‏ Numbers 33

Мысырдан Моабқа дейинги басып өтилген жол

1Муўса ҳәм Харонның жетекшилиги астында топ-тобы менен Мысырдан шыққан израиллылар төмендеги жоллар менен жүрип өтти. 2Муўса Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша көшип-қонып жүрген жолларында қоныс басқан жерлериниң атларын жазып барды. Бул жерлер мыналар еди:

3Израиллылар Қутқарылыў асынан кейинги күни, биринши айдың он бесинши күни мысырлылардың көз алдында нық қәдем атып, Рамсес қаласынан жолға шықты. 4Сол ўақытта мысырлылар Жаратқан Ийениң өлтирген туңғыш улларын жерлеп атырған еди. Себеби Жаратқан Ийе олардың қудайларын жазалаған еди.

5Солай етип, израиллылар Рамсестен жолға шығып кеткеннен кейин, олар Суккотқа орналасты.

6Кейин олар Суккоттан шығып, шөлдиң шетиндеги Этамға орналасты.

7Этамнан шығып, олар Баал-Сефонның шығысындағы Пий-Ҳахиротқа қарай бурылып, Мигдолға жақын жерге орналасты.

8Пий-Ҳахироттан шығып, теңиз арқалы өтип, шөлге қарай жол алды. Этам шөлинде үш күн жол жүргеннен соң, олар Мараға орналасты.

9Марадан шығып, олар он еки суў булағы ҳәм жетпис пальма ағашы болған Элимге барып, сол жерге орналасты.

10Олар Элимнен шығып, Қызыл теңиздиң бойына орналасты.

11Қызыл теңиздиң бойынан шығып, Син шөлине орналасты.

12Син шөлинен шығып, олар Дофқаға орналасты.

13Дофқадан шығып, Алушқа орналасты.

14Алуштан шығып, Рефидимге орналасты. Бирақ ол жерде халық ушын ишетуғын суў жоқ еди.

15Рефидимнен шығып, Синай шөлине орналасты.

16Синай шөлинен шығып, Киброт-Ҳаттааўаға орналасты.

17Киброт-Ҳаттааўадан шығып, Хасеротқа орналасты.

18Хасероттан шығып, Ритмаға орналасты.

19Ритмадан шығып, Риммон-Переске орналасты.

20Риммон-Перестен шығып, Либнаға орналасты.

21Либнадан шығып, Риссаға орналасты.

22Риссадан шығып, Кеҳелатаға орналасты.

23Кеҳелатадан шығып, Шефер таўына орналасты.

24Шефер таўынан шығып, Харадаға орналасты.

25Харададан шығып, Мақҳелотқа орналасты.

26Мақҳелоттан шығып, Тахатқа орналасты.

27Тахаттан шығып, Терахқа орналасты.

28Терахтан шығып, Митқаға орналасты.

29Митқадан шығып, Хашмонаға орналасты.

30Хашмонадан шығып, Мосеротқа орналасты.

31Мосероттан шығып, Бене-Яақанға орналасты.

32Бене-Яақаннан шығып, Хор-Ҳагидгадқа орналасты.

33Хор-Ҳагидгадтан шығып, Иотбатаға орналасты.

34Иотбатадан шығып, Абронаға орналасты.

35Абронадан шығып, Эсион-Геберге орналасты.

36Эсион-Геберден шығып, Зин шөлиндеги Қадешке орналасты.

37Қадештен шығып, олар Эдом шегарасындағы Ҳор таўының қасына орналасты.

38Руўханий Харон Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша Ҳор таўына шығып, сол жерде қайтыс болды. Бул ўақыя израиллылар Мысырдан шыққаннан кейин қырқыншы жылы, бесинши айдың биринши күнинде болды. 39Харон Ҳор таўында қайтыс болғанда 123 жаста еди.

40Қанан елиниң Негебте жасайтуғын қананлы Арад патшасы израиллылардың сол жерге келгенинен хабар тапты.

41Израиллылар Ҳор таўынан шығып, Салмонаға орналасты.

42Салмонадан шығып, Пунонға орналасты.

43Пуноннан шығып, Оботқа орналасты.

44Оботтан шығып, Моаб шегарасындағы Ийе-Абаримге орналасты.

45Ийе-Абаримнен шығып, Дибон-Гадқа орналасты.

46Дибон-Гадтан шығып, Алмон-Диблатайымға орналасты.

47Алмон-Диблатайымнан шығып, Небоға жақын Абарим таўларына орналасты.

48Абарим таўларынан шығып, ойпатлықтың Моабқа тийисли бөлегине, Ерихоның қарсысындағы Иорданның бойына орналасты. 49Олар ойпатлықтың Моабқа тийисли бөлегинде Иордан бойлап, Бейт-Ешимоттан Абел-Шиттимге дейин орналасып барды.

Иордан дәрьясынан өтпестен алдын берилген көрсетпелер

50Сол жерде, ойпатлықтың Моабқа тийисли бөлегинде, Ерихоның қарсысындағы Иорданның бойында Жаратқан Ийе Муўсаға былай деп айтты:

51– Израиллыларға былай деп айт: «Сизлер Иордан дәрьясынан өтип, Қанан елине киргениңизде, 52сол елде жасайтуғын барлық халықты қуўып жибериң, бут сүўретлерин ҳәм мүсинлерин жоқ қылып, сыйыныў орынларын бузып таслаң. 53Елди ийелеп алып, ол жерге орналасып алың, өйткени Мен сизлерге сол жерди мүлик қылып бердим. 54Жерлерди урыўлар ара шек таслап бөлисип алың. Үлкен урыўға үлкен үлес жер, киши урыўға киши үлес жер бериң. Шек бойынша кимге қайсы жер түссе, сол жер сол урыўға тийисли болады. Үлес жерлерди ата-бабаларыңыздан тараған урыўлар бойынша бөлистирип бериң.

55Егер сол елдиң турғынларын қуўып шығармасаңыз, онда сол жерде қалған халық көзлериңизге түскен шөп, бүйирлериңизге кирген тикендей болады. Олар жасайтуғын жериңизде сизлерди қысқыға алады. 56Сонда Мен оларға не ислеўди нийетлеген болсам, сизлерге соны ислеймен».
Copyright information for KaaIBT22C