Китаптың авторы Обадия пайғамбар Эдом ели ҳаққында пайғамбаршылық қылады. Эдом халқы Қудайдың таңлаған халқына үзликсиз душпанлық қылып келгени ушын, Обадия Эдом елиниң пүткиллей ўайран болатуғынын жәриялайды. Бул китап Мухаддес Китаптың ишиндеги ең қысқасы болыўына қарамастан, Қудайдың қатаң ҳүкиминен хабар береди.

Бабилониялылар б. э. ш. 605-586-жыллары даўамында Ерусалимге бир неше мәрте ҳүжим қылып, қаланы басып алады. Олар Яҳуда халқын Бабилонияға сүргин етип алып кетеди. Обадия пайғамбар бул китапты сол аўыр дәўирде, биринши сүргин жылларында жазады. Өли теңиздиң қубласындағы таўлы аймақта жасаған эдом халқы Ерусалимниң қулағанына қуўанады. Яҳуда халқының басына түскен бул апаттан олар тек шадланып ғана қоймастан, қаланы тонайды, басқыншыларға жәрдем береди. Қудай эдом халқын усы қылмысы ушын жазалайды, олар менен бир қатар басқа халықларды да ҳүким қылады.

Обадия бул хабарды Яҳуда халқының келешектеги жеңислери менен тамамлап, тутқыннан қайтып келетуғын Қудайдың халқы Эдом елиниң үстинен ҳүкимдарлық қылатуғынын айтады.

‏ Obadiah

Эдомның жазаланыўы

1Бул Обадияның көрген аяны.

Қудай Ийе Эдом ҳаққында бул сөзлерди айтты.

Жаратқан Ийеден бир хабар еситтик.
Миллетлерге жолланған жаршы:
«Келиңлер, Эдомға урыс ашайық!» – деди.

2«Ҳәй, Эдом, сени миллетлер арасында арзымас қыламан,
Сен оғада жек көринишли боласаң.
3Жартастың жарықларында жасап,
Төбелердиң бийик шоққыларына жайластың,
Жүрегиңдеги тәкаббирлик сени алдады.
Өзиңше: „Ким мени жерге түсире алады?“– дедиң.
4Бүркиттей жоқарыласаң да,
Уяң жулдызлар арасында болса да,
Ол жерден төменге түсиремен сени,
– деди Жаратқан Ийе. –
5Уры ҳәм қарақшылар түнде келсе,
Тек ғана өзлерине керегин алмай ма?
Жүзим теретуғынлар бағыңа кирсе,
Азғантай болса да, жүзим қалдырмай ма?
Бирақ сен толық набыт боласаң.
6Эсаўдың әўлады – Эдом,
Сениң ҳәмме нәрсең талан-тараж қылынатуғыны соншелли,
Ҳәттеки, жасырын ғәзийнелериң де табылып, тартып алынады.
7Барлық аўқамласларың саған қарсы шығып,
Сени өз жериңнен қуўып шығарады.
Келисим дүзгенлериң сени алдап, жеңилиске ушыратады,
Наныңды жегенлер саған дузақ қурады,
Ал сен буны билмей қаласаң.
8Сол күни,
– дейди Жаратқан Ийе, –
Эдомның дана адамларын,
Эсаўдың таўлы жериндеги ақыллы адамларды жоқ қыламан.
9Ҳәй, Теман, сениң жаўынгерлериң қорқынышқа түседи,
Эсаўдың таўлы жериндеги ҳәр бир адам жоқ қылынады.

10Туўысқаныңа, яғный Яқыпқа,
Ислеген жаўызлықларың ушын шерменде болып,
Мәңгиге жоқ боласаң.
11Оның мал-мүлкин жат жерлилер алып кеткен күни,
Сен узақтан қарап турдың.
Жат халықлар Ерусалим дәрўазаларына кирип,
Ол ушын шек таслағанда,
Сен де олар сыяқлы ис туттың.
12Туўысқаныңның басына түскен бахытсызлығы ушын,
Қол қаўсырып, қарап турмаўың керек еди.
Яҳуда халқы қырғынға ушырағанда, қуўанбаўың керек еди,
Апат күнлеринде, мақтанбаўың керек еди.
13Халқым апатқа ушыраған күни, қала дәрўазаларына кирмеўиң керек еди.
Сол күни халқым ушыраған бахытсызлыққа қуўанбаўың керек еди.
Олар азапқа дуўшар болғанда, мал-мүлкин олжа қылмаўың керек еди.
14Қашып баратырғанларды өлтириў ушын,
Жол кесилиспелерин тоспаўың керек еди.
Сол апат күнинде аман қалғанларды,
Душпан қолына тапсырмаўың керек еди».

Қудайдың басқа халықларды ҳүким қылыўы

15«Мениң, Жаратқан Ийениң барлық халықларды ҳүким қылатуғын күним жақынласты,
Ҳәй, Эдом, сен не ислеген болсаң, саған да сол исленеди,
Ислеген қылмысларың өз басыңа түседи.
16Сизлер мухаддес таўымда ғәзеп шарабын ишип алғаныңыз сыяқлы,
Барлық халықлар да сол шараптан симиреди.
Ишип-ишип бул дүньядан жоқ болып кетеди».

Израилдың жеңиси

17«Сион таўы аман қалғанларға пана болады,
Ол жер мухаддес болады.
Яқыптың урпақлары тартып алынған мүлкине қайтадан ийелик қылады,
18Яқыптың урпақлары от,
Юсуптиң халқы жалын,
Эсаўдың халқы сабан болып қалады.
Оларды өртеп, жоқ қылады,
Эсаўдың әўладынан аман қалғаны болмайды».
Булар Жаратқан Ийениң сөзлери.

19Негебте жасайтуғын Яҳуда халқы Эсаўдың таўлы жерин ийелейди. Ал батыстағы таў етеклеринде жасайтуғынлар Филист, Эфрайым ҳәм Самария жерлерин ийелейди. Беняминлилер Гиладты ийелеп алады. 20Сүргин етилген израиллы жаўынгерлер Сарафатқа дейин созылған Қанан жерлерин ийелейди. Ерусалимнен сүргин қылынып Сефарадта жасап атырғанлар Негебтеги қалаларды ийелеп алады. 21Жеңимпазлар Эсаўдың таўлы жерине ҳүкимдарлық қылыў ушын, Сион таўына шығады. Бул патшалық Жаратқан Ийеге тийисли болады.
Copyright information for KaaIBT22C