‏ Philippians 1

Сәлемнама

1Масийх Ийсаның қуллары болған бизлер, Павел ҳәм Тимофейден, Филип қаласындағы Ийса Масийхқа тийисли болған барлық мухаддеслерге
Мухаддеслер – Ийсаға исениўшилер.
, әсиресе жәмәәт жетекшилери менен хызметшилерине сәлем!
2Әкемиз Қудай ҳәм Ийемиз Ийса Масийх сизлерге мийрим ҳәм тынышлық берсин!

Павелдиң шүкирлик билдирип, дуўа етиўи

3Сизлерди ҳәр сапар еске алғанымда, Қудайға шүкирлик билдирип атырман. 4Мен Қудайға дуўа еткенимде, сизлер ушын ҳәр қашан қуўаныш пенен сорайман. 5Себеби сизлер бастан баслап ҳәзирги ўақытқа дейин Хош Хабарды жәриялаўға үлес қосып келмектесизлер. 6Сизлердиң араңызда жақсы исти баслаған Қудайдың буны Масийх Ийсаның күнине шекем толық тамамлайтуғынына анық исенемен. 7Ҳәммеңиз туўралы усындай пикирде болыўым орынлы, өйткени сизлер ҳәмме ўақыт мениң жүрегимдесиз. Мен тутқын болғанымда да, Хош Хабарды жақлағанымда да, оның ҳақыйқатын турақлылық пенен дәлиллегенимде де, ҳәммеңиз мениң менен бирге Қудайдың мийримин бөлисип келмектесиз. 8Сизлердиң ҳәммеңизди Масийх Ийсаның сүйиспеншилиги менен қалай сағынғаныма Қудайдың Өзи гүўа. 9Сүйиспеншилигиңиз толық билим ҳәм терең түсиниўшилик пенен өсип арта бериўи ушын дуўа етип атырман. 10Солай етип, сизлер ең жоқары ийгиликтиң не екенин айыра алатуғын болып, Масийхтың келетуғын күнинде пәк ҳәм минсиз боласызлар. 11Және де, Қудайды уллылап, алғыс-мақтаўлар айтыўыңыз ушын, Ийса Масийх арқалы ҳақлық жемисине бай боласызлар.

Өмиримниң мәниси – Масийх

12Туўысқанларым, мынаны билиўиңизди қәлеймен: мениң басымнан кеширгенлерим Хош Хабардың және де көбирек жайылыўына ҳақыйқаттан да жәрдем етти. 13Мениң Масийх ушын тутқын болғаным пүткил сарай сақшыларына ҳәм қалған ҳәмме адамларға мәлим болды. 14Сондай-ақ, мениң тутқынлығым себепли, көплеген туўысқанларымыздың Ийемизге деген исеними беккемленди. Олар қорқпастан, Қудайдың сөзин бурынғыдан да көбирек батырлық пенен айтыўға киристи. 15Дурыс, гейбиреўлер Масийх ҳаққында күншиллик пенен, жарыспаққа жәрияласа, ал базылар жақсы нийет пенен жәрияламақта. 16Усы кейингилер мениң бул жерге Хош Хабардың қорғаўшысы етип қойылғанымды билип, буны сүйиспеншилик пенен ислеп атыр. 17Ал алдынғылары мениң тутқынлық аўҳалымды еле де аўырластырмақшы болып, Масийх ҳаққында өзлериниң атақ-абырайлары ушын напәк нийет пенен жәрияламақта. 18Бирақ, солай болса не болыпты? Мейли, жаман нийет пенен болсын, мейли, ҳақ нийет пенен болсын, Масийх ҳаққында қандай жол менен жәрияланса да, мен буған қуўанаман.

Аўа, мен қуўана беремен де.
19Себеби сизлердиң еткен дуўаларыңыздың ҳәм Ийса Масийхтың Руўхының жәрдеми менен, бул аўҳалымнан азат болатуғынымды билемен.

20Қандай жағдай болса да, шерменде болмаўды қәлеймен. Тири болсам да, өлсем де, ҳәр қашан болып келгениндей, ҳәзир де Масийхты денемде уллылаў ушын толық батырлық көрсетиўден беккем үмит етемен. 21Өйткени мениң ушын өмиримниң мәниси – бул Масийх, ал өлим утыс демек. 22Бирақ, егер бул дүньяда өмир сүриўим арқалы өнимли мийнет етсем, онда нени таңлаўды билмеймен. 23Мени еки тәреп те өзине тартады. Бул дүньядан кетип, Масийх пенен бирге болыўды қәлеймен. Себеби бул анағурлым жақсырақ. 24Бирақ, бул дүньяда қалыўым сизлер ушын кереклирек. 25Буған көзим жеткенликтен, қалатуғынымды билемен. Исенимде өсип қуўаныўыңыз ушын, ҳәммеңиз бенен бирге боламан. 26Солай етип, және жаныңызға келгенимде, Масийх Ийсада мен себепли және де көбирек мақтана аласызлар.

27Тек жасап атырған өмириңиз Масийхтың Хош Хабарына ылайықлы болсын. Сол ўақытта келип сизлерди көрсем де, алыста болып ҳал-жағдайыңызды еситсем де, сизлердиң бир руўхта беккем турғаныңызды, Хош Хабарға деген исеним ушын бир жан, бир тән болып гүресип атырғаныңызды билейин. 28Және де, өзлериңизге қарсы шыққанлардан ҳеш қорқпайтуғыныңызды да еситейин. Сизлердиң бундай батырлығыңыз олардың набыт болатуғынының, ал сизлердиң қутқарылатуғыныңыздың белгиси ҳәм Қудайдың иси. 29Өйткени Қудай сизлерге Масийхқа тек исениўди емес, ал Ол ушын азап шегиўди де айрықша ҳуқық етип берген. 30Усы азапты басымнан кеширгенимди сизлер көрдиңлер ҳәм ҳәзир де азап шегип атырғанымды еситип атырсызлар. Мениң бул гүресиме сизлер де шериксизлер.
Copyright information for KaaIBT22C