Numbers 34
Қанан елиниң шегаралары
1Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: 2– Израиллыларға былай деп буйыр: «Сизлерге мүлик етип берилетуғын Қанан елине киргениңизде, оның шегаралары мынадай болады: 3Сизлердиң қубла тәрептеги шегараңыз Зин шөлинен Эдом шегарасы бойлап созылады. Бул қубла шегараңыз шығыстағы Өли теңиздиң шетинен басланады. 4Оннан кейин Ақраббим бийиклигиниң қубласынан Зин арқалы өтип, Қадеш-Барнияның қубласына дейин созылады. Ол жерден шегара Хасар-Аддар арқалы өтип, Асмонға дейин барады. 5Кейин сол жерден бурылып, Мысыр шегарасындағы сайға дейин созылып, Жер Орта теңизине барып таўысылады. 6Батыс шегараңыз Жер Орта теңизиниң жағасы болады. Батыстағы шегараңыз усыдан ибарат. 7Арқа шегараңыз Жер Орта теңизинен Ҳор таўына дейин созылады. 8Ҳор таўынан Лебо-Хаматқа дейин, кейин Седадқа дейин барып, 9Зифронға дейин созылады ҳәм Хасар-Энанда таўысылады. Арқадағы шегараңыз усыдан ибарат. 10Шығыс шегараңыз Хасар-Энаннан басланып, Шефамға дейин созылады. 11Кейин шегара Шефамнан Айынның шығыс тәрепиндеги Риблаға дейин барады. Ол жерден Киннерет көлиниң шығыс жағындағы жанбаўырларға дейин созылады. 12Соннан кейин, шегара ол жерден Иордан дәрьясы бойынша созылып, Өли теңизге барып тоқтайды. Ҳәр тәрептеги елиңиздиң шегаралары усы болады». 13Соннан кейин, Муўса израиллыларға: – Мине, мүлик қылып, шек бойынша бөлисип алатуғын ел усы болады. Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша бул ел тоғыз урыў менен бир урыўдың ярымына бөлистирип бериледи. 14Өйткени Рубен ҳәм Гад урыўлары менен Менашше урыўының ярымы өзлерине тийисли жер үлесин әўладлары бойынша бөлисип алды. 15Бул еки урыў менен ярым урыў Ерихоның қарсысындағы Иордан дәрьясының шығыс тәрепинен өз мүликлерин алды, – деди.Жерди бөлистирип бериўге жуўапкер жетекшилер
16Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: 17– Руўханий Элазар ҳәм Нун улы Ешуа Израил халқына елди бөлистирип берсин. 18Елди бөлистириў ушын ҳәр бир урыўдан бир жетекшиден алып, хызметке қойың. 19Сол адамлардың атлары мыналар: Яҳуда урыўынан Ефунне улы Калеб,20Шимон урыўынан Аммиҳуд улы Самуел,
21Бенямин урыўынан Кислон улы Элидад,
22Дан урыўынан Иоглий улы басшы Буккий,
23Юсуп улы Менашше урыўынан Эфод улы басшы Ханниел,
24Эфрайым урыўынан Шифтан улы басшы Кемуел,
25Зебулон урыўынан Парнах улы басшы Элисафан,
26Иссахар урыўынан Аззан улы басшы Палтиел,
27Ашер урыўынан Шеломий улы басшы Ахиҳуд,
28Нафталий урыўынан Аммиҳуд улы басшы Педаел.
29Қанан жерин Израил халқына мүлик етип бөлистирип бериң, деп Жаратқан Ийе усы адамларға буйырған еди.
Copyright information for
KaaIBT22C