Numbers 36
Селофехадтың қызларының үлес жери
1Бир күни Юсуп улы Менашше урыўынан Махир улы Гилад әўладынан болған басшылар Муўсаның ҳәм Израилдың тийре басшыларының алдына келип, оларға былай деди: 2– Жаратқан Ийе елди мүлик етип, шек бойынша израиллылар арасында үлестириў ушын мырзамыз Муўсаға буйрық берди. Туўысқанымыз Селофехадтың мүлки қызларына берилиўи ушын да буйрық берилген еди. 3Деген менен, егер Селофехадтың қызлары басқа бир Израил урыўына тийисли еркеклерге турмысқа шықса, олардың мүликлери күйеўлери тийисли болған урыўдың мүлкине өтип кетеди. Сонда урыўымыз шек бойынша алған жер үлесиниң бир бөлегинен айырылып қалады. 4Ҳәттеки, израиллылардың Қутлы жылы ▼ белгиленгенде де, қызлардың мүлки урыўымызға қайтарылмай, күйеўлери тийисли болған урыўда қалып кетеди. Солай етип, олардың мүликлери бабаларымыздың урыўына түскен мүликтен алынып, бир бөлек жеримизден айырылып қаламыз. 5Муўса Жаратқан Ийениң сөзи бойынша израиллыларға былай деп буйрық берди: – Юсуп әўладынан болған адамлардың айтқанлары дурыс. 6Жаратқан Ийе Селофехадтың қызлары ҳаққында мынадай буйрық береди: «Селофехадтың қызлары қәлеген жигитке турмысқа шығыўына болады, бирақ бул жигитлер әкесиниң урыўынан ҳәм тийресинен болыўы шәрт. 7Израил халқының мүлик етип алған жери бир урыўдан екинши урыўға өтип кетпесин. Ҳәр бир израиллы өз урыўының мүлкин сақлап қалсын. 8Израилдағы ҳәр бир урыўдағы жер мүлкине мийрасхор болған қыз әкеси тийисли болған урыў ҳәм тийресиндеги жигитке турмысқа шықсын. Солай етип, ҳәр бир израиллы ата-бабаларының мүлкине өзлери ийелик етип қалсын. 9Сонда мүлик бир урыўдан екинши урыўға өтип кетпейди. Ҳәр бир Израил урыўы өзлерине алған мүликти сақлап қалсын». 10Селофехадтың қызлары Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғанындай иследи. 11Селофехадтың қызлары Махла, Тирса, Хогла, Милка ҳәм Ноа өз аталас ағаларына турмысқа шықты. 12Солай етип, олар Юсуп улы Менашше урпағынан болған жигитлерге турмысқа шықты ҳәм олардың мүликлери әкелери тийисли болған тийре ҳәм урыўда қалды. Жаратқан Ийениң Муўса арқалы ойпатлықтың Моабқа тийисли бөлегинде, Ерихо қаласының қарсысындағы Иордан дәрьясының бойында израиллыларға берген буйрық ҳәм нызамлары усылардан ибарат еди.13
Copyright information for
KaaIBT22C