‏ Numbers 30

1Солай етип, Муўса Жаратқан Ийениң өзине буйырған ҳәр бир сөзин израиллыларға жеткерди.

Ўәделерге байланыслы қағыйдалар

2Муўса Израилдың урыў басшыларына былай деди:

– Жаратқан Ийе былай деп буйырды:
3«Егер ким де ким Жаратқан Ийеге ўәде берсе ямаса өзин бир нәрседен тыйыў ушын ант ишсе, ол өз ўәдесин бузбай, айтқан сөзлериниң ҳәммесин орынласын.

4Егер бир қыз әкесиниң үйинде жасап атырған ўақтында, Жаратқан Ийеге ўәде берсе ямаса өзин бир нәрседен тыйыў ушын ант ишсе, 5әкеси оның Жаратқан Ийеге берген ўәдесин ямаса өзин бир нәрседен тыйыў ушын берген антын еситип, оған қарсы шықпаса, онда қыздың берген ўәдеси ҳәм анты өз күшинде қалады. 6Ал егер қыздың әкеси оның берген ўәдесин ҳәм өзин бир нәрседен тыйыў ушын берген антын еситкен күни қадаған қылса, қыздың берген ўәдеси ҳәм анты өз күшинде қалмайды. Әкеси қызының антын қадаған қылғаны ушын, Жаратқан Ийе қызды кеширеди.

7Егер қыз ўәде бергеннен соң ямаса ойланбастан өзин бир нәрседен тыйыў ушын ант ишкеннен кейин турмысқа шықса, 8оның күйеўи усы ҳаққында еситкен күни қарсы шықпаса, онда қыздың берген ўәдеси ҳәм анты өз күшинде қалады. 9Ал егер қыздың күйеўи усы ҳаққында еситкен күни қадаған қылса, қыздың берген ўәдеси ҳәм анты өз күшинде қалмайды. Жаратқан Ийе қызды кеширеди.

10Жесир яки күйеўинен айырылысқан ҳаялдың берген ўәдеси ямаса өзин бир нәрседен тыйыў ушын берген анты өз күшинде қалады.

11Егер күйеўи менен бирге жасап атырған ҳаял ўәде берсе ямаса бир нәрседен өзин тыйыў ушын ант ишсе, 12оның күйеўи бул ҳаққында еситип, оған қарсы шықпаса, онда ҳаялдың берген ўәдеси ҳәм ишкен ҳәр бир анты өз күшинде қалады. 13Ал егер оның күйеўи бул ҳаққында еситкен күни буны бийкарласа, ҳаялдың берген ўәдеси ҳәм ишкен анты өз күшинде қалмайды. Күйеўи буларды бийкарлағаны ушын, Жаратқан Ийе ҳаялды кеширеди. 14Солай етип, күйеўи ҳаялының берген ўәдесин ямаса бир нәрседен өзин тыйыў ушын ишкен антын орынлаўына рухсат бериўи де, оны бийкар қылыўы да мүмкин. 15Егер күйеўи бир күн ишинде бул мәселеде ҳаялына қарсы шықпаса, онда ҳаялының берген барлық ўәделерин ямаса бир нәрседен өзин тыйыўы ушын ишкен антын тастыйықлап, рухсат берген болады. Себеби ол буларды еситкен күни ҳаялына қарсы шықпай, оны мақуллаған болып есапланады. 16Бирақ күйеўи буларды еситкеннен кейин ертеңине бийкарласа, ол ҳаялының айыбына өзи жуўапкер болады».

17Ерли-зайыплылардың ҳәм әкеси менен үйинде жасап атырған қыздың арасындағы қарым-қатнасларға тийисли Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырған қағыйдалары усылардан ибарат.
Copyright information for KaaIBT22C