‏ Numbers 35

Лебийлилерге берилген қалалар

1Жаратқан Ийе ойпатлықтың Моабқа тийисли бөлегинде, Ерихоның қарсысындағы Иорданның бойында Муўсаға былай деди:

2– Израиллыларға буйыр, олар алатуғын үлес жеринде лебийлилердиң жасаўы ушын қалалар ажыратып берсин. Соның менен бирге, қалалардың әтирапындағы жайлаўларды да берсин. 3Солай етип, лебийлилердиң жасаўы ушын қалалары ҳәм олардың пада, сүриўлери менен басқа да ҳайўанлары ушын жайлаўлары болсын.

4Лебийлилерге берилетуғын қалалардың айлана әтирапындағы жайлаўлар қала қорғанынан баслап мың шығанақ узынлыққа созылған болсын. 5Қала ортада жайласқан болып, оның сыртынан баслап, шығысқа, қублаға, батысқа ҳәм арқаға қарай еки мың шығанақтан өлшеп шығың. Булар қалалар ушын жайлаўлар болады.

6– Лебийлилерге берилетуғын қалалардан алтаўы паналайтуғын қала болсын. Солай етип, адам өлтириўшиниң сол жерге қашыўына жол қоясызлар. Усы алты қаладан тысқары лебийлилерге қырық еки қала берилсин. 7Барлығы болып, лебийлилерге жайлаўлары менен бирге қырық сегиз қала бересизлер. 8Израиллылардың үлес жеринен лебийлилерге берилетуғын қалалар ҳәр бир урыўға түскен пайына ылайықлы болсын. Көп үлес жер алған урыў көп, аз үлес жер алған урыў аз қала берсин.

Паналайтуғын қалалар

(Нзм 19:1-13; Ешу 20:1-9)

9Жаратқан Ийе Муўса менен сөйлесиўин даўам етип, былай деди:

10– Израиллыларға былай деп айт: «Иордан дәрьясынан өтип, Қанан елине киргениңизден кейин, 11паналайтуғын қалаларды таңлап алың. Солай етип, абайсызда адам өлтирип қойған адам сол паналайтуғын қалаға қашып кете алатуғын болсын. 12Бул қалалар адам өлтирип қойған адамның жәмийет алдында ҳүким етилмесинен алдын өлтирилмеўи ушын, оның өш алыўшы әмеңгерден қашып, паналайтуғын жери болады. 13Сизлер ажырататуғын алты қала паналайтуғын қала болсын. 14Паналайтуғын қалалардың үшеўи Иордан дәрьясының шығыс тәрепинен, қалған үшеўи Қанан жеринен таңлап алынсын. 15Бул алты қала израиллылар ҳәм араңызда жасап атырған келгиндилер менен жат жерли адамлар ушын паналаў қаласы болсын. Солай етип, абайсызда адам өлтирип қойған адам сол жерге қашып барсын.

16Егер ким де ким темир қурал менен бир адамды урып өлтирип қойса, онда урған адам қанхор саналады ҳәм ол сөзсиз өлтирилсин. 17Егер тас пенен биреўди урып, оны өлтирсе, өлтирген адам қанхор саналады ҳәм ол сөзсиз өлтирилсин. 18Ямаса ол ағаш буйым менен биреўди урып, оны өлтирсе, онда өлтирген адам қанхор саналады ҳәм ол сөзсиз өлтирилсин. 19Өлген адамның өш алыўшы адамы қанхорды ушыратып қалыўдан-ақ, оны өлтирсин. 20Сондай-ақ егер бир адам биреўди жек көргенликтен ийтерип жиберип ямаса билқастан оған қарай бир нәрсени ылақтырып, ол адамды өлтирсе, 21ямаса өшегисип, оны мушы менен урып өлтирсе, урған адам сөзсиз өлтирилсин. Өйткени ол қанхор. Өлген адамның өшин алыўшы адам қанхорды ушыратып қалыўдан-ақ, оны өлтирсин.

22Егер ким де ким бир адамды өшегисип емес, ал абайсыздан ийтерип жиберсе, ямаса оған қарай билместен бир нәрсени ылақтырып жиберсе, 23ямаса оны көрмей қалып, үстине бир тасты түсирип алып, оны өлтирип қойса, бирақ өлтирип қойған адам оған душпан болмай, оған жаўызлық ойламаған болса, 24жәмийет адам өлтирип қойған менен өш алыўшы әмеңгердиң арасында усы қағыйдалар бойынша қарар шығарсын. 25Жәмийет адам өлтирип қойған адамды өш алыўшы әмеңгердиң қолынан қорғаўы керек ҳәм оны қашып келген паналайтуғын қалаға қайтадан қайтарып жиберсин. Ол адам мухаддес май менен майланған бас руўханийдиң өлимине дейин сол жерде жасап қалсын.

26Бирақ адам өлтириўши қашып барған паналайтуғын қаланың шегарасынан шықса, 27өш алыўшы әмеңгер де оны паналайтуғын қаланың шегарасының сыртында көрип қалса, өш алыўшы әмеңгер адам өлтириўшини өлтирсе, ол айыплы саналмайды. 28Өйткени адам өлтириўши бас руўханийдиң өлимине дейин паналайтуғын қала ишинде болыўы керек. Тек ғана бас руўханийдиң өлиминен соң өз жерине қайтыўына болады.

29Қай жерде жасасаңыз да булар әўладлар даўамында сизлер ушын қағыйда болсын.

30Адам өлтириўши гүўалардың айтқан сөзлери бойынша өлим жазасына тартылсын. Тек бир адамның ғана гүўалығы менен ҳеш ким өлтирилмесин.

31Өлимге ылайықлы қанхордың жанын қутқарыў ушын қун алмаң, ол сөзсиз өлтирилсин.

32Паналайтуғын қалаға қашқан адам қун төлеп, бас руўханийдиң өлиминен алдын өз жерине қайтып барып жасаўына рухсат бермең.

33Өзлериңиз жасап атырған елди ҳарамламаң. Қан төгиўшилик елди ҳарамлайды. Ишинде қан төгилген жер тек ғана қан төккен адамның қаны менен пәкленеди.

34Өзлериңиз ишинде жасап атырған ҳәм Мен ишинде болып атырған жерди ҳарамламаң. Себеби Мен израиллылардың арасында жасайтуғын Жаратқан Ийемен».
Copyright information for KaaIBT22C