‏ Numbers 7

Басшылардың Жаратқан Ийеге берген садақалары

1Муўса Шатырды тигип болғаннан соң, Шатырға ҳәм оның барлық буйымларына, және де, қурбанлық орынға ҳәм оған тийисли барлық буйымларға май серпип, оларды бағышлады. 2Кейин Израилдың көсемлери, дизимге алыў ўазыйпасын алып барған әўлад ҳәм урыў басшылары өз сыйларын алып келди. 3Олардың Жаратқан Ийеге алып келген сыйлары үсти бастырылған алты арба ҳәм он еки өгизден ибарат еди. Ҳәр бир көсем бир өгизден ҳәм ҳәр бир еки көсем бир арбадан алып келген еди. Көсемлер бул сыйларын шатырдың алдына әкелип қойды.

4Кейин Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:

5– Бул сыйларды олардан қабыл етип ал. Буларды Ушырасыў шатырындағы хызметлерде қолланың. Лебийлилердиң ислейтуғын хызметлерине қарап, буларды оларға бөлип бер.

6Сонда Муўса арба ҳәм өгизлерди алып, лебийлилерге бөлистирип берди. 7Ислейтуғын хызметлери бойынша Гершон урпағына еки арба менен төрт өгиз, 8Мерарий урпағына төрт арба менен сегиз өгиз берди. Мерарий ҳәм Гершон урпақлары руўханий Харонның улы Итамардың бақлаўы астында хызмет қылатуғын еди. 9Қоҳат урпағына болса, ҳеш нәрсе бермеди. Себеби олардың ислейтуғын хызмети мухаддес буйымларды ийнинде көтерип, алып жүриў еди.

10Қурбанлық орын майланып, бағышланған ўақытта, көсемлер өзлериниң басқа сыйларын алып келди ҳәм буларды орынның алдына әкелип қойды. 11Бул ҳаққында Жаратқан Ийе Муўсаға: «Қурбанлық орынның бағышланыўы ушын ҳәр күни бир көсем өзиниң сыйын усынсын», – деген еди.

12Биринши күни Яҳуда урыўынан Амминадаб улы Нахшон сыйларын усынды. 13Оның әкелген сыйлары мыналардан ибарат еди: Мухаддес орын өлшеми менен 130 шекел аўырлығындағы бир гүмис жалпақ табақ, 70 шекел аўырлығындағы бир гүмис қырма. Бул екеўи де ғәлле садақасы ушын зәйтүн майы араластырылған сапалы унға толы еди. 14Түтетки толтырылған 10 шекел аўырлығындағы бир алтын тостаған, 15жандырылатуғын қурбанлық ушын бир буға, бир қошқар, бир жасар еркек тоқлы, 16гүна қурбанлығы ушын бир теке, 17татыўлық қурбанлығы ушын еки буға, бес қошқар, бес теке, ҳәр бири бир жасардан болған бес еркек тоқлы. Амминадаб улы Нахшонның алып келген сыйлары усылар еди.

18Екинши күни Иссахар урыўының көсеми Суар улы Нетанел сыйларын усынды. 19Оның алып келген сыйлары мыналар еди: Мухаддес орын өлшеми менен 130 шекел аўырлығындағы бир гүмис жалпақ табақ, 70 шекел аўырлығындағы бир гүмис қырма. Бул екеўи де ғәлле садақасы ушын зәйтүн майы араластырылған сапалы унға толы еди. 20Түтетки толтырылған 10 шекел аўырлығындағы бир алтын тостаған, 21жандырылатуғын қурбанлық ушын бир буға, бир қошқар ҳәм бир жасар еркек тоқлы, 22гүна қурбанлығы ушын бир теке, 23татыўлық қурбанлығы ушын еки буға, бес қошқар, бес теке ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған бес еркек тоқлы. Суар улы Нетанелдиң алып келген сыйлары усылар еди.

24Үшинши күни Зебулон урыўының көсеми Хелон улы Элиаб сыйларын усынды. 25Оның алып келген сыйлары мыналардан ибарат еди: Мухаддес орын өлшеми менен 130 шекел аўырлығындағы бир гүмис жалпақ табақ, 70 шекел аўырлығындағы бир гүмис қырма. Бул екеўи де ғәлле садақасы ушын зәйтүн майы араластырылған сапалы унға толы еди. 26Түтетки толтырылған 10 шекел аўырлығындағы бир алтын тостаған, 27жандырылатуғын қурбанлық ушын бир буға, бир қошқар ҳәм бир жасар еркек тоқлы. 28Гүна қурбанлығы ушын бир теке, 29татыўлық қурбанлығы ушын еки буға, бес қошқар, бес теке ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған бес еркек тоқлы. Хелон улы Элиабтың алып келген сыйлары усылар еди.

30Төртинши күни Рубен урыўының көсеми Шедеур улы Элисур сыйларын усынды. 31Оның алып келген сыйлары мыналардан ибарат еди: Мухаддес орын өлшеми менен 130 шекел аўырлығындағы бир гүмис жалпақ табақ, 70 шекел аўырлығындағы бир гүмис қырма. Бул екеўи де ғәлле садақасы ушын зәйтүн майы менен араластырылған сапалы унға толы еди. 32Түтетки толтырылған 10 шекел аўырлығындағы бир алтын тостаған, 33жандырылатуғын қурбанлық ушын бир буға, бир қошқар ҳәм бир жасар еркек тоқлы. 34Гүна қурбанлығы ушын бир теке, 35татыўлық қурбанлығы ушын еки буға, бес қошқар, бес теке ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған бес еркек тоқлы. Шедеур улы Элисурдың алып келген сыйлары усылар еди.

36Бесинши күни Шимон урыўының көсеми Суришаддай улы Шелумиел сыйларын усынды. 37Оның алып келген сыйлары мыналардан ибарат еди: Мухаддес орын өлшеми менен 130 шекел аўырлығындағы бир гүмис жалпақ табақ, 70 шекел аўырлығындағы бир гүмис қырма. Бул екеўи де ғәлле садақасы ушын зәйтүн майы менен араластырылған сапалы унға толы еди. 38Түтетки толтырылған 10 шекел аўырлығындағы бир алтын тостаған, 39жандырылатуғын қурбанлық ушын бир буға, бир қошқар ҳәм бир жасар еркек тоқлы. 40Гүна қурбанлығы ушын бир теке, 41татыўлық қурбанлығы ушын еки буға, бес қошқар, бес теке ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған бес еркек тоқлы. Суришаддай улы Шелумиелдиң алып келген сыйлары усылар еди.

42Алтыншы күни Гад урыўының көсеми Деўел улы Элясаф сыйларын алып келди. 43Оның алып келген сыйлары мыналардан ибарат еди: Мухаддес орын өлшеми менен 130 шекел аўырлығындағы бир гүмис жалпақ табақ, 70 шекел аўырлығындағы бир гүмис қырма. Бул екеўи де ғәлле садақасы ушын зәйтүн майы араластырылған сапалы унға толы еди. 44Түтетки толтырылған 10 шекел аўырлығындағы бир алтын тостаған, 45жандырылатуғын қурбанлық ушын бир буға, бир қошқар ҳәм бир жасар еркек тоқлы. 46Гүна қурбанлығы ушын бир теке, 47татыўлық қурбанлығы ушын еки буға, бес қошқар, бес теке ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған бес еркек тоқлы. Деўел улы Элясафтың алып келген сыйлары усылар еди.

48Жетинши күни Эфрайым урыўының көсеми Аммиҳуд улы Элишама сыйларын усынды. 49Оның алып келген сыйлары мыналардан ибарат еди: Мухаддес орын өлшеми менен 130 шекел аўырлығындағы бир гүмис жалпақ табақ, 70 шекел аўырлығындағы бир гүмис қырма. Бул екеўи де ғәлле садақасы ушын зәйтүн майы менен араластырылған сапалы унға толы еди. 50Түтетки толтырылған 10 шекел аўырлығындағы бир алтын тостаған, 51жандырылатуғын қурбанлық ушын бир буға, бир қошқар ҳәм бир жасар еркек тоқлы. 52Гүна қурбанлығы ушын бир теке, 53татыўлық қурбанлығы ушын еки буға, бес қошқар, бес теке ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған бес еркек тоқлы. Аммиҳуд улы Элишаманың алып келген сыйлары усылар еди.

54Сегизинши күни Менашше урыўының көсеми Педасур улы Гамалиел сыйларын усынды. 55Оның алып келген сыйлары мыналардан ибарат еди: Мухаддес орын өлшеми менен 130 шекел аўырлығындағы бир гүмис жалпақ табақ, 70 шекел аўырлығындағы бир гүмис қырма. Бул екеўи де ғәлле садақасы ушын зәйтүн майы араластырылған сапалы унға толы еди. 56Түтетки толтырылған 10 шекел аўырлығындағы бир алтын тостаған, 57жандырылатуғын қурбанлық ушын бир буға, бир қошқар ҳәм бир жасар еркек тоқлы. 58Гүна қурбанлығы ушын бир теке, 59татыўлық қурбанлығы ушын еки буға, бес қошқар, бес теке ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған бес еркек тоқлы. Педасур улы Гамалиелдиң алып келген сыйлары усылар еди.

60Тоғызыншы күни Бенямин урыўының көсеми Гидоний улы Абидан сыйларын усынды. 61Оның алып келген сыйлары мыналардан ибарат еди: Мухаддес орын өлшеми менен 130 шекел аўырлығындағы бир гүмис жалпақ табақ, 70 шекел аўырлығындағы бир гүмис қырма. Бул екеўи де ғәлле садақасы ушын зәйтүн майы менен араластырылған сапалы унға толы еди. 62Түтетки толтырылған 10 шекел аўырлығындағы бир алтын тостаған, 63жандырылатуғын қурбанлық ушын бир буға, бир қошқар ҳәм бир жасар еркек тоқлы. 64Гүна қурбанлығы ушын бир теке, 65татыўлық қурбанлығы ушын еки буға, бес қошқар, бес теке ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған бес еркек тоқлы. Гидоний улы Абиданның алып келген сыйлары усылар еди.

66Оныншы күни Дан урыўының көсеми Аммишаддай улы Ахиезер сыйларын усынды. 67Оның алып келген сыйлары мыналардан ибарат еди: Мухаддес орын өлшеми менен 130 шекел аўырлығындағы бир гүмис жалпақ табақ, 70 шекел аўырлығындағы бир гүмис қырма. Бул екеўи де ғәлле садақасы ушын зәйтүн майы араластырылған сапалы унға толы еди. 68Түтетки толтырылған 10 шекел аўырлығындағы бир алтын тостаған, 69жандырылатуғын қурбанлық ушын бир буға, бир қошқар ҳәм бир жасар еркек тоқлы. 70Гүна қурбанлығы ушын бир теке, 71татыўлық қурбанлығы ушын еки буға, бес қошқар, бес теке ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған бес еркек тоқлы. Аммишаддай улы Ахиезердиң алып келген сыйлары усылар еди.

72Он биринши күни Ашер урыўының көсеми Охран улы Пагиел сыйларын усынды. 73Оның алып келген сыйлары мыналардан ибарат еди: Мухаддес орын өлшеми менен 130 шекел аўырлығындағы бир гүмис жалпақ табақ, 70 шекел аўырлығындағы бир гүмис қырма. Бул екеўи де ғәлле садақасы ушын зәйтүн майы араластырылған сапалы унға толы еди. 74Түтетки толтырылған 10 шекел аўырлығындағы бир алтын тостаған, 75жандырылатуғын қурбанлық ушын бир буға, бир қошқар ҳәм бир жасар еркек тоқлы. 76Гүна қурбанлығы ушын бир теке, 77татыўлық қурбанлығы ушын еки буға, бес қошқар, бес теке ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған бес еркек тоқлы. Охран улы Пагиелдиң алып келген сыйлары усылар еди.

78Он екинши күни Нафталий урыўының көсеми Энан улы Ахира сыйларын усынды. 79Оның алып келген сыйлары мыналардан ибарат еди: Мухаддес орын өлшеми менен 130 шекел аўырлығындағы бир гүмис жалпақ табақ, 70 шекел аўырлығындағы бир гүмис қырма. Бул екеўи де ғәлле садақасы ушын зәйтүн майы араластырылған сапалы унға толы еди. 80Түтетки толтырылған 10 шекел аўырлығындағы бир алтын тостаған, 81жандырылатуғын қурбанлық ушын бир буға, бир қошқар ҳәм бир жасар еркек тоқлы. 82Гүна қурбанлығы ушын бир теке, 83татыўлық қурбанлығы ушын еки буға, бес қошқар, бес теке ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған бес еркек тоқлы. Энан улы Ахираның алып келген сыйлары усылар еди.

84Солай етип, қурбанлық орын майланған ўақытта, Израил көсемлериниң орынды бағышлаў ушын алып келген сыйлары мыналар еди: он еки гүмис жалпақ табақ, он еки гүмис қырма, он еки алтын тостаған. 85Ҳәр бир гүмис жалпақ табақтың аўырлығы 130 шекелден, ҳәр бир қырманың аўырлығы 70 шекелден еди. Мухаддес орын өлшеми менен гүмис ыдыслардың барлығының аўырлығы 2400 шекел болды. 86Түтетки толтырылған он еки алтын тостағанның ҳәр бириниң аўырлығы Мухаддес орын өлшеминде 10 шекел еди. Барлық алтын тостағанлардың аўырлығы 120 шекел болды. 87Жандырылатуғын қурбанлық ушын ғәлле садақасы менен бирге усынылған ҳайўанлардың саны он еки буға, он еки қошқар ҳәм бир жасардан болған он еки еркек тоқлы, гүна қурбанлығы ушын да он еки теке. 88Татыўлық қурбанлығы ушын усынылған ҳайўанлардың саны жигирма төрт буға, алпыс қошқар, алпыс теке ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған алпыс еркек тоқлы еди. Қурбанлық орын майланғаннан соң, орынның бағышланыўы ушын берилген сыйлар усылар еди.

89Муўса Жаратқан Ийе менен сөйлесиў ушын Ушырасыў шатырына киргенде, Келисим сандығының қақпағының үстиндеги еки керуб
Керуб – қанатлы руўхый барлық.
мүсини арасынан өзине сөйлеген даўысты еситетуғын еди. Жаратқан Ийе Муўса менен усы тәризде сөйлесетуғын еди.
Copyright information for KaaIBT22C