‏ Philippians 4

Ақыл-нәсиятлар

1Сонлықтан шын жүректен сағынып жүрген сүйикли туўысқанларым, қуўанышым ҳәм басымның тажы, Ийемиз бенен қатнасыңыз беккем болсын, қәдирданларым!

2Эводияға өтиниш етемен, Синтихияға да өтиниш етемен, Ийемиз бенен қатнаста болған сизлер, аўызбиршиликли болыңлар! 3Аўа, садық Сизигус
Сизигус – «ҳақыйқый жолдас» дегенди билдиреди.
саған да жалбарынаман, бул ҳаялларға жәрдем бер. Себеби олар мениң менен, Климент пенен ҳәм басқа хызметшилер менен бирге Хош Хабарды жәриялаў ушын аўыр мийнет етти. Олардың ҳәммесиниң атлары Өмир китабында
Өмир китабы – мәңгилик өмирге ийе болғанлардың атлары жазылған Қудайдың китабы.
жазылған.

4Ийемиз бенен қатнаста болып, бәрқулла қуўаныңлар. Тәкирарлап айтаман: қуўаныңлар. 5Сизлердиң адамгершилигиңиз ҳәмме адамларға мәлим болсын. Ийемиздиң келетуғын ўақты жақын. 6Ҳеш нәрседен тәшиўиш шекпеңлер. Ал ҳәмме нәрсе ушын Қудайға дуўа етип ҳәм жалбарынып, ҳәр бир тилегиңизди Оған шүкирлик пенен билдириңлер. 7Сонда ҳәр қандай ақыл-ойдан зыят болған Қудайдың тынышлығы Масийх Ийса арқалы кеўиллериңизди ҳәм ой-пикирлериңизди қорғайды.

8Туўысқанларым, жуўмақлап айтқанда, тек ғана нелердиң ҳақыйқый, нелердиң ҳүрметли, нелердиң ҳақ, нелердиң пәк, нелердиң унамлы, нелердиң мақтаўға турарлы, және де, нениң жақсы ҳәм нениң алғысқа ылайықлы екени ҳаққында терең ойлаңлар. 9Меннен нелерди үйренип, қабыл етип, еситип ҳәм көрген болсаңыз, соларды ислеңлер. Сонда тынышлық бериўши Қудайдың Өзи сизлер менен бирге болады.

Павелдиң миннетдаршылығы

10Маған енди және ғамхорлық көрсетип атырғаныңыз себепли, Ийемизде қатты қуўанаман. Әлбетте, сизлер бурын да маған ғамхорлық қылыўды ойлайтуғын едиңиз, бирақ буған мүмкиншилик жоқ еди. 11Мен бул сөзлерди мениң бир мүтәжлигим болғанлықтан айтып атырған жоқпан. Өйткени мен ҳәр қандай жағдайда да барыма қанаат етиўге үйренгенмен. 12Жоқшылықта да, молшылықта да жасаўдың не екенин билемен. Ҳәр қандай аўҳалда да: тоқшылықта ҳәм ашлықта, молшылықта ҳәм мүтәжликте жасаўдың сырын үйрендим. 13Маған күш-қуўат беретуғын Ийса Масийх пенен бирге ҳәмме нәрсени ислей аламан.

14Деген менен, сизлер мениң қыйыншылықларымды бөлисип, жақсы иследиңлер. 15Сиз филиплилер, сизлерге биринши рет Хош Хабарды жәриялап, Македониядан шыққан ўақтымда басқа жәмәәтлер емес, ал тек сизлер ғана мениң менен алыс-берис қылғаныңызды өзлериңиз де билесизлер. 16Мен Салоникада болған ўақтымда да сизлер бир неше мәртебе маған мүтәж нәрселеримди жеткиздиңлер. 17Мен буны сизлерден бир зат алмақшы болып емес, ал сизлердиң есабыңызда руўхый жемис көбейсин деп айтып атырман. 18Менде ҳәмме нәрсе бар, ҳәтте, артып та атыр. Эпафродит арқалы жиберген нәрселериңизди алғанлығым себепли, ҳеш мүтәжлигим қалмады. Бул нәрселер – хош ийисли түтетки ҳәм Қудай унатып қабыл ететуғын қурбанлық. 19Мениң Қудайым сизлердиң ҳәр бир мүтәжлигиңизди Масийх Ийса арқалы Өзиниң салтанатлы байлығы менен қанаатландырады. 20Әкемиз Қудайға мәңги-бақый даңқ болсын! Аўмийин.

Соңғы сәлемнама ҳәм тилек

21Масийх Ийсаға тийисли болған барлық мухаддеслерге сәлем айтыңлар. Жанымдағы туўысқанлар сизлерге сәлем айтып атыр. 22Барлық мухаддеслер, әсиресе Рим императорының сарайындағылар сизлерге сәлем айтып атыр.

23Ийемиз Ийса Масийхтың мийрими руўхыңызға яр болсын!
Copyright information for KaaIBT22C