанлық болсын, ғәлле ҳәм ишимлик садақалар болсын, татыўлық қурбанлық болсын Жаратқан Ийеге белгиленген ўақытта алып келиң».
Copyright information for KaaIBT22C