Numbers 4
Қоҳат урпағының хызметлери
1Жаратқан Ийе Муўса менен Харонға былай деди: 2– Лебий урыўындағы Қоҳат урпағын тийре ҳәм әўладлары бойынша санап шық. 3Ушырасыў шатырында жумыс ислеўге жарамлы отыздан елиў жасқа дейинги адамлардың ҳәммесин сана. 4Қоҳат урпағының жумысы Ушырасыў шатырындағы ең мухаддес буйымларға жуўапкершиликтен ибарат. 5Халық жолға шыққан ўақытта Харон менен уллары келип, ишки бөлмениң пердесин шешип алсын ҳәм оның менен Келисим сандығын жапсын. 6Кейин оның үстине жумсақ териден исленген жабыў жаўып, үстине және қызғыш көк жапқыш жапсын ҳәм сырықларын сандықтың ҳалқаларына жайластырсын. 7Усынылған нанлар қойылатуғын столдың үстине қызғыш көк реңли жапқыш жайып, үстине табақларды, түтетки салатуғын тостағанларды, ишимлик садақалары ушын кеселер ҳәм гүзелерди қойсын. Столдың үстинде күнделикли усынылған нанлар да турсын. 8Булардың үстине қырмызы реңли жапқыш жаўып, кейин оны жумсақ териден исленген жапқыш пенен жапсын, ал сырықларын столдың ҳалқаларына жайластырсын. 9Соннан соң шыра қойғышты, оның шыраларын, пиликлерди тазалайтуғын қысқышлар менен ыдысларды ҳәм зәйтүн майы ушын қолланылатуғын ыдысларды қызғыш көк реңли жапқыш пенен жаўып орасын. 10Кейин буларды жумсақ тери менен орап, зәмбердиң үстине қойсын. 11Түтетки түтетилетуғын алтын орынның үстине қызғыш көк таўар жайып, оның үстин жумсақ бир тери менен қапласын ҳәм сырықларын алтын орынның ҳалқаларына жайластырсын. 12Мухаддес орында қолланылатуғын барлық буйымларды алып, оларды қызғыш көк жапқыш пенен орап, үстин жумсақ териден исленген жапқыш пенен жапсын ҳәм кейин екинши зәмбердиң үстине қойсын. 13Қурбанлық орынды күлден тазалап, оны шым қызыл реңли жабыў менен жапсын. 14Соннан соң, хызмет ўақтында қолланылатуғын барлық буйымларды: шоқ салынатуғын ыдысларды, шанышқыны, күл алатуғын белшени, қан себетуғын табақларды қурбанлық орынның үстине қойып, жумсақ териден исленген жабыў менен жапсын ҳәм сырықларын қурбанлық орынның ҳалқаларына жайластырсын. 15Израил ордасы басқа жерге көшетуғын ўақытта, Харон менен оның уллары мухаддес буйымларды ҳәм буларға тийисли барлық затларды жыйнастырып, орап болғаннан соң, Қоҳат урпақлары келип, оларды көтерип алып жүрсин. Олар өлмеўи ушын мухаддес буйымларға қол тийгизбесин. Қоҳат урпағының Ушырасыў шатырындағы алып жүретуғын буйымлары усылардан ибарат. 16Руўханий Харон улы Элазар шыралар ушын зәйтүн майына, хош ийисли түтеткиге, күнделикли берилетуғын ғәлле садақасына ҳәм майлаў рәсимине қолланылатуғын зәйтүн майына, және де, шатырға ҳәм оның ишиндеги барлық мухаддес буйымлар менен буларға тийисли затларға жуўапкер болсын. 17Жаратқан Ийе Муўса менен Харонға былай деди: 18– Қоҳат тийрелериниң лебийлилердиң арасынан жоқ болып кетиўине жол қоймаңлар. 19Олардың ең мухаддес затларға жақынласып, өлип қалмаўы ушын былай ислең: Харон менен оның уллары келип, Қоҳат урпағының ҳәр бириниң ислейтуғын хызметин ҳәм не алып жүретуғынын белгилесин. 20Бирақ Қоҳат урпағы азғантай ўақытқа болса да ишке кирип, мухаддес буйымларға қарамасын, болмаса олар өледи.Гершон урпағының хызметлери
21Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: 22– Гершон урпағын да әўладлары ҳәм тийрелери бойынша санақтан өткиз. 23Ушырасыў шатырында жумыс ислеўге жарамлы отыздан елиў жасқа дейинги барлық ер адамларды сана. 24Гершон тийрелериниң хызмети ҳәм жүк тасыў ўазыйпалары мыналардан ибарат: 25олар Ушырасыў шатырының ишки ҳәм сыртқы жапқышларын, оның кирер аўзындағы пердени, 26шатыр менен қурбанлық орынды айлана дөгереклеп турған ҳәўлиниң перделерин, ҳәўлиниң кирер аўзындағы пердени ҳәм арқанлар менен усыларға қолланылатуғын барлық затларды көтерип алып жүрсин. Усы затлар менен байланыслы жумыслардың ҳәммесин Гершон урпағы орынласын. 27Харон ҳәм оның уллары Гершон урпағының хызметин, жүклерди тасыўын ҳәм басқа да орынлайтуғын ўазыйпаларын шөлкемлестирсин. 28Гершон тийрелериниң Ушырасыў шатырындағы ислейтуғын жумыслары усылардан ибарат. Олар руўханий Харон улы Итамардың бақлаўы астында хызмет етеди.Мерарий урпағының хызметлери
29Енди Мерарий урпағын тийрелери ҳәм әўладлары бойынша санақтан өткиз. 30Ушырасыў шатырында жумыс ислеўге жарамлы отыздан елиў жасқа дейинги барлық ер адамларды сана. 31Олар Ушырасыў шатырындағы жумыс барысында мыналарды орынлайды: шатырдың тахтайларын, қадаларын, бақанларын, ултанларын, 32шатырды дөгереклеп турған ҳәўлиниң бақанлары менен оның ултанларын, қазықларын, арқанларын ҳәм буларға қолланылатуғын барлық затларды көтерип алып жүрсин. Олардың ҳәр бирине не тасыйтуғынын анықлап, белгилеп бериң. 33Мерарий тийрелериниң Ушырасыў шатырына байланыслы хызмети усылардан ибарат. Олар руўханий Харон улы Итамардың бақлаўы астында хызмет етеди.Лебийлилердиң және дизимге алыныўы
34Муўса, Харон ҳәм жәмийеттиң көсемлери Қоҳат урпағын тийрелери ҳәм әўладлары бойынша санап шықты. 35Ушырасыў шатырында жумыс ислеўге жарамлы отыздан елиў жасқа дейинги барлық ер адамларды санап шыққанда, 36олардың саны 2750 адам болды. 37Ушырасыў шатырында жумыс ислейтуғын Қоҳат урпағы усылар еди. Жаратқан Ийениң Муўсаға берген буйрығы бойынша Муўса менен Харон оларды санап шықты. 38Гершон урпағы да тийрелери ҳәм әўладлары бойынша саналды. 39Ушырасыў шатырында жумыс ислеўге жарамлы отыз жастан елиў жасқа дейинги барлық ер адамлар саналғанда, 40олардың саны 2630 адам болды. 41Ушырасыў шатырында жумыс ислейтуғын Гершон урпағы усылар еди. Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша Муўса менен Харон оларды санап шықты. 42Мерарий урпағы да тийрелери ҳәм әўладлары бойынша саналды. 43Ушырасыў шатырында жумыс ислеўге жарамлы отыз жастан елиў жасқа дейинги барлық ер адамлар саналғанда, 44олардың саны 3200 адам болды. 45Ушырасыў шатырында жумыс ислейтуғын Мерарий урпағы усылар еди. Жаратқан Ийениң Муўсаға берген буйрығы бойынша Муўса менен Харон оларды санап шықты. 46Солай етип, Муўса, Харон ҳәм Израилдың көсемлери лебийлилерди тийрелери ҳәм әўладлары бойынша санап шықты. 47Ушырасыў шатырында жумыс ислеўге ҳәм жүк тасыўға жарамлы отыз жастан елиў жасқа дейинги барлық ер адамлар саналғанда, 48олардың улыўма саны 8580 адам болды. 49Жаратқан Ийениң Муўсаға берген буйрығы бойынша олардың ҳәр бирине ислейтуғын хызмети ҳәм тасыйтуғын жүклери белгилеп берилди. Солай етип, Жаратқан Ийениң Муўсаға берген буйрығы бойынша барлық адамлар дизимге алынды.
Copyright information for
KaaIBT22C