Numbers 3
Харонның уллары
1Жаратқан Ийе Синай таўында Муўса менен сөйлескенде, Харон менен Муўсаның урпақлары мыналардан ибарат еди: 2Харонның уллары: туңғышы Надаб, оннан кейингиси Абиҳу, Элазар ҳәм Итамар. 3Май қуйылып, руўханийлик хызметке тайынланған Харонның уллары усылар еди. 4Бирақ Надаб пенен Абиҳу Синай шөлинде Жаратқан Ийениң алдында буйырылмаған от усынғаны ушын өлген еди. Олардың екеўи де перзентсиз еди. Сонлықтан Элазар менен Итамар әкеси Харонның қасында руўханийлик хызметин атқарды.Лебийлилердиң хызметлери
5Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: 6– Руўханий Харонға жәрдем бериўи ушын Лебий урыўын шақырып, оларды хызметке қой. 7Олар Харон ҳәм пүткил жәмийет ушын Ушырасыў шатырында қараўыллық қылсын ҳәм ондағы барлық хызметти алып барсын. 8Олар израиллылар ушын Ушырасыў шатырында хызмет қылып, ондағы барлық буйымларға жуўапкер болсын. 9Лебийлилерди Харон ҳәм оның улларының хызметине тапсыр. Лебийлилер Израил халқының ишинде пүткиллей Харонның хызметине арналады. 10Руўханийлик хызметин атқарыўы ушын Харон менен улларын хызметке қой. Олардан басқа Мухаддес орынға жақынлаған ҳәр бир адам өлтирилсин. 11Жаратқан Ийе Муўсаға және былай деди: 12– Мине, Израил халқының қарыннан биринши шыққан улларының орнына лебийлилерди таңладым. Олар Маған тийисли. 13Өйткени барлық туңғышлар Маған тийисли. Мен Мысырда туңғышлардың ҳәммесин жоқ қылған күни, Израилдың барлық туңғышларын – адамның туңғышын, ҳайўанның биринши төлин Өзиме айырып алдым. Олар Маған тийисли. Себеби Мен – Жаратқан Ийемен.Лебий урыўының дизимге алыныўы
14Жаратқан Ийе Муўсаға Синай шөлинде былай деди: 15– Лебий урыўын санақтан өткиз. Бир айлық ҳәм оннан жоқары жастағы барлық ер адамларды әўладлары ҳәм тийрелери бойынша есаплап шық. 16Солай етип, Муўса Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша оларды санап шықты. 17Лебийдиң улларының атлары мыналар: Гершон, Қоҳат ҳәм Мерарий. 18Гершонның тийре басшылары болған уллары мыналар: Либний ҳәм Шимей. 19Қоҳаттың тийре басшылары болған уллары: Амрам, Исҳар, Хеброн ҳәм Уззиел. 20Мерарийдиң тийре басшылары болған уллары: Махлий ҳәм Муший. Әўладлары бойынша Лебий тийрелери усылар. 21Гершоннан Либний ҳәм Шимей тийрелери келип шықты. 22Олардың бир айлық ҳәм оннан жоқары жастағы есаптан өткен барлық еркеклериниң саны 7500. 23Гершон тийрелери батыста, Шатырдың артқы тәрепинде орналасыўы керек еди. 24Гершон әўладының басшысы Лаел улы Элясаф еди. 25Гершонның урпағы Ушырасыў шатырының мына затлары ушын жуўапкер еди: шатырдың ишки бөлими менен жапқышларына, шатырдың кирер аўзындағы пердеге, 26ҳәўли ҳәм қурбанлық орынды қоршап турған перделерге, ҳәўлиниң кирер аўзындағы пердеге, арқанларға ҳәм буларға тийисли барлық хызметлерге. 27Қоҳаттан Амрам, Исҳар, Хеброн ҳәм Уззиел тийрелери келип шықты. 28Олардағы бир айлық ҳәм оннан жоқары жастағы барлық ер адамлардың саны 8600 еди. Олар Мухаддес шатырдың хызметине жуўапкер болды. 29Қоҳаттан келип шыққан тийрелер шатырдың қубла тәрепинде орналасыўы керек еди. 30Қоҳат әўладының басшысы Уззиел улы Элисафан еди. 31Қоҳат урпағы Келисим сандығына, столға, шыра қойғышқа, қурбанлық орын менен түтетки түтетилетуғын орынға, Мухаддес шатырдың буйымларына, Ең мухаддес бөлме менен Мухаддес бөлмени бөлип турған пердеге ҳәм усыларға тийисли хызметлерге жуўапкер еди. 32Лебий урыўының басшыларының үстинен руўханий Харонның улы Элазар басшылық қылатуғын еди. Мухаддес шатырға жуўапкер адамлар оның бақлаўы астында болды. 33Мерарийден Махлий ҳәм Муший тийрелери келип шықты. 34Олардың бир айлық ҳәм оннан жоқары жастағы есаптан өткен барлық еркеклериниң саны 6200. 35Мерарий әўладының басшысы Абихайыл улы Суриел еди. Мерарий тийрелери шатырдың арқа тәрепинде орналасыўы керек еди. 36– 37Мерарий урпақлары шатырдың мына затлары ушын жуўапкер еди: шатырдың тахтайларына, қадаларына, бақанларына, ултанларына ҳәм буларға тийисли барлық затларға, шатырдың ҳәўлисиниң әтирапындағы бақанлары менен ултанларына ҳәм қазықлары менен арқанларына ҳәм буларға тийисли барлық хызметке. 38Муўса, Харон ҳәм оның уллары шатырдың шығысқа қараған алдынғы тәрепине, Ушырасыў шатырының алдында орналасатуғын еди. Олар израиллылар атынан Мухаддес мәканда хызмет қылыў ушын қойылған еди. Олардан басқа сол хызметти атқарыўға Мухаддес мәканға жақынлаған ҳәр бир адам өлтирилетуғын еди. 39Муўса менен Харон Жаратқан Ийениң буйрығына муўапық Лебий урыўын тийрелери бойынша бир айлық ҳәм оннан жоқары жастағы барлық ер адамларды санап шыққанда, олардың улыўма саны 22 000 болды.Лебий урыўының туңғыш уллардың орнын басыўы
40Соннан кейин, Жаратқан Ийе Муўсаға: – Израиллылардың бир айлық ҳәм оннан жоқары жастағы еркек туңғышларын санап шығып, оларды атпа-ат дизимге ал. 41Израиллылардың барлық туңғыш улларының орнына лебийлилерди, және де, израиллылардың ҳайўанларының биринши төллериниң орнына лебийлилердиң ҳайўанларын Маған айырып бер. Мен – Жаратқан Ийемен, – деди. 42Солай етип, Муўса Жаратқан Ийениң буйырғанындай етип, израиллылардың барлық туңғыш улларын санап шықты. 43Атпа-ат есапқа алынған бир айлық ҳәм оннан жоқары жастағы туңғыш ер адамлар барлығы болып 22 273 болды. 44Жаратқан Ийе Муўсаға және былай деди: 45– Израиллылардың туңғыш улларының орнына лебийлилерди, ҳайўанларының орнына да лебийлилердиң ҳайўанларын айырып шығар. Лебийлилер Меники болады. Мен – Жаратқан Ийемен. 46Лебийлилердиң санынан артық шыққан 273 израиллы туңғыш ер адамлар ушын қун төлеп қайтып алыўы тийис. 47Ҳәр бир артық шыққан адам ушын бес шекел ▼▼ Бес шекел – бир шекел шама менен 11 гр.
гүмистен ал. Ҳәр бир шекел гүмис бөлеклери Мухаддес орын өлшеми менен жигирма герадан ▼▼ Жигирма гера – бир гера шама менен 0,5 гр.
болсын. 48Лебийлилердиң санынан артық шыққанлардан қун сыпатында алынатуғын гүмисти Харон менен улларына бер. 49Муўса лебийлилерден артық шыққан израиллыллардан қун төлеми сыпатында пул алғанда, 50бул Мухаддес орын өлшеми менен 1365 шекел гүмис болды. 51Муўса Жаратқан Ийениң өзине буйырғанындай, қунның төлемлерин Харон ҳәм оның улларына берди.
Copyright information for
KaaIBT22C