Numbers 5
Жәмийеттиң пәклигин сақлаў
1Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: 2– Израил халқына буйыр. Олар тери кеселлигине жолыққан, жынысый ағзасынан ириң яки қан бөлинип шыққан ямаса өлиге бир жерин тийгизип ҳарамланған ҳәр бир адамды ордадан сыртқа шығарып жиберсин. 3Еркек болсын, ҳаял болсын арасында Мен жасап атырған орданы ҳарамламаўы ушын, оларды орданың сыртына шығарып жиберсин. 4Израил халқы айтылғанларды орынлап, Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғанындай оларды орданың сыртына шығарып жиберди.Гүна ушын төлем төлеў туўрысында
5Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: 6– Израил халқына былай деп айт: «Егер бир еркек ямаса ҳаял биреўге қарсы қандай да бир гүна ислеп, усы арқалы Жаратқан Ийеге қыянет етсе, ол адам айыплы саналады. 7Бундай адам ислеген гүнасын ашық мойынласын. Ол жәбир шеккен адамға келтирген зыяны ушын төлем төлесин, және де, оның үстине бестен бир бөлегин де қосып берсин. 8Егер де ол адам өлсе ҳәм оған берилетуғын төлемди алатуғын бирде бир жақын ағайини болмаса, онда сол төлем Жаратқан Ийеге тийисли болып, буны руўханийге берсин. Айыплы адам усы төлем менен бирге гүнадан пәклениў ушын қурбанлыққа бир қошқар алып келсин. 9Израил халқының руўханийге алып келген мухаддес садақаларының барлығы руўханийге тийисли болсын. 10Руўханий қабыл қылған ҳәр бир садақа руўханийдиң өзине тийисли болсын».Ҳаялынан гүманланған еркек ҳаққында
11Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: 12– Израил халқына былай деп айт: «Егер бир адамның ҳаялы жолдан азғырылып, күйеўине бийопалық қылса, 13басқа бир адам менен жатып, өзин ҳарамласа, буны күйеўинен жасырса ҳәм буған гүўа адам болмағанлығы себепли ҳаялдың ислегени жасырын болса, 14буған қарамастан, күйеўи ҳаялын қызғанып, оған қарсы жүрегинде гүман пайда болыўы мүмкин. Ямаса ҳаялы бийопалық қылмаса да, күйеўи оны қызғанып, жүрегинде оған қарсы гүман пайда болыўы мүмкин. 15Усындай жағдайларда ол адам ҳаялын руўханийге алып келсин. Ҳаялы ушын оннан бир эфа ▼▼ Оннан бир эфа – бир эфа шама менен 22 л.
арпа унынан садақа алып келсин. Унның үстине зәйтүн майын ямаса хош ийисли шайыр қоспасын. Себеби бул – айыпты еслетиў ушын берилетуғын қызғаныў садақасы. 16Руўханий ҳаялды алып келип, Жаратқан Ийениң алдына турғызсын. 17Кейин ылайдан исленген ыдысқа мухаддес суў қуйсын ҳәм Мухаддес шатырдың ишиндеги жерден топырақ алып, суўға салсын. 18Руўханий сол ҳаялды Жаратқан Ийениң алдына турғызғаннан соң, оның шашын жайсын, еслетиў садақасын, яғный қызғаныў садақасын оның қолына услатсын. Руўханийдиң өзи нәлет келтиретуғын ашшы суўды қолына услап турсын. 19Соннан соң, ол ҳаялға нәлетти тастыйықлатып, оған былай деп айтсын: „Егер сен басқа бир еркек пенен жатпаған болсаң, күйеўиң бола тура жолдан азғырылып, өзиңди ҳарамламаған болсаң, онда нәлет алып келетуғын мына суў саған зыянын тийгизбесин. 20Бирақ күйеўиң бола тура жолдан азғырылып, басқа бир еркек пенен жатып, өзиңди ҳарамлаған болсаң, 21онда адамлар биреўди нәлетлегенде, Жаратқан Ийе сениң атыңды нәлетке қосып айтатуғын қылсын ҳәм қурсағың зыянланып, бийперзент қылсын. 22Нәлет келтиретуғын бул суў ишиңе барғанда, қурсағың зыянланып, бала туўа алмайтуғын қылсын“. Сонда ҳаял: „Аўмийин, аўмийин“, – деп айтсын. 23Руўханий бул нәлетлерди бир бөлек териге жазып, оны ашшы суўға шайсын. 24Нәлет келтиретуғын суўды ҳаялға ишкизсин. Суў ҳаялдың ишине киргеннен соң, оған азап берсин. 25Руўханий сол ҳаялдың қолынан қызғаныў садақасын алып, Жаратқан Ийениң алдында жоқары көтерип усынғаннан соң, садақаны қурбанлық орынға алып келсин. 26Руўханий ғәлле садақасынан бир уўыс алып, оны толық садақаның белгиси ретинде қурбанлық орында түтетип жандырсын. Кейин ҳаялға суўды ишкизсин. 27Егер ҳаял күйеўине бийопалық қылып, өзин ҳарамлаған болса, нәлет алып келетуғын суўды ишкенде, оған азап береди. Суў оның қарнын исирип, туўмайтуғын қылып таслайды ҳәм ол халқы арасында нәлетий болып қалады. 28Бирақ ҳаял өзин ҳарамламаған ҳәм пәк болса, ол өзине тағылған айыптан қутылады ҳәм бала көтеретуғын болады. 29Қызғаншақлық ҳаққында қағыйдалар усылардан ибарат. Егер бир ҳаял күйеўине бийопалық қылып, өзин ҳарамласа, 30ямаса күйеўинде ҳаялына деген қызғаныш ҳәм жүрегинде оған қарсы гүман пайда болса, онда руўханий ҳаялды Жаратқан Ийениң алдына турғызып, усы нызам бойынша ис тутсын. 31Сонда күйеўи ҳәр қандай айыптан қутылады, ҳаял болса, ислеген айыбының жазасын тартады».
Copyright information for
KaaIBT22C