Proverbs 23
Алтыншы нәсият
1Ҳүкимдар менен дастурханлас болғаныңда,Алдыңдағыларға дыққат пенен нәзер сал,
2Егер қулқыныңды тыя алмасаң,
Аўзыңды буўып қой.
3Оның дәмли тағамларын кеўлиң күсемесин,
Ол ҳийле менен берилген болыўы мүмкин.
Жетинши нәсият
4Бай болыў ушын өзиңди зорықтырма,Бул ойыңды шығарып таслайтуғын даналыққа ийе бол.
5Байлық көз ашып-жумғанша жоқ болар,
Қанат байлап, бүркит киби аспанға ушып кетер.
Сегизинши нәсият
6Иши тардың үйинен ас ишпе,Оның мазалы тағамларын да күсеме.
7Ол жеген ҳәр бир нәрсеңди есаплап турар,
«Иш, же», – дер саған, бирақ жүреги буны қәлемес.
8Жеген аз-маз нәрсеңди қусып тасларсаң,
Айтқан жақсы сөзлериң де босқа кетер.
Тоғызыншы нәсият
9Ақмаққа сөз айтпа,Ол сениң дана сөзлериңди менсинбейди.
Оныншы нәсият
10Ески шегара белгисин жылжытпа,Жетимниң атызына қол салма.
11Олардың Әмеңгери күшли,
Ол саған қарсы шығып, олардың исин жақлар.
Он биринши нәсият
12Жүрегиңди тәлимге,Қулағыңды билимли сөзлерге бер.
Он екинши нәсият
13Баланы тәрбиясыз қалдырма,Оны қамшы менен жазаласаң да, өлмейди.
14Оны қамшы менен жазала,
Жанын өлилер мәканынан қутқарарсаң.
Он үшинши нәсият
15Балам, егер жүрегиң дана болса,Мениң жүрегим де шадланар.
16Аўзың дурыс сөйлесе,
Қәлбим йошланар.
Он төртинши нәсият
17Жүрегиң гүнакарларға ҳәўес қылмасын,Бәрқулла Жаратқан Ийеден қорқып жаса.
18Сонда келешегиң болатуғыны гүмансыз,
Үмитиң де босқа шықпас.
Он бесинши нәсият
19Тыңла балам, дана бол,Жүрегиңди туўры жолға бағытла.
20Мәскүнем ҳәм гөшке тоймайтуғынлар арасында болма.
21Мәскүнем ҳәм тамақсаў адам жарлыланар,
Уйқышыллық адамға жыртық кийим кийгизер.
Он алтыншы нәсият
22Сени дүньяға келтирген әкеңе қулақ сал,Қартайғанында анаңды менсинбей жүрме.
23Ҳақыйқатты сатып ал, оны сатпа,
Даналық, тәлим ҳәм ақылға ийе бол.
24Әдилдиң әкеси шадланады,
Дана баласы бар әке ол ушын қуўанады.
25Әкең ҳәм анаң қуўансын,
Сени туўған қатты шадлансын!
Он жетинши нәсият
26Балам, жүрегиңди маған бағышла,Көзлериң мен жүрген жолда болсын.
27Бузық ҳаял – терең шуқыр,
Өзгениң ҳаялы – тар қудық.
28Ол қарақшыдай буққыда күтер,
Бийопа еркектиң санын көбейтер.
Он сегизинши нәсият
29Аҳ шеккен ким? Дад салған ким?Кимде жәнжел? Кимде шағым?
Кимге себепсиз көк түскен?
Кимниң көзлери қызарған?
30Буның бәри шарап ишип көп отыратуғынларда,
Аралас шарапларды татып көриўге барғанларда болар.
31Шараптың қызарғанына,
Кеседе таўланып турыўына,
Жумсақ жутылыўына қарама!
32Ақыбетинде ол жылан киби шағар,
Сур жылан киби уўын шашар.
33Көзлериңе ерси нәрселер көринер,
Ойыңнан жаман пикирлер өтер.
34Сен теңиздиң қақ ортасында қайықта,
Өрлик ағашының үстинде жатырғандай боларсаң.
35«Мени урды, аўырмады,
Сабады, маған сезилмеди,
Және ишимликти излеў ушын,
Қашан оянаман?» – дерсең.
Copyright information for
KaaIBT22C