Бул хатты елши Павел Филимон атлы масийхыйға жазған. Филимон Колоса қаласындағы жәмәәттиң ағзасы болыўы мүмкин. Филимонның Онисим деген қулы бар еди. Бул қул хожайынынан қашып кеткеннен кейин, Римде Павел менен қамақта бирге болып, Павел арқалы исениўши болады. Қамақта Онисим Павелге хызмет еткен ҳәм оған өз улындай болып қалған еди. Сонлықтан Павел Онисимди хожайынына жибергенде, ол ушын Филимонға өтиниш етип, енди оны қул сыпатында емес, ал сүйикли туўысқан сыпатында қабыл етиўди жазады.

‏ Philemon

Сәлемнама

1Ийса Масийх ушын тутқын болған мен, Павелден ҳәм туўысқанымыз Тимофейден, бизлер менен бирге хызмет ететуғын сүйикли Филимонға сәлем! 2Және де, апамыз Афияға, бизлер менен бирге Қудайдың әскери болған Архипке ҳәм сениң үйиңдеги исениўшилер жәмәәтине де сәлем жоллаймыз. 3Әкемиз Қудай ҳәм Ийемиз Ийса Масийх сизлерге мийрим ҳәм тынышлық берсин!

Филимонның исеними ҳәм сүйиспеншилиги

4Мен дуўа еткенимде сени тилге алып, Қудайыма бәрқулла шүкирлик билдиремен. 5Себеби сениң Ийемиз Ийсаға деген исенимиң ҳәм пүткил мухаддеслерге
Мухаддеслер – Ийсаға исениўшилер.
деген сүйиспеншилигиң ҳаққында еситип атырман.
6Исенимиңди басқалар менен бөлисиўде тәсирли болыўың ушын, қулласы, Масийх арқалы бизлер ийе болатуғын ҳәр қандай ийгиликти билиўде жетилисип барыўың ушын дуўа етип атырман. 7Өйткени туўысқаным, сен себепли мухаддеслердиң кеўиллери көтерилип қалды. Солай етип, сениң сүйиспеншилигиң маған үлкен қуўаныш ҳәм тәселле берди.

Павелдиң Онисим ушын өтиниш етиўи

8Сонлықтан Масийхтың елшиси сыпатында ўазыйпаңды атқарыўды саған буйырыўға бийлигим болса да, 9 10ҳәзир Ийса Масийх ушын тутқын болған мен, ғарры Павел, қамақта мениң улым болған Онисим ушын сеннен сүйиспеншилик пенен өтинип сорайман. 11Ол бир ўақытлары саған пайдасыз болған еди, бирақ енди болса саған да, маған да жүдә пайдалы болып қалды.

12Оны, яғный өз жүрек-баўырымды саған қайтарып жиберип атырман. 13Хош Хабар ушын қамақта болғанымда, сениң орныңда маған хызмет етиўи ушын оны жанымда алып қалыўды қәлер едим. 14Бирақ, сениң ислейтуғын жақсылығың мәжбүрий түрде емес, ал өз ықтыярың менен болыўы ушын, сениң қайылшылығыңсыз ҳеш нәрсе ислегим келмеди. 15Мүмкин, оның сеннен ўақытша айра түскениниң себеби оны мәңгиге қайтарып алыўың ушын болған шығар. 16Оны енди қул деп емес, ал қулдан зыят сүйикли туўысқаның сыпатында қабыл ет. Әсиресе мен ушын ол жүдә қәдирли. Ал сен ушын болса, ол ҳәм қул сыпатында, ҳәм Ийемиздеги бир туўысқан сыпатында және де қәдирлирек болады.

17Сонлықтан егер мени жолдасым деп санайтуғын болсаң, оны мени қабыл еткендей, қабыл ет. 18Ол саған қандай да бир жаманлық ислеген болса ямаса қарыздар болса, мениң есабыма жазып қой. 19Мен, Павел, буны өз қолым менен жазып атырман: мен төлеймен. Ал сениң маған өз өмириң менен қарыздар екениңди айтпай-ақ қояйын. 20Аўа, туўысқаным, мен сеннен Ийемиз алдында бир жәрдем алайын. Масийх алдында кеўлимди көтер. 21Қулақ асатуғыныңа исенип, саған жазып атырман. Сениң айтқанымнан да артық ислейтуғыныңды билемен.

22Соның менен бирге, маған туратуғын бир орын да таярла. Өйткени Қудай сизлердиң дуўа етип сорағанларыңызға жуўап берип, мени сизлерге жиберетуғынынан үмит етемен.

Соңғы сәлемнама

23Ийса Масийх ушын мениң менен бирге тутқын болған Эпафрас саған сәлем айтып атыр. 24Және де, бизлер менен хызмет етип атырған Марк, Аристарх, Димас ҳәм Лука да саған сәлем жоллап атыр.

25Ийемиз Ийса Масийхтың мийрими сизлерге яр болсын!
Copyright information for KaaIBT22C