‏ Numbers 9

Қутқарылыў байрамына байланыслы нызамлар

1Израиллылар Мысырдан шыққаннан кейинги екинши жылдың биринши айында Жаратқан Ийе Синай шөлинде Муўсаға былай деди:

2– Израиллылар Қутқарылыў байрамын белгиленген ўақытта байрамласын. 3Барлық нызам ҳәм қағыйдаларға әмел қылып, қурбанлықты белгиленген ўақытта, усы айдың он төртинши күни кеште шалсын.

4Солай етип, Муўса израиллыларға Қутқарылыў байрамын белгилеўди буйырды. 5Олар Синай шөлинде биринши айдың он төртинши күни кеште Қутқарылыў байрамын белгиледи. Олар ҳәр бир нәрсени Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғанындай етип орынлады.

6Ал өлиге бир жерин тийгизип, ҳарам саналған базы адамлар сол күни Қутқарылыў байрамында қатнаса алмады. Сол күни олар Муўса менен Харонның алдына келип, 7Муўсаға былай деди:

– Өлиге жантасқанымыз ушын ҳарам саналамыз. Бирақ белгиленген ўақытта басқа израиллылар менен бирге Жаратқан Ийеге арналған қурбанлықты не ушын усына алмаймыз?

8Муўса:

– Күтиң, Жаратқан Ийениң сизлер туўралы маған не буйыратуғынын тыңлап көрейин, – деди.

9Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:

10– Израиллыларға былай деп айт: «Араңызда бириңиз ямаса әўладыңыздан биреўи өлиге бир жерин тийгизгени ушын ҳарам саналса ямаса биреўи узақ сапарға кетсе, ондай адам Жаратқан Ийеге арналған Қутқарылыў байрамын нышанлаўына болады. 11Бундай адамлар екинши айдың он төртинши күни кеште Қутқарылыў қурбанлығын шалып, оны ашытқысыз нан ҳәм ашшы шөплер менен жесин. 12Таңға дейин қурбанлықтың гөшинен бир түйир де қалмасын, сүйеклери сындырылмасын. Қутқарылыў байрамын барлық қағыйдалар бойынша белгилеўиңиз тийис. 13Бирақ пәк саналған ҳәм узақ сапарда болмаған адам Қутқарылыў байрамына қатнасыўдан бас тартса, ол белгиленген ўақытта Жаратқан Ийеге арнап қурбанлық бермегени ушын халқының арасынан жоқ қылынсын. Солай етип, ол өз гүнасының жазасын тартады.

14Араңызда жасап атырған келгинди бир адам Жаратқан Ийеге арналған Қутқарылыў байрамына қатнасыўды қәлесе, ол байрамның нызам ҳәм қағыйдаларына әмел қылсын. Жергиликли болсын, келгинди болсын, ҳәмме ушын усы нызамды қолланыўыңыз тийис».

Мухаддес шатыр үстиндеги булт

15Мухаддес шатыр, яғный буйрықлар қойылған шатыр тикленген күни оның үстин булт қаплады. Мухаддес шатырды қаплаған булт кештен азанға дейин от сыяқлы болып туратуғын еди. 16Бул аўҳал ҳәр күни даўам етти. Мухаддес шатырды қаплаған булт түнде от сыяқлы болып туратуғын еди.

17Булт шатырдан жоқары көтерилгенде, израиллылар жолға шығатуғын еди. Булт қай жерде тоқтаса, олар сол жерде тоқтайтуғын еди. 18Израил халқы Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша жолға шығып, Оның буйрығы бойынша тоқтап, шатырларын тигетуғын еди. Булт Мухаддес шатырды қаплап турған ўақытта, олар да сол жерде туратуғын еди. 19Булт Мухаддес шатырды узақ ўақыт қаплап турғанда, Израил халқы Жаратқан Ийениң буйрығына әмел қылып, жолға шықпайтуғын еди. 20Базыда булт Мухаддес шатырды азғантай күн қаплап туратуғын еди. Халық та Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша, я қоныс басқан жерде қалатуғын, ямаса көшетуғын еди. 21Базы ўақытлары булт тек ғана кештен азанға дейин турып, азанда Мухаддес шатырдан көтерилетуғын еди. Сонда халық жолға шығатуғын еди. Түнде болсын, күндиз болсын, булт шатырдан көтерилиўден, халық жолға шығатуғын еди. 22Булт Мухаддес шатырды еки күн, бир ай ямаса узақ ўақыт қаплап турса да, израиллылар қоныс басқан жеринде қалып, жолға шықпайтуғын еди. Бирақ булт жоқары көтерилиўден, олар жолға шығатуғын еди. 23Олар Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша қоныс басатуғын ямаса жолға шығатуғын еди. Усылай етип, олар Жаратқан Ийениң Муўса арқалы берген буйрығына әмел қылды.
Copyright information for KaaIBT22C