Proverbs 22
1Жақсы атақ үлкен байлықтан жақсы,Жақсы атақ-абырай гүмис ҳәм алтыннан жақсы.
2Бай ҳәм жарлының ортақлығы мынада:
Олардың екеўин де Жаратқан Ийе жаратқан.
3Ақыллы қәўип-қәтерди көрип, бас саўғалар,
Сада алға басып бара берип, зәлел көрер.
4Кишипейиллик ҳәм Жаратқан Ийеден қорқыў ушын берилетуғын сый –
Байлық, даңқ ҳәм өмир.
5Азғынның жолы тикен ҳәм дузаққа толы,
Жанын сақламақшы болған оннан аўлақ жүрсин.
6Баланы жастан туўры жолға сал,
Ол қартайғанда да оннан таймайды.
7Байлар жарлыларға үстемлик қылар,
Қарыздар қарыз бергенге қул болар.
8Наҳақлық қылған апат орар,
Оның ғәзеп қамшысы сынар.
9Сақый адам берекет табар,
Өз нанын жарлылар менен бөлисер.
10Сурбетти қуўсаң, жәнжел де кетер,
Даў ҳәм кейис те тоқтар.
11Жүрек пәклигин сүйетуғын ҳәм жағымлы сөйлейтуғын адамға,
Патша дос болар.
12Жаратқан Ийениң нәзери билимди қорғар,
Опасыздың сөзлерин Ол жоққа шығарар.
13Ериншек: «Далада арыслан бар!
Майдан ортасында мени өлтиреди!» – дер.
14Бузық ҳаялдың аўзы түпсиз шуқырға мегзер,
Жаратқан Ийе кимге ғәзепленсе, ол сол шуқырға қулар.
15Ақылсызлық өспиримниң жүрегинде бар,
Тәрбиялаўшы қамшы оны соннан арылтар.
16Байыў ушын жарлыға жәбир көрсететуғын,
Байға сый беретуғын адам кәмбағалласады.
Даналардың отыз нәсияты
17Даналардың сөзлерин қулақ түрип тыңла,Беретуғын билимиме жүрегиңди аш.
18Оларды жүрегиңде сақласаң,
Ҳәм олар сениң тиллериңде болса, жақсы болады.
19Исенимиңди Жаратқан Ийеге артыўың ушын,
Бүгин буларды саған, аўа, саған үйретип атырман.
20Мәсләҳәт ҳәм билим менен,
Саған отыз нәсият жазбаған ба едим?
21Бул исенимли ҳақыйқат сөзлерин үйрениўиң,
Сени жибергенге дурыс жуўап бере алыўың ушын жазылған емес пе еди?
Биринши нәсият
22Жарлыны жарлылығы себепли тонама,Бахытсызды қала дәрўазасы алдында ҳүким қылғанда қыйнама.
23Олардың исин Жаратқан Ийе жақлар,
Оларды тонағанлардың жанын алар.
Екинши нәсият
24Ашыўшақ адам менен дос болма,Қызба адам менен жолдас болма.
25Болмаса, сен де оған еликлерсең,
Жаныңды дузаққа түсирерсең.
Үшинши нәсият
26Қол берип,Басқаның қарызына кепил болатуғынлардың бири болма.
27Төлеў ушын ҳеш нәрсең болмаса,
Төсегиңди де астыңнан тартып алар.
Төртинши нәсият
28Ата-бабаларың қойып кеткен,Ески шегара белгисин жылжытпа.
Бесинши нәсият
29Өз кәсибиниң маманы болған адамды көрдиң бе?Ол патшаларға хызмет етер,
Әпиўайы адамларға хызмет етпес.
Copyright information for
KaaIBT22C