Numbers 31
Мидянлылардан өш алыў
1Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: 2– Мидянлылардан израиллылардың өшин ал, соннан кейин бул дүньядан көз жумып, өз ата-бабаларыңа қосыласаң. 3Соннан кейин, Муўса халыққа: – Мидянлыларға барып, олардан Жаратқан Ийениң өшин алыў ушын өз адамларыңызды урысқа алып шығың. 4Израилдың ҳәр бир урыўынан мың адамнан урысқа жибериң, – деди. 5Солай етип, Израилдың ҳәр бир урыўынан мың адамнан, он еки мың адам таңлап алынып, урысқа таяр болып турды. 6Муўса оларды ҳәм руўханий Элазар улы Пинехасты урысқа жиберди. Пинехас өзи менен бирге мухаддес орынға тийисли базы буйымларды ҳәм дабыл қағып белги беретуғын кәрнайларды алып кетти. 7Израиллылар Жаратқан Ийениң Муўсаға берген буйрығы бойынша мидянлыларға қарсы саўаш ашып, олардың барлық еркеклерин қырып таслады. 8Өлтирилгенлердиң арасында Мидянның бес патшасы – Эўий, Рекем, Сур, Хур ҳәм Реба да бар еди. Олар Беор улы Биламды да қылыш пенен өлтирди. 9Израиллылар мидян халқының ҳаяллары менен балаларын тутқын қылып, барлық малларын, сүриўлерин ҳәм мүликлерин олжа қылып алды. 10Мидянлылардың жасап атырған барлық қалалары менен ордаларына от берди. 11Олар адамларды, ҳайўанларды ҳәм олжа қылып алған барлық мүликлерди өзлери менен алып кетти. 12Бул тутқынларды ҳәм олжа қылып алған мал-мүликлерди Иордан дәрьясының бойына, Муўса менен руўханий Элазар ҳәм Израил жәмийети жыйналған Ерихо қаласының қарсысында жайласқан ойпатлықтың Моабқа тийисли бөлегиндеги ордаға алып келди. 13Муўса, руўханий Элазар ҳәм жәмийет басшылары оларды қарсы алыў ушын орданың сыртына шықты. 14Бирақ Муўса саўаштан қайтқан орда сәркәрдаларына – мыңбасыларға ҳәм жүзбасыларға ғәзепленди. 15Муўса оларға былай деди: – Не ушын барлық ҳаялларды аман қалдырдыңыз?! 16Бул ҳаяллар Биламның берген мәсләҳәти бойынша Пеор таўында израиллылардың Жаратқан Ийеге қыянет етиўине себеп болған еди. Сол себепли Жаратқан Ийениң жәмийети арасында өлим обасы ҳәўиж алған еди. 17Енди барлық ул балаларды ҳәм еркек көрген ҳаялларды өлтириң. 18Тек ғана еркекке жақынласпаған жас қызларды өзлериңиз ушын аман қалдырың. 19Соңынан араңыздағы адам өлтирген ямаса өлиге жантасқан ҳәр бир адам жети күн даўамында орданың сыртында қалсын. Үшинши ҳәм жетинши күни өзлериңизди де, тутқынларыңызды да пәклең. 20Және де, барлық кийимлерди, териден, ешки жүнинен ҳәм ағаштан исленген ҳәмме затларды пәклең. 21Кейин руўханий Элазар саўаштан қайтқан ләшкерлерге былай деди: – Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырған нызамының талаплары мыналардан ибарат: 22алтын, гүмис, мыс, темир, қалайы, қорғасын – 23отқа жанбайтуғын барлық затларды оттан өткерип, ҳадаллап алың, сонда олар ҳадал саналады. Соның менен бирге, оларды пәклеў суўы менен де ҳадаллаң. Отқа жанатуғын затларды суўдың өзи менен ҳадаллап алың. 24Жетинши күни кийимлериңизди жуўың. Сонда сизлер пәк саналасызлар. Кейин сизлер ордаға қайтып келиўиңизге болады.Олжаға түскен мүликлердиң үлестирилиўи
25Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: 26– Сен, руўханий Элазар ҳәм жәмийеттиң әўлад басшылары қолға түскен тутқынлар менен олжаға түскен малларды есаплап шығың. 27Қолға киргизгенлериңизди теңдей екиге бөлип, саўашқа қатнасқан ләшкерлер менен жәмийеттиң қалған адамларына бөлистирип бериң. 28Саўашқа қатнасқан ләшкерлердиң пайына түскен тутқынлардан, мал, ешек ҳәм майда малдан Жаратқан Ийеге, Маған бес жүзден биреўин пай қылып айырып бериң. 29Әскерлерден алынған усы пайды Маған ажыратылған түрде руўханий Элазарға бериң. 30Израиллыларға түскен жарты пайдан – адамлардан, мал, ешек ҳәм майда малдан, яғный барлық ҳайўанлардан елиўден биреўин алып, Мениң Мухаддес шатырымның жумысына жуўапкер болған лебийлилерге бериң. 31Муўса менен руўханий Элазар Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғанындай етип иследи. 32Саўашқа қатнасқан ләшкерлердиң қолға киргизгенлеринен қалған олжалар мыналар еди: 675 000 майда мал, 3372 000 ири мал, 3461 000 ешек, 35еркекке жақынласпаған 32 000 қыз. 36Саўашқа қатнасқан ләшкерлерге түскен жарты пай мыналар: 337 500 майда мал, 37булардан Жаратқан Ийеге 675 ири мал пай қылып берилди, 3836 000 ири мал, булардан Жаратқан Ийеге 72 ири мал пай қылып берилди, 3930 500 ешек, булардан Жаратқан Ийеге 61 ешек пай қылып берилди, 4016 000 қыз, булардан Жаратқан Ийеге 32 қыз пай қылып берилди. 41Муўса Жаратқан Ийениң өзине буйырғанындай Жаратқан Ийеге ажыратылған пайды руўханий Элазарға берди. 42Муўсаның саўашқа қатнасқан ләшкерлерден алып, израиллыларға ажыратып берген жарты пайы мыналар: 43337 500 майда мал, 4436 000 ири мал, 4530 500 ешек, 4616 000 қыз. 47Жаратқан Ийениң өзине буйырғанындай, Муўса израиллыларға түскен жарты пайдан ҳәр елиў адамнан ҳәм ҳәр елиў ҳайўаннан биреўин алып, Жаратқан Ийениң Мухаддес шатырының хызметине жуўапкер болған лебийлилерге берди. 48Соннан кейин, орда сәркәрдалары – мыңбасылар менен жүзбасылар Муўсаның алдына барып: 49– Мырза, қол астымыздағы ләшкерлерди санап шықтық, бирде бир ләшкеримизди жойтпаппыз. 50Мине, қолға киргизген алтын буйымларымызды – қолға тағылатуғын шынжыр, билезик, жүзик, сырға ҳәм ҳәйкеллеримизди алып келдик. Жанымыздың қуны сыпатында усыларды Жаратқан Ийеге беремиз, – деди. 51Муўса менен руўханий Элазар олар алып келген барлық алтын буйымларды алды. 52Мыңбасы менен жүзбасылар Жаратқан Ийеге берген алтынның аўырлығы барлығы болып 16 750 шекел. 53Саўашқа қатнасқан ҳәр бир ләшкер болса, олжаларын өзлерине қалдырған еди. 54Муўса менен руўханий Элазар мыңбасы ҳәм жүзбасылардың усынған алтынларын қабыллап алды. Оларды Жаратқан Ийениң Израил халқын еслеп турыўы ушын Ушырасыў шатырына алып келди.
Copyright information for
KaaIBT22C