Numbers 6
Жаратқан Ийеге бағышланыў
1Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: 2– Израил халқына былай деп айт: «Егер еркек ямаса ҳаял айрықша ўәде берип, өзин нәзир сыпатында Жаратқан Ийеге бағышласа, 3ол шараптан ҳәм ҳәр қандай өткир ишимликтен өзин тыйсын. Жүзимнен ямаса басқа өткир ишимликлерден исленген сирке суўынан ишпесин. Жүзимнен таярланған ширели суўдан ишпесин. Жүзим де, кишмиш те жемесин. 4Ол Жаратқан Ийеге бағышланған дәўиринде жүзимнен таярланған ҳеш нәрсе жемесин, ҳәттеки, жүзимниң дәнесинен қабығына дейин аўзына улыўма алмасын. 5Нәзир сыпатында бағышланған дәўиринде басына ҳеш қандай пәки тиймесин. Ол өзин Жаратқан Ийеге арнаған дәўириниң ақырына дейин мухаддес болсын, шашын өсирсин. 6Сол күнлер даўамында өлиге жақынламасын. 7Ҳәттеки, оның анасы, әкеси, аға-иниси ямаса әжапа-қарындасы қайтыс болса да, олар себепли өзин ҳарамламасын. Өйткени оның басындағы шашы – өзин нәзир сыпатында Қудайға бағышлағанының белгиси. 8Ол нәзир болған дәўиринде Жаратқан Ийеге бағышланған болады. 9Егер оның жанында тосаттан биреў қайтыс болып қалса, онда ол адамның бағышланған шашы ҳарамланады. Сол себепли нәзир болған адам өзин пәклеў ушын жети күннен кейин шашын алдырып тасласын. 10Сегизинши күни ол еки қумыры ямаса еки жас кептер әкелип, Ушырасыў шатырының алдында руўханийге берсин. 11Руўханий булардың биреўин гүна қурбанлығы етип, екиншисин жандырылатуғын қурбанлық етип берсин. Солай етип, өли себепли айыплы болған сол адам ушын пәклеў рәсими өткерилсин. Сол күни ол өз басын қайтадан бағышласын. 12Ол ҳарамланғанлығы себепли оның алдынғы бағышланған күнлери есапқа алынбайды. Сонлықтан, айып қурбанлығы ушын бир жасар еркек тоқлы усынып, Жаратқан Ийеге өзин қайтадан бағышлаўы тийис. 13Нәзир болған адамға арналған қағыйда мыналардан ибарат: оның бағышланыў күнлери тамам болғанда, ол Ушырасыў шатырының алдына алып келинсин. 14Усы жерде ол Жаратқан Ийеге мына қурбанлықларды усынсын: жандырылатуғын қурбанлық ушын бир жасар минсиз бир еркек тоқлы, гүна қурбанлығы ушын бир жасар минсиз бир қой, татыўлық қурбанлығы ушын минсиз бир қошқар, 15ғәлле садақасы ҳәм ишимлик садақалары менен бирге бир себет ашытқысыз нанлар – сапалы уннан зәйтүн майы қосылған шөреклер, үстине зәйтүн майы жағылған пәтирлер. 16Руўханий буларды гүна қурбанлығы ҳәм жандырылатуғын қурбанлық ушын Жаратқан Ийеге усынсын. 17Кейин қошқарды ғәлле ҳәм ишимлик садақалары менен бирге Жаратқан Ийеге татыўлық қурбанлығы етип усынсын. Сондай-ақ, себеттеги ашытқысыз нанларды да усынсын. 18Соннан соң, нәзир болған адам Ушырасыў шатырының алдында бағышланған шашын алдырып, шашын татыўлық қурбанлығы жандырылып атырған отқа жағып жиберсин. 19Нәзир болған адам шашын алдырғаннан соң, руўханий қошқардың қайнатылған алдынғы бир санын, себеттен ашытқысыз бир нанды ҳәм пәтирди оның қолына услатсын. 20Кейин руўханий буларды Жаратқан Ийеге бағышлаў ушын жоқары көтерип усынсын. Булар жоқары көтерип усынылған төс ҳәм артқы сан менен бирге мухаддес болып, руўханийдиң пайы саналады. Соннан кейин нәзир болған адам шарап ишиўине болады. 21Ўәде берип, нәзир сыпатында бағышланған адам ушын қағыйдалар усылардан ибарат. Ол усы қағыйдаларға муўапық Жаратқан Ийеге қурбанлықларын берсин. Соның менен бирге, қолынан келгенинше оннан да көбирегин бериўине болады. Ол берген ўәдесин бағышлаў қағыйдасына сай анық орынаўы керек».Руўханийдиң ақ пәтиясы
22Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: 23– Харон менен оның улларына былай деп айт: «Израил халқына ақ пәтия бергениңизде, оларға былай деп айтың: 24„Жаратқан Ийе сизлерди жарылқасын, қорғасын!25Жаратқан Ийе сизлерге Өз жүзиниң нурын шашсын, реҳимли болсын!
26Жаратқан Ийе сизлерге Өз нәзерин салсын ҳәм тынышлығын берсин!“
27Солай етип, руўханийлер атымды айтып, Израил халқына ақ пәтия берсин. Сонда Мен де оларды жарылқайман».
Copyright information for
KaaIBT22C