‏ Numbers 32

Иордан дәрьясының шығыс тәрепинде орналасқан урыўлар

1Рубен ҳәм Гад урыўларының маллары жүдә көп еди. Олар Язер ҳәм Гилад жерлериниң мал шарўашылығы ушын қолайлы жер екенин көрип, 2Муўса менен руўханий Элазардың ҳәм жәмийет басшыларының алдына барып, былай деди:

3– Атарот, Дибон, Язер, Нимра, Хешбон, Элале, Себам, Небо ҳәм Беон қалалары 4жайласқан елди Жаратқан Ийе Израил халқына жеңип берди. Бул елдиң жери маллар ушын қолайлы екен. Ал қулларыңыз болған бизлерде малларымыз бар. 5Мийрим көрсетип, бизлерди Иордан дәрьясының арғы тәрепине өткизбей, бул елди бизлерге мүлик етип бер.

6Муўса оларға былай деп жуўап берди:

– Туўысқанларыңыз саўашқа баратырғанда, сизлер усы жерде қалажақсыз ба?
7Жаратқан Ийениң берип атырған жерине кириўге израиллыларды не ушын айнытып атырсызлар? 8Мен әкелериңизди елди көзден өткериўге Қадеш-Барниядан жибергенимде, олар да тап усындай қылған еди. 9Олар Эшкол сайына дейин барып, елди көзден өткергеннен соң, Жаратқан Ийениң өзлерине беретуғын жерге бармаўы ушын израиллыларды айнытқан еди. 10Сол күни Жаратқан Ийениң ғәзеби қайнап, былай деп ант ишкен еди: 11«Мысыр жеринен шыққан жигирма ҳәм оннан жоқары жастағы адамлардың ҳеш бири Мениң Ибрайымға, Ысаққа ҳәм Яқыпқа беремен деп ант ишкен жеримди көрмейди. Өйткени олар пүткил жүреги менен Маған бойсынбады. 12Кениз тийресинен болған Ефунне улы Калеб пенен Нун улы Ешуадан басқа ҳеш бири ол жерди көрмейди. Себеби Калеб ҳәм Ешуа пүткил жүреги менен Маған садық қалды». 13Жаратқан Ийе израиллыларға қатты ғәзепленди. Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди ислеген сол әўлад пүткиллей жоқ болып кеткенше, оларды қырық жыл шөлде алып жүрди.

14Енди, мине, гүнакарлар әўлады болған сизлер әкелериңиздиң орнын басып, Жаратқан Ийениң Израилға болған лаўлаған ғәзебин күшейтип атырсызлар. 15Егер Оннан жүз бурсаңыз, Ол бул халықты және шөлге таслап кетеди. Солай етип, сизлер пүткил халықты жоқ қылажақсызлар.

16Бирақ Гад ҳәм Рубен урыўы Муўсаның қасына жақынлап, былай деди:

– Бизлердиң усы жерде малларымыз ушын қоралар соғып, бала-шағаларымыз ушын қалалар қурыўымызға рухсат бер.
17Ал өзлеримиз болса қуралланып, израиллылар менен бирге барып, олардың мәкан қылатуғын жерин ийелеп алғанға дейин, олардың алдында жүремиз. Бала-шағаларымыз елдиң турғынларынан қәўипсиз болған қорған қалаларда жасай берсин. 18Ҳәр бир израиллы өз мүлкин ийелемегенше, бизлер үйлеримизге қайтпаймыз. 19Иордан дәрьясының арғы жағасында олар менен бирге жер үлестен алмаймыз, себеби бизлердиң үлесимиз Иордан дәрьясының шығыс жағасында болады.

20Муўса оларға былай деп жуўап берди:

– Егер сизлер айтқанларыңызды орынлайтуғын болсаңыз, Жаратқан Ийениң алдында саўашқа барыў ушын қуралланың.
21Жаратқан Ийе душпанларын қуўып жибермегенше, ҳәммеңиз Оның алдында қуралланып, Иордан дәрьясының арғы жағасына өтиң. 22Пүткил сол ел Жаратқан Ийе ушын басып алынғаннан соң, сизлер Жаратқан Ийе ҳәм Израил халқы алдындағы миннетиңизден азат боласызлар. Сонда сизлер усы жерге қайтып келиўиңизге болады ҳәм бул жер Жаратқан Ийениң алдында сизлердиң мүлкиңиз болып қалады.

23Бирақ айтқанларыңызды орынламасаңыз, Жаратқан Ийеге қарсы гүна ислеген боласызлар ҳәм бул гүнаңыз өз басыңызға жетеди. 24Бала-шағаларыңыз ушын қалалар қурып, малларыңыз ушын қоралар соғың. Деген менен, берген ўәдеңизде турың.

25Гад ҳәм Рубен урыўларының адамлары Муўсаға былай деди:

– Мырзамыз, сиз не буйырсаңыз, қулларыңыз болған бизлер соны орынлаймыз.
26Бала-шағамыз, малларымыз ҳәм ҳайўанларымыз усы жерде, Гилад қалаларында қалады. 27Ал қулларыңыз болған бизлер сизиң буйырғаныңыздай, ҳәр биримиз қуралланып, Жаратқан Ийениң алдында саўашқа түсиў ушын дәрьяның арғы жағасына өтемиз.

28Соннан кейин, Муўса Гад ҳәм Рубен урыўлары ҳаққында руўханий Элазарға, Нун улы Ешуаға ҳәм Израил урыўларының әўлад басшыларына буйрық берип, 29былай деди:

– Егер Гад ҳәм Рубен урыўларынан қуралланған адамлар Жаратқан Ийениң алдында сизлер менен бирге Иордан дәрьясының арғы жағасына өтсе ҳәм сизлер сол елди қолға киргизсеңиз, онда Гилад үлкесин мүлик қылып, оларға бериң.
30Бирақ, егер де олар қуралланып, сизлер менен бирге дәрьяның арғы жағасына өтпесе, онда олар Қанан үлкесинен сизлер менен бирге үлес жер алады.

31Сонда Гад ҳәм Рубен урыўларының адамлары:

– Жаратқан Ийе қулларыңыз болған бизлерге қандай буйрық берген болса, соның ҳәммесин орынлаймыз.
32Бизлер қуралланып, Жаратқан Ийениң алдында Қанан үлкесине барамыз. Ал бизлердиң алатуғын жер үлесимиз Иордан дәрьясының шығыс жағасында болсын, – деди.

33Солай етип, Муўса Гад пенен Рубен урыўларына ҳәм Юсуп улы Менашше урыўының жартысына амор халқының патшасы Сихонның ели менен Башан патшасы Огтың елин ҳәм олардың қалалары менен қала дөгерегиндеги жерлерди берди.

34Гад урыўы Дибон, Атарот, Ароер, 35Атрот-Шофан, Язер, Иогбоҳа, 36Бейт-Нимра ҳәм Бейт-Ҳаран деген қорғанлы қалаларын жаңадан қурды, маллары ушын қоралар соқты. 37Рубен урыўы Хешбон, Элале, Кирятайым, 38атлары өзгертилген еки қала Небо менен Баал-Меон ҳәм Сибма қалаларын қайта қурды. Олар тиклеген қалаларына жаңадан ат қойды.

39Менашшениң улы Махирдиң әўладлары Гиладқа барды ҳәм оны ийелеп алып, ол жерде жасап атырған амор халқын қуўып шығарды. 40Солай етип, Муўса Гиладты Менашше улы Махирдиң әўладына берди. Олар сол жерге қоныс басты. 41Менашшениң улы Яир бир неше қалаларға ҳүжим етип, оларды ийелеп алды. Сол жерлерди Яирге тийисли қалалар деп атады. 42Нобах та Кенат қаласын ҳәм оның дөгерегиндеги аўылларды ийелеп алып, ол жерди өзиниң аты менен Нобах деп атады.
Copyright information for KaaIBT22C