‏ Philippians 3

Қудайдың ҳақыйқатлығы

1Туўысқанларым, жуўмақлап айтқанда, Ийемиз бенен қатнаста болып қуўаныңлар. Сизлерге бирдей нәрселерди қайталап жазыў мени зериктирмейди, және де бул сизлер ушын зыянсыз.

2Ийттей болған жалған муғаллимлерден, жаманлық ислеўшилерден, қутқарылыў ушын сүннет етилиў тийис, деўшилерден сақ болыңлар! 3Өйткени бизлер – руўхый сүннет етилген Қудайдың халқымыз. Бизлер Қудайға Оның Руўхы арқалы сыйынамыз, Масийх Ийса менен мақтанып, өз денемизге сүйенбеймиз. 4Негизинде мен оларға сүйене алар едим. Егер басқа биреў өз шығысыма ҳәм ерискен нәрселериме сүйениўге дәлилим бар деп ойласа, меники оныкинен де көбирек: 5мен сегиз күнлик ўақтымда сүннет етилдим. Израил халқынан, Бенямин урыўынан болған нағыз евреймен. Мухаддес Нызам бойынша парисеймен. 6Диний инта бойынша исениўшилер жәмәәтин қуўдалаған ҳәм Мухаддес Нызам талап еткен ҳақлық бойынша кемшиликсиз адам едим.

7Бирақ, бир ўақытлары әҳмийетли деп билген бул нәрселеримди енди Масийх ушын пайдасыз деп есаплайман. 8 9Аўа, мен ҳәмме нәрсени Ийем Масийх Ийсаны билиўдиң артықмашлығы алдында пайдасыз деп санайман. Және де, мен Масийх ушын ҳәмме нәрседен бас тарттым ҳәм Оған ерисип, Оның менен бирге болыў ушын, ҳәммесин сыпырынды деп есаплайман. Енди Мухаддес Нызамды орынлаўым арқалы алатуғын өз ҳақлығыма емес, ал Масийхқа деген исеним арқалы берилетуғын, яғный Қудайдың исенимимизге қарай беретуғын ҳақлығына ийемен. 10Қәне енди, Масийхтың Өзин ҳәм Оның қайта тирилиўиниң күшин билип алсам. Оның азапларына қатнасып, өлимине де шерик болсам. 11Солай етип, түбинде өлимнен қайта тирилиўге ериссем.

Мақсетке жетиўге тырысыў

12Мен буларға әлле қашан ерискеним ямаса жетискеним ушын айтып атырған жоқпан. Ал, Масийх мени қандай мақсет ушын таңлап алған болса, мен сол мақсетке жетиўге тырысып атырман. 13Туўысқанлар, мен өзимди усы мақсетке жеттим деп есапламайман. Тек ғана изде қалғанларды естен шығарып, алдындағыларға умтылып атырман. 14Қудайдың сыйына, Оның Масийх Ийса арқалы аспанға шақырыўына ерисиў ушын, мен белгиленген мақсетке жетиўге тырысып атырман.

15Солай етип, арамыздағы исеними жетискен адамлардың ҳәммеси усы ой-пикирге ийе болсын. Егер сизлер басқаша ойлайтуғын болсаңыз, Қудай сизлерге буны да ашып береди. 16Деген менен, қандай дәрежеге ерискен болсақ, сол дәрежеге сай пикирлеп, сол дәрежеге сай өмир сүрейик.

17Туўысқанларым, ҳәммеңиз бирликте меннен өрнек алыңлар. Бизлердиң сизлерге көрсеткен өрнегимиз бойынша жасап атырғанларға дыққат аўдарып, олардан үлги алыңлар. 18Сизлерге көп мәрте айтқанымдай, ҳәзир де көз жасларымды төгип тәкирарлап атырман: көп адамлар Масийхтың атанақ ағаштағы қурбанлығын қабыл етпей, Оның душпаны болып жасамақта. 19Бундайлардың ақыбети – набыт болыў, олардың қудайы – өз қулқыны. Олар уятсыз қылықлары менен мақтанып, тек бул дүньяның қызығын ғана ойлайды. 20Бирақ, бизиң ўатанымыз аспанда. Бизлер сол жерден Қутқарыўшымыз болған Ийемиз Ийса Масийхтың келиўин күтпектемиз. 21Ҳәмме нәрсени бойсындыра алатуғын қүдирети менен, Ол бизлердиң ҳәлсиз ҳәм өткинши денемизди өзгертип, Өзиниң даңқлы денесине уқсатады.
Copyright information for KaaIBT22C