Proverbs 11
1Жаратқан Ийе жалған тәрезиден жеркенер,Дурыс тәрезиге Оның кеўли толар.
2Менменлик келсе, масқарашылық та келер,
Кишипейиллилер даналық пенен бирге болар.
3Ҳақ нийетлиниң минсизлиги оған жол көрсетер,
Опасыздың сумлығы өзиниң басына жетер.
4Ғәзеп күни байлық пайда бермес,
Әдиллик өлимнен қутқарар.
5Минсиздиң әдиллиги оның жолын дүзиў қылар,
Залым залымлығы себепли қулап түсер.
6Ҳақ нийетлини әдиллиги қутқарар,
Опасызлар өз нәпсиниң торына түсер.
7Залым адам өлгенде, үмити де үзилер,
Сүйенген байлығы да пайдасыз болар.
8Әдил адам бәледен қутылар,
Оның орнына залым сол бәлеге дуўшар болар.
9Қудайсыз жақынын тили менен жоқ қылар,
Әдиллер өз билими менен аман қалар.
10Әдиллер жайнап-жаснаса, қала йошланар,
Залымлар қуласа, қуўаныш пенен бақырысар.
11Ҳақ адамлардың ақ пәтиясы менен қала раўажланар,
Залымлардың аўзы менен ол ўайран болар.
12Ақылсыз жақынын кемситер,
Ақыллы аўзына бек болып жүрер.
13Өсек тасыған сырды ашар,
Садық адам сырды сақлар.
14Қәўендерсиз ел қулар,
Кеңесшиси көп ел жеңер.
15Басқаға кепил болған бәлеге жолығар,
Кепил болыўдан қашқан қәўипсизликте болар.
16Мийримли ҳаял абырайға ерисер,
Тас баўыр еркек тек байлыққа ийе болар.
17Мийримли адам өз жанына жақсылық қылар,
Тас баўыр өзине зыян келтирер.
18Залым алдамшы сый ушын мийнет етер,
Әдиллик себиўши ҳақыйқый сый алар.
19Әдилликти беккем услаған жасар,
Жаўызлыққа умтылған өлер.
20Ҳийлекер жүрекли Жаратқан Ийеге жеркенишли,
Ал минсиз жүргенге Оның кеўли толар.
21Билип қой, жаўыз адам жазасыз қалмас,
Әдилдиң әўлады аман қалар.
22Сулыў, бирақ әдепсиз ҳаял,
Шошқаның мурнына тағылған алтын әребекке мегзер.
23Әдиллердиң тилеги тек жақсылық,
Ал залымлардың күткени – ғәзеп.
24Биреў кең пейиллик пенен шашар, сонда да байлығы арта берер,
Биреў ҳәдден тыс сақ, бирақ жарлылана берер.
25Сақый болған молшылыққа ерисер,
Шөллегенге суў бергенниң өзине де суў берилер.
26Бийдайды жасырғанды халық нәлетлер,
Оны сатқанға пәтия берилер.
27Жақсылыққа талпынған берекет табар,
Жаўызлықты излегенге жаўызлық келер.
28Өз байлығына исенген қулар,
Әдиллер болса жасыл жапырақтай жайнап өсер.
29Хожалығын азапқа қалдырған самалды мийрас етип алар,
Ақылсыз данаға қул болар.
30Әдилдиң мийўеси – өмир тереги,
Дана адам адамларды өзине тартар.
31Егер әдил адамға жер бетинде исине сай қайтарылса,
Онда залымлар менен гүнакарларға сирә да жаза берилер.
Copyright information for
KaaIBT22C