‏ Numbers 8

Шыралардың орнатылыўы

1Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:

2– Харонға айт, ол жети шыраны шыра қойғышқа орнатқанда, шыра қойғыштың алдынғы тәрепине жақтылық түсип туратуғын қылып орнатсын.

3Харон айтылғандай етип иследи. Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғанындай, шыраларды шыра қойғыштың алдынғы тәрепине жақты түсетуғын қылып орналастырды. 4Шыра қойғыш Жаратқан Ийениң Муўсаға көрсеткен үлгиси бойынша, ултанынан баслап, гүллерине дейин алтыннан шөккишлеп исленген еди.

Лебийлилердиң бағышланып, хызметке қойылыўы

5Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:

6– Лебийлилерди Израил халқының арасынан айырып алып, оларды пәклеў рәсиминен өткиз. 7Оларды пәклеў ушын былай ислейсең: пәклейтуғын суўды олардың үстине серп. Олар шашлары менен барлық жүнлерин қырып тасласын ҳәм кийимлерин жуўсын. Усылайынша, олар пәк болады. 8Кейин олар бир буға менен ғәлле садақасы ушын зәйтүн майы араластырылған сапалы ун алып келсин. Гүна қурбанлығы ушын сен де басқа бир буға алып кел. 9Лебийлилерди Ушырасыў шатырының алдына алып келип, барлық Израил жәмийетин жыйна. 10Лебийлилерди Жаратқан Ийениң, яғный Мениң алдыма әкелгениңде, израиллылар олардың үстине қолларын қойсын. 11Жаратқан Ийеге хызмет етиўи ушын, Харон израиллылардың арасынан лебийлилерди садақа сыпатында Маған бағышласын.

12Лебийлилер қолларын буғалардың басына қойсын ҳәм олардың гүналарынан пәклениўи ушын, буғалардың биреўи гүна қурбанлығы ушын, екиншиси жандырылатуғын қурбанлық ушын Жаратқан Ийеге усынылсын. 13Лебийлилерди Харон ҳәм оның улларының алдында турғыз. Оларды садақа сыпатында Жаратқан Ийеге, Маған бағышла. 14Лебийлилерди басқа израиллылардың арасынан усы тәризде бөлип ал. Лебийлилер Маған тийисли болады.

15Сен лебийлилерди пәклеп, садақа сыпатында бағышлағаннан соң, олар Ушырасыў шатырындағы хызметин баслаўына болады. 16Израиллылар арасында лебийлилер толығы менен Маған тийисли. Себеби қарыннан биринши шыққан барлық уллардың орнына оларды Өзиме таңлап алдым. 17Израил халқының арасындағы барлық биринши туўылғанлар адам болсын, ҳайўан болсын – олар Меники. Өйткени Мен Мысырда биринши туўылғанларды жоқ қылған күни, оларды Өзиме айырып алдым. 18Солай етип, Израил халқында барлық биринши туўылған уллардың орнына лебийлилерди таңладым. 19Израиллылар Мухаддес орынға жақынласып, бәлеге дуўшар болмаўы ушын, олардың орнына Ушырасыў шатырындағы хызметти ислеп, израиллылардың гүналарын пәклеў ушын, лебийлилерди Харон ҳәм оның улларының қолларына тапсырдым.

20Муўса, Харон ҳәм пүткил Израил жәмийети Жаратқан Ийениң лебийлилерге байланыслы Муўсаға берген ҳәр бир буйрығын толығы менен орынлады. 21Лебийлилер өзлерин пәклеп, кийимлерин жуўды. Харон оларды Жаратқан Ийениң алдында арнаўлы түрде бағышлады ҳәм оларды тазалаў ушын, гүналарынан пәкледи. 22Буннан соң, лебийлилер Харон ҳәм оның улларының қол астында Ушырасыў шатырындағы өзлерине тийисли хызметлерин орынлаўға келди. Солай етип, Жаратқан Ийе лебийлилерге тийисли Муўсаға қандай буйрық берген болса, Израил халқы сол буйрықларды орынлады.

23Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:

24– Лебийлилерге тийисли қағыйда мынадай: Жигирма бес ҳәм оннан жоқары жастағылар Ушырасыў шатырындағы хызметин басласын. 25Ал елиў жасқа келгенде, сол хызметинен босап, буннан кейин хызметте болмасын. 26Хызметтен босаған лебийлилер Ушырасыў шатырында хызмет етип атырған туўысқанларына жәрдем бериўине болады, бирақ өзлери артық хызмет ислемесин. Лебийлилердиң ўазыйпаларын усылайынша белгилеп бер.
Copyright information for KaaIBT22C