‏ Philippians 2

Масийхтан өрнек алың!

1Егер сизлерде Масийхтан келген жигер, сүйиспеншиликтен пайда болған жубаныш, Мухаддес Руўх пенен қарым-қатнас, мийримлилик ҳәм реҳимлилик бар болса, 2онда бир пикир ҳәм сүйиспеншилик пенен, бир руўх ҳәм мақсет пенен бирлесип, мениң қуўанышымды толы қылың. 3Ҳеш бир нәрсени өз атақ-абырайыңызды асырыў ушын ямаса мақтаншақлық пенен ислемеңлер. Ал ҳәр бириңиз кишипейиллик пенен, басқаларды өзиңизден үстин деп есаплаңлар. 4Тек өзиңиздиң ғана емес, ал басқалардың да пайдасын гөзлеңлер.

5Масийх Ийсада болған мына кишипейилликке сизлер де ийе болыңлар: 6Масийх қудайлық тәбиятқа ийе бола тура, Қудайға тең атақты алыўға умтылыўды Өзине минәсип көрмеди. 7Ал Өз уллылығынан ўаз кешип, қул келбетин қабыллады. Ол адам болып туўылып, адам көринисинде келди. 8Ол Өзин пәс тутты ҳәм өлимге, ҳәтте, атанақ ағаштағы өлимге барып, Қудайға бойсынды. 9Сонлықтан да, Қудай Оны ең бийик мәртебеге еристирди ҳәм Оған барлық атлардан жоқары туратуғын атты берди. 10Солай етип, Ийсаның аты аталғанда аспандағылардың, жердегилердиң ҳәм жердиң астындағылардың барлығы дизе бүгип, 11Қудай Әкениң уллыланыўы ушын, ҳәр бир тил Ийса Масийхты Ийемиз деп ашық мойынлайды .

Қудайдың балаларына сай жасаңлар!

12Солай етип, сүйикли туўысқанларым, мен жаныңызда болғанымда, сизлер бәрқулла Қудайға бойсынатуғын едиңлер. Ал ҳәзир жаныңызда жоқ ўақтымда да бурынғыдан көбирек бойсынып, қорқыныш ҳәм сақлық пенен, қутқарылыўыңызды әмелге асыра бериңлер. 13Себеби Өзине унаған ислерди қәлеўиңиз ҳәм ислеўиңиз ушын, Қудайдың Өзи сизлерге түртки салады.

14Ҳәр бир нәрсени тоңқылдамай ҳәм тартыспай ислеңлер! 15 16Сонда сизлер адасқан ҳәм бузылған әўлад арасында Қудайдың кемшиликсиз, таза ҳәм минсиз балалары боласызлар. Қудайдың өмир беретуғын сөзлерин басқаларға жеткизип, дүньядағы жулдызлар сыяқлы жарқырайсызлар. Солай етип, мениң жан-тәним менен қылған мийнетим босқа кетпей, Масийхтың қайта келетуғын күнинде мақтана аламан. 17Сизлердиң исеним бойынша берген қурбанлығыңызды ҳәм еткен хызметиңизди толықтырыў ушын, қаным ишимлик садақасы сыяқлы төгилетуғын болса да, мен қуўанаман ҳәм ҳәммеңиздиң қуўанышыңызды бөлисемен. 18Сол сыяқлы, сизлер де қуўаныңлар ҳәм мениң қуўанышымды бөлисиңлер.

Тимофей ҳәм Эпафродит

19Ҳал-жағдайыңызды билип, мениң де кеўлим жай табыў ушын, Ийемиз Ийса қәлесе, Тимофейди жақын арада сизлерге жибериўден үмит етемен. 20Өйткени ол сыяқлы, шын жүректен сизлердиң ғамыңызды ойлайтуғын мениң басқа адамым жоқ. 21Ҳәмме Масийх Ийсаның емес, ал өз мәпин ойлайды. 22Бирақ Тимофейдиң исенимли адам екени сизлерге мәлим. Себеби ол әкесиниң жанында хызмет еткен ул сыяқлы, Хош Хабардың жәрияланыўы ушын мениң қасымда хызмет етти. 23Жағдайымның қандай болатуғыны белгили болыўдан, оны дәрриў жибериўден үмит етемен. 24Ийемизге исенимим кәмил, мениң өзим де жақын арада барып қаламан.

25Бирақ, мүтәж болғанымда маған жәрдем етиў ушын сизлердиң жиберген елшиңиз, туўысқаным, шеригим ҳәм Хош Хабар ушын саўаштағы жолдасым Эпафродитти сизлерге қайтарып жибериўди мақул көрдим. 26Өйткени ол ҳәммеңизди сағынып атыр ҳәм оның аўырып қалғаны ҳаққында хабар тапқаныңыз себепли, қатты уўайымлады. 27Ол ҳақыйқаттан да, өлим төсегинде жатты. Деген менен, Қудай оған, тек оған емес, ал қайғы үстине қайғы шекпеўим ушын маған да реҳимлилик етти. 28Сонлықтан оны және көрип қуўаныўыңыз ушын ҳәм мениң қайғыларым да жеңиллесиўи ушын, оны қатты асығыслық пенен жаныңызға жиберип атырман. 29Оны Ийемиздиң атынан үлкен қуўаныш пенен қарсы алыңлар ҳәм усындай адамларды ҳүрмет етиңлер. 30Себеби сизлердиң маған ете алмаған хызметиңизди етиў ушын, ол өз жанын қәўип астына қойып, Масийхтың иси ушын бир өлимнен қалды.
Copyright information for KaaIBT22C